Zaman.uz|Rásmiy kanal️ ️
368 subscribers
6.01K photos
301 videos
31 files
3.73K links
zaman.uz сайтының рәсмий каналы
Download Telegram
❗️Ертең – 21-октябрь байрам, бирақ дем алыс күни емес.

Мийнет кодексиниң 131-статьясына муўапық, байрам (жумыс исленбейтуғын) күнлерге төмендегилер киреди:

1) 1-январь — Жаңа жыл;
2) 8-март — Ҳаял-қызлар күни;
3) 21-март — Наўрыз байрамы;
4) 9-май — Еслеў ҳәм қәдирлеў күни;
5) 1-сентябрь — Ғәрезсизлик күни;
6) 1-октябрь — Муғаллимлер ҳәм устазлар күни;
7) 8-декабрь — Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни;
8) Ораза ҳайыт (Ийд ал-Фитр) диний байрамының биринши күни;
9) Қурбан ҳайыт (Ийд ал-Адҳа) диний байрамының биринши күни.

@zamanuz
Елликқалада карантин қағыйдаларына әмел етпестен өткерилген той бойынша ЖҲҚБ рәсмий мағлыўмат берди


https://zaman.uz/2382-z.html

@zamanuz
Қарақалпақстан Республикасындағы кадастр тараўындағы соӊғы жаӊалықлар, аукционға қойылған исбилерменлик ушын ҳәм жеке тәртиптеги турақ жайлар ушын бос жер участкалары ҳаққында мағлыўматларды билиўди қәлесеӊиз https://t.iss.one/qrkadastr телеграм каналына ағза болыӊ.

Бул жерде сиз мағлыўматларды инфорграфика, видео, сораў-жуўап ҳәм басқада форматлар арқалы оқып барасыз.

Сиз ушын бул әлбетте күнделикли турмыста зәрүр болған мағлыўматларға айланады.

Сондай-ақ, енди кадастр жаӊалықларын instagram, facebook, youtube тармақлары арқалы да бақлап барыўыӊызға болады.

@zamanuz
Жақын үш күн ишинде планетамыз әтирапынан 20дан артық астероид ушып өтеди

https://zaman.uz/2383-z.html

@zamanuz
Forwarded from QARAQALPAQSTAN KADASTR
Беруний районында исбилерликти жүритиў ушын аукционға қойылған жер участкалары

1) «Абай» АПЖ басланғыш баҳасы 2 635 914.00 сум (көриў)
2) «Даслық» АПЖ басланғыш баҳасы 2 599 332.00 (көриў)
3) «Алтынсай» АПЖ басланғыш баҳасы 2 458 644.00 (көриў)
4) «Азат» АПЖ басланғыш баҳасы 3 224 744.00 (көриў)

Райондағы исбилерменликти жүритиў ушын аукционға қойылған басқа жер участкалары 👇👇👇👇👇
https://e-auksion.uz/lots?29

#Социаллық_тармақларда
📲 📲 📲 💻
TelegramFacebookInstagramYoutube
Қарақалпақ эстрада қосықшысы Махсет Өтемуратов COVID-19 дан саўалды

Бул ҳаққында М.Өтемуратов өзиниң facebook бетинде жәриялады.

Қосықшы өз хабарында дөретишилик жумысларын даўам етиўин еслетип өткен.

Мағлыўмат ушын, қосықшы 5-октябрь күни Республика жуғымлы кеселликлерге қарсы гүресиў емлеўханасына жатқызылған еди.

(Еслетип өтемиз бул пост М.Өтемуратовтың рухсаты менен жәрияланбақта.

Махсет Өтемуратов наўқас сыпатында кеселликтен саўалыўда тынымсыз мийнет еткен медицина тараўындағы барлық хызметкерлерге өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирмекте ҳәм барлық наўқаслардың тез арада саўалып шығыўына тилеклеслигин билдирди.

@zamanuz
Спиртли ишимлик ишип мәс ҳалда жәнжеллескен пуқаралар суд залында жарасты

https://zaman.uz/2384-z.html

@zamanuz
Бозатаў районы ҳəкимлиги бос турған жумыс орынлары ушын ашық таңлаў жəриялайды!

Ɵзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мəмлекетлик хызметлерди раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан филиалы Бозатаў районы ҳəкимлиги менен биргеликте “Бас юристконсульт” лаўазымы ушын ашық таңлаў жəриялайды.

Талабанлар төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:

• Жоқары мағлыўматлы.
• Ɵзбекстан Республикасының пуқарасы.
• Мəмлекетлик тилди жетик билиўи.

Жумыс шараятлары:

• Жумыс ўақты: дүшемби, сийшемди, сəршемби, пийшемби, жума.
• Дем алыс күнлери: шемби, екшемби
• Жумыс сааты: 09:00 ден 18:00 ге шекем

Таңлаўда қатнасыў нийетинде болған талабанлар Мəмлекетлик хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң “Мəмлекетлик пуқаралық хызметкерлери вакант лаўазымлары бирден-бир ашық порталы” (https://vacancy.argos.uz/)дан дизимнен өтиўи, Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районы ҳəкимлигинде бар болған бос жумыс орнын таңлап, соралған ҳүжжетлерди электрон түрде усыныўы зəрүр.

Арза ҳəм керекли ҳүжжетлер 2020-жылдың 20-октябрь сəнесинен – 3-ноябрға шекем қабыл етиледи.

