#ХОШ_ХАБАР
🔥Кегейлиде "Жаслар орайы"ның ирге тасы қаланды
Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 4-майдағы “2021-2022-жылларда Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаржы ажыратыў ҳаққында” ғы 327-санлы қарары қабыл етилген болып, сол тийкарда быйыл Кегейли районында "Жаслар орайы" имараты қурылыўы жобаластырылған.
Бүгин, райондағы "Нурлы бостан" МПЖ аймағында заманагөй типте қурылыўы режелестирилген "Жаслар орайы"ның ирге тасын қойыў илажы өткерилди.
Илажда Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров, Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшылары қатнасып, уламалар ҳәм жасы үлкен нураныйлер менен биргеликте басланып атырған истиң қайырлы болыўын, жаңа бой тиклеўи режелестирилген дәргайдан қәбилетли жаслар жетилисиўин тилеп ирге тасын қойды.
✍ @abatdaniyarov

#Taxtakópir
Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.
Илажды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм алып барды.
Исенимли ўәкил Абат Данияров сөзге шығып, бәршени Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмири ҳәм машақатлы мийнет жолы менен таныстырды. Сондай-ақ, өткен бес жылда әмелге асырылған реформалар атап өтилип, келеси бес жылда ҳүрметли Ш.Мирзиёев тәрепинен илгери сүрилип атырған "Инсан қәдири ушын" принципине тийкарланған бағдарламаның әҳмийети түсиндирилди.
✍️ @abatdaniyarov

🔴#live
#Qaraózek
⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қараөзек районындағы Кәсип өнер мектебинде исенимли ўәкил А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.

Ушырасыўда исенимли ўәкил Абат Данияров топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң мийнет жолы ҳәм келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.
- Бүгинги күнде, оқыўшылар металлом ҳәм макулатура жыйнамайды.Оқытыўшылар көше сыпырмайды, пахтаға бармайды, газета журналларға мәжбүрий жазылыў тоқтатылды. Әмелдеги Президентимиздиң халықшыл сиясаты нәтийжесинде мәжбүрий мийнетке шек қойылды, -дейди исенимли ўәкил.

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:
- Алдын республикамызда жоқары билимлендириўге қамтыў 9 процентти қурайтуғын еди. Ал, ҳәзир соңғы бес жылда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде 28 процентке жетти. Алдағы бес жылда 50 проценике көтериў жобаластырылған.