Daniyarov Abatbay Saparbaevich
255 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
⚡️Халық саны бойынша Қарақалпақстан 10-орында

2021-жылдың 1-октябрь жағдайына бола, Қарақалпақстан Республикасы халқы саны 1 968 268 адамды қурамақта. Бул көрсеткиш пенен Республикамыз Өзбекстан бойлап халық саны бойынша 10-орынды ийелемекте.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда халық саны ҳәр күни орташа дерлик 2 мың адамға көбеймекте.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Shomanay

Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил Абат Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы Шоманай районындағы "Мамый" аўыл пуқаралар жыйынында даўам етпекте.

Илажды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил А.Данияровқа сөз берди.

Сайлаўшылар Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы менен таныспақта.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Shomanay

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

- Мине биз турған "Мамый" аўыл пуқаралар жыйыны "Абат аўыл" мәмлекетлик бағдарламасына киритилип, бул имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы, аймақта автомашина ҳәм пиядалар жолларының оңланыўы, 11-санлы МШБМ алдына балалар майданшасының қурылыўы, пуқаралардың өз-ара байланысын жақсылаў мақсетинде шийше талшықлы кабеллериниң толық тартылыўы, мектеплердиң жаңа заманагөй инвентарлар менен тәмийинлениўи, қайта реконструкцияланыўы соңғы бес жылда ҳүрметли әмелдеги Президентимиз тәрепинен илгери сүрилген халықшыл сиясатының жемиси.


@abatdaniyarov
🔴#live
#Shomanay
#fotoreportaj

Сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Xojeli

Хожели районындағы "Жайҳун" ШФЙ аймағындағы 26-санлы улыўма билим бериў мектебинде Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў илажы өткерилмекте.

Ушырасыўда исенимли ўәкил Абат Данияров сайлаўшыларды дәслеп, Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм машақатлы мийнет жолы менен таныстырды. Соң, әмелге асырылған реформалар турмыслық мысаллар менен атап өтилмекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Xojeli

- Ҳәзир, оқытыўшылар көше сыпырмайды, оқыўшылар металлом ҳәм макулатура жыйнамайды. Әмелдеги Президентимиздиң турмысымызға енгизген инсан мәплерине хызмет етиўши жаңа механизми нәтийжесинде мәжбүрий мийнетке шек қойылды.
Шегарамыздағы әскерлер минут емес, секунд уйықламастан қәўипсизлигимизди тәмийинлемекте. Егерде, Сурхандәрья ўәлаятында танысларыңыз болса шегарадағы жағдайды сорасаңызлар, шегарадан төрт адым қәдем басса аҳўал қандай екенлигин еситесизлер. Ол жақта аҳўал жүдә аўыр екенлигин, социаллық тармақлардағы видеокөринислерден де көрсеңиз болады.

Бүгинги тынышлығымыз Ш.Мирзиёевтиң армиямызға деген айрықша итибарының нәтийжеси.Кеширесизлер, әмелдеги Президентимиз ўақтында армиямызға күш салмағанында Талибан ҳәрекети алдымызда турар еди.

Ол инсанның күшли сиясый ғайраткер, халықшыл екенлигин бүгинги абат ҳәм пәраўан турмысыз дәлийлеп береди.

Президентимиздиң басламаларының, халықтың тынышлығы ушын әмелге асырған ийгиликли ислериниң сан санағы жоқ, -дейди А.Данияров

✍️ @abatdaniyarov