Daniyarov Abatbay Saparbaevich
250 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
#Taxtakópir

Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.

Илажды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм алып барды.

Исенимли ўәкил Абат Данияров сөзге шығып, бәршени Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмири ҳәм машақатлы мийнет жолы менен таныстырды. Сондай-ақ, өткен бес жылда әмелге асырылған реформалар атап өтилип, келеси бес жылда ҳүрметли Ш.Мирзиёев тәрепинен илгери сүрилип атырған "Инсан қәдири ушын" принципине тийкарланған бағдарламаның әҳмийети түсиндирилди.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қараөзек районындағы Кәсип өнер мектебинде исенимли ўәкил А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

Ушырасыўда исенимли ўәкил Абат Данияров топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң мийнет жолы ҳәм келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.

- Бүгинги күнде, оқыўшылар металлом ҳәм макулатура жыйнамайды.Оқытыўшылар көше сыпырмайды, пахтаға бармайды, газета журналларға мәжбүрий жазылыў тоқтатылды. Әмелдеги Президентимиздиң халықшыл сиясаты нәтийжесинде мәжбүрий мийнетке шек қойылды, -дейди исенимли ўәкил.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Алдын республикамызда жоқары билимлендириўге қамтыў 9 процентти қурайтуғын еди. Ал, ҳәзир соңғы бес жылда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде 28 процентке жетти. Алдағы бес жылда 50 проценике көтериў жобаластырылған.


✍️ @abatdaniyarov
#Qaraózek

Ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov
⚡️"Qoraqalpoǵiston tongi" газетасының 2021-жыл 16-октябрь күнги саны

@abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

Әйне мәўритлерде, Шымбай районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде
Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың аймақтағы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Алдынлары хызмет сапары менен районларға барғанымда, аянышлы жағдайлардың гүўасы болар едик. Исши топар менен колледжлерге барсақ, оқытыўшылар оқыўшылардың колледжге келмеслигинен қыйналар еди. Қатнас мәселесинде тексергенимизде, бир топардағы балалар санын санап болғанымыздан соң, екинши этажға бизлер көтерилемен дегенше, төменги этаждағы оқыўшылар бизден алдын кирип үлгерген болар еди. Дурыс, барлық оқыўшыларды бир көргеннен есте сақлап қалыў қыйын. Бирақ, ҳәр аудиторияда бир-бирине уқсас оқыўшылар итибарды тартар еди. Буған, оқытыўшылар айыплы емес еди. Олар мәжбүр болар еди.

Мине усындай машқалаларды жоқ етиў мақсетинде әмелдеги Президентимиз басламасы менен колледжлер искерлиги сапластырылып, 11 жыллық тәлимниң қайта тиклениўи, жасларды жоқары билимлендириўге қамтыў дәрежесиниң сезилерли дәрежеде көбейиўи билимлендириў тараўында түп бурылысларға себеп болмақта.

✍️ @abatdaniyarov