Таңлаў төмендеги басқышларда өткериледи:

1-басқыш – ҳүжжетлерди қабыллаў;
2-басқыш – талабанлардың вакант лаўазымларына қойылатуғын ис стажы талапларына муўапықлығын үйрениў;
3-басқыш – test.argos.uz системасында тест тапсырып, жоқары балл алған талабанлар менен сəўбет өткериў;
4-басқыш – талабанды жумысқа қабыл етиў бойынша усыныс бериў.
Арза ҳəм ҳүжжетлерди қабыл етиў мүддети өткеннен кейин жиберилген арза ҳəм ҳүжжетлер қабыл етилмейди.

Мағлыўмат ушын телефон: (861) 415 36 14

Район ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети
@zamanuz
🚙 Škoda Kodiaq’тың Өзбекстандағы бахасы белгили болды

Өзбекстанда Škoda Kodiaq автомобиллериниң сатылатуғыны ҳаққында мәлим етилген еди. Пайтахтымызда бул моделдеги автомобиллердиң көргизбеси болып өтти.

Škoda Kodiaq’тың қосымша опцияларға ийе моделлери мәмлекетимизде Россия ҳәм Қазақстандағы бахалардан жоқары болмайтуғыны айтылды. Соның ишинде, автомобиль еки литрли турбодвигателлерге (2.0 Turbo) ийе болатуғыны атап өтилди.

Автомобиллерди еки комплектацияда сатып алыўға болады:

5 орынлы Ambition (7 түрли реңде) – 347 млн сум.
7 орынлы Style (2 түрли реңде) – 349 млн сум.

@zamanuz
Шымбайдағы «ZANG TEX» текстиль фабрикасында жылына 4 мың тонна ийирилген жип ислеп шығарыў жолға қойылады

https://zaman.uz/2386-z.html

@zamanuz
Өзбасымшалық менен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериў бойынша өткерилген бир мәртелик акцияда қатнаспаған пуқаралар ушын
СОЦИАЛЛЫҚ СОРАЎНАМА
👇👇👇
https://ygk.uz/uz/eform/submit/461-opros-form

@zamanuz
Өгей қызын урған әкеге ашылған жынаят иси суд залында жарасқанлык мунәсибети менен тамамланды

https://zaman.uz/2387-z.html

@zamanuz
Жумыссызлық напақасы муғдарлары асырылады

https://zaman.uz/2389-z.html

@zamanuz
Республикамыздың бес районында жеке тәртипдеги турақ жай қурыў ушын аукционға қойылған бос жер участкалары ҳаққында

https://zaman.uz/2388-z.html

@zamanuz
И.В.Савицкий музейиниң 1-блок имараты 22-октябрден баслап ўақтынша жабылады

https://zaman.uz/2390-z.html

@zamanuz
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң сыртқы бөлим, екинши қәнигелик ҳәм оннан кейинги тәлим бағдарларына болып өткен имтихан нәтийжелери жәрияланды.

@zamanuz
Коррупцияға қарсы гүрес - баслы мақсетимиз

https://zaman.uz/2391-z.html

@zamanuz
Қарақалпақстан Республикасындағы кадастр тараўындағы соӊғы жаӊалықлар, аукционға қойылған исбилерменлик ушын ҳәм жеке тәртиптеги турақ жайлар ушын бос жер участкалары ҳаққында мағлыўматларды билиўди қәлесеӊиз https://t.iss.one/qrkadastr телеграм каналына ағза болыӊ.

Бул жерде сиз мағлыўматларды инфорграфика, видео, сораў-жуўап ҳәм басқада форматлар арқалы оқып барасыз.

Сиз ушын бул әлбетте күнделикли турмыста зәрүр болған мағлыўматларға айланады.

Сондай-ақ, енди кадастр жаӊалықларын instagram, facebook, youtube тармақлары арқалы да бақлап барыўыӊызға болады.

@zamanuz
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы төмендеги бос жумыс орынларына таӊлаў өткерилиўи ҳаққында
ДАҒАЗА жәриялайды

Толық➡️https://bit.ly/3dN4DZQ

@zamanuz
Zaman.uz|Rásmiy kanal️ ️
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң сыртқы бөлим, екинши қәнигелик ҳәм оннан кейинги тәлим бағдарларына болып өткен имтихан нәтийжелери жәрияланды. @zamanuz
ҚМУ екинши қәнигеликке кириў ушын өткерилген имтихан нәтийжелеринен наразы абитуриентлер 24 саат даўамында мүрәжат етиўи мүмкин


Абитуриентлер тәрепинен кириў имтихан нәтийжелери бойынша жоқары оқыў орны ректоры тәрепинен тастыйықланған комиссиясына нәтийжелер жәрияланған күннен баслап 24 саат даўамында мүрәжат етиўи мүмкин.

Мүрәжат мазмуны абитуриент тек ғана өзиниң кириў имтиханы нәтийжелеринен алған баллары ҳаққында болса ғана қабыл етиледи, бирақ басқа абитуриентлердиң нәтийжелери ҳаққында жазылған шағым арзалары қабыл етилмейди ҳәм көрип шығылмайды.

Имтихан нәтийжелери 21-октябрь куни саат 18.00де жарияланды.

Дерек: karsu.uz

@zamanuz
Қуўраған жапырақлар, пластик ыдыслар, полиэтилен пакетлер жағылғанда «зәҳәрли коктейль» пайда болады

https://zaman.uz/2392-z.html

@zamanuz