Хабарыңыз бар, Жаслар ислери агентлиги Хожели районы бөлими тәрепинен “Жас сайлаўшыман” атамасында видеороликлер таңлаўы жәрияланған еди. Таңлаўда сайлаў процеслерине бийпарық болмаған жаслар өз белсендилигин көрсетти ҳәм жеңимпазлар анықланды.
Күни кеше, 21-октябрь күни Хожели районы ҳәкими Ж.М.Ермашев таңлаў жеңимпазлары менен ушырасып, жеңимпазларды мүнәсип сыйлықлады. Онда, Самарқанд ветеринария медицина институты Нөкис филиалы сыйлы 1-орынды, Нөкис мәмлекетлик педогогика институты студенти Т.Елмуратов 2-орын ҳәм А.Курбанбаева 3-орынды ийелегени ушын район ҳәкими диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.
✍️ @abatdaniyarov

🔴#live
#Нөкис_районы
Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы Нөкис районында даўам етпекте.

#Nókis
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың жас сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.
Ушырасыўды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил А.Данияровты таныстырып, сөз берди.
Исенимли ўәкил А.Данияров дәслеп, жас сайлаўшыларды Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.
Соңғы бес жыл даўамында жоқары билимлендириў бағдарында әмелге асырылған реформалар, әсиресе жоқары билимлендириў бағдарындағы түп бурылысларды турмыслық мысаллар менен атап өтпекте.
✍ @abatdaniyarov

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:
- Алдынлары, инвестиция сөзин китапларда оқыйтуғын едик. Бүгинги күнде әмелде көрип атырмыз.
Ендигиден былай, кадрлар жумысқа таңлаў тийкарында қабылланады. Себеби, жоқары билимлендириўдиң көлеми артып атырғаны ушын жәмийетке керекли жоқары мағлыўматлы кадрлар көбейеди. Сонлықтан, кадрлар арасында өз-ара бәсеки күшейеди. Ҳәр бир жас бәсекиде ең алдынғы қатарларда турып, жәмийетте өз орнын табыў ушын билимли, илимли болыўы керек.

- Бүгинги ушырасыўға киятырып, тек ғана қосық оқып кетемен деп ойлап едим. Исенимли ўәкилдиң соңғы бес жылда мәмлекетимизде халық ушын, халық мәпи, қәдири ушын әмелге асырылған реформаларын бүгинги күндеги әмелдеги көринисин турмысымыздағы мысаллар менен салыстырмалы түрде айтып бергени мениң бес жыл алдын басшы лаўазымларда ислеп жүрип жумысшылар, хызметкерлеримиз, педагог кадрларымыздың мәжбүрий мийнеттен қыйналғанлығы ериксиз есиме түсти, -деди шайыра Гүлистан Дәўлетова.
Шайыра алдынлары газета журналларға жазылыў, металлом, пахта мапазында жазған төртликлерин оқып берди ҳәм ҳүрметли әмелдеги Президентимиздиң машақатлы мийнет жолына бағышлап жазған "Президент мырза" атлы қосық қатарларын бәршениң нәзерине усынды.

✨Бүгин, 24-октябрь – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы күни.
Таң азаннан, шаңарақ ағзаларымыз бенен биргеликте 15-сайлаў участкасында даўыс бердик.
Сайлаў участкасына кимдур асығыслық пенен, кимдур байрам кейпияты менен киятырғанын көрип, жүдә қуўандым. Халқымыз – сиясый процеске бийпарқ емес.