Daniyarov Abatbay Saparbaevich
249 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔴#live
#Shomanay
#fotoreportaj

Сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Xojeli

Хожели районындағы "Жайҳун" ШФЙ аймағындағы 26-санлы улыўма билим бериў мектебинде Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў илажы өткерилмекте.

Ушырасыўда исенимли ўәкил Абат Данияров сайлаўшыларды дәслеп, Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм машақатлы мийнет жолы менен таныстырды. Соң, әмелге асырылған реформалар турмыслық мысаллар менен атап өтилмекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Xojeli

- Ҳәзир, оқытыўшылар көше сыпырмайды, оқыўшылар металлом ҳәм макулатура жыйнамайды. Әмелдеги Президентимиздиң турмысымызға енгизген инсан мәплерине хызмет етиўши жаңа механизми нәтийжесинде мәжбүрий мийнетке шек қойылды.
Шегарамыздағы әскерлер минут емес, секунд уйықламастан қәўипсизлигимизди тәмийинлемекте. Егерде, Сурхандәрья ўәлаятында танысларыңыз болса шегарадағы жағдайды сорасаңызлар, шегарадан төрт адым қәдем басса аҳўал қандай екенлигин еситесизлер. Ол жақта аҳўал жүдә аўыр екенлигин, социаллық тармақлардағы видеокөринислерден де көрсеңиз болады.

Бүгинги тынышлығымыз Ш.Мирзиёевтиң армиямызға деген айрықша итибарының нәтийжеси.Кеширесизлер, әмелдеги Президентимиз ўақтында армиямызға күш салмағанында Талибан ҳәрекети алдымызда турар еди.

Ол инсанның күшли сиясый ғайраткер, халықшыл екенлигин бүгинги абат ҳәм пәраўан турмысыз дәлийлеп береди.

Президентимиздиң басламаларының, халықтың тынышлығы ушын әмелге асырған ийгиликли ислериниң сан санағы жоқ, -дейди А.Данияров

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Taqıyatas

Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы Тақыятас районы "Найманкөл" аўыл пуқаралар жыйынында даўам етпекте.

Исенимли ўәкил аймақ сайлаўшыларын Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.

- Хабарыңыз бар, ҳүрметли әмелдеги Президентимиз ең дәслеп сайлаўалды ушырасыўын Қарақалпақстаннан баслады. Бозатаўда болып өткен ушырасыўда:

- Мениң бара алмаған аймақларыма, Қарақалпақстанның барлық шетки аймақларына барып пикир усынысларын тыңла, кейинги бес жылда әмелге асыратуғын реформаларымыздан хабардар ет, -деп исеним билдирген еди. Мине, усыннан аңлаў қыйын емес ол инсанның пүткил халқымыздың дәрти менен жасайтуғын халықшыл екенлигин.
Мине, бүгин Тақыятас районы аймақларына төртинши мәрте келиўимиз. Ҳәр сапар, халықтың усынысларын тыңлаў мақсетинде барлық аймақларды қамтыўға ҳәрекет етип атырмыз, -дейди исенимли ўәкил А.Данияров.


@abatdaniyarov
🔴#live
#Taqıyatas

🎤 Исенимли ўәкил А.Данияров:

- Бәршеге мәлим, әмелдеги Президентимиз жақында Түркменстан Президенти менен ушырасыўында өз-ара меморандум имзалады. Онда 23 ҳүжжет қабылланып, қарарлар қабыл етилди.

Еки мәмлекет Президенти ушырасыўын туўрыдан-туўры эфир арқалы бақлап барғанымызда ҳүрметли Ш.Мирзиёев:

- Биз өз товарларымызды теңиз арқалы Европа мәмлекетине алып шығыўға келистик,- деген еди.

Бул дегени, енди Қарақалпақстан товарларын, Найман алмаларын сырт еллерде жүрип алыў имканиятына ийе боламыз.

@abatdaniyarov