Yurist Awezbekov
582 subscribers
122 photos
14 videos
4 files
377 links
Ҳуқықтаныўшы Абдибек Аўезбековтың телеграм каналына хош келдиңиз!

Байланыс ушын: @Awezbekov_abdibek
Тел: +99893-099-22-11
Download Telegram
❗️Аймақларды тазалаў ислерине кимлер жуўапкер

👉 абаданластырыў объектлерине - қала ҳәм район абаданластырыў басқармалары;

👉 көп квартиралы үйлер әтирапында - жеке үй-жай мүлкдарлары ширкетлери яки басқарыўшы шөлкемлер;

👉 жеке тәртиптеги турар жай үйлери ҳәм шөлкемлердиң жерлеринде - физикалық ҳәм юридикалық шахслар;

👉 автомобил жоллары ҳәм жасалма жол имаратларында ажыратылған жерде - усы объектлерге хызмет көрсетиўши шөлкемлер;

👉 темир жолларда ажыратылған жерде - темир жол шөлкемлери;

👉 базарлар аймағы ҳәм оларға тутас аймақларда - базарлар администрациясы;

👉 жәмийетлик транспорты бәндиргилеринде жайласқан ўақтыншалық саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлеринде - объект ийелери

👉 саўда дүкәнлары яки басқа саўда орынларына, көшпели шахабшаларға тутас аймақларда 5 м радиуста - сол тараўдағы хожалық жүритиўши субъектлер тәрепинен әмелге асырылады.

❗️Тийкар: Мининстрлер Кабинетиниң 02.10.2018 жылдағы 787-санлы қарары

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Қонсысынан көшип кетиўди талап қылыў нызамлыма?

Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик нызамшылықта қоңсылардың қандайда бир себеп пенен қарама-қарсылықларға барыўы айрықша қылмыс сыпатында квалификация қылынбайды, бирақ келип шыққан ақыбетлерге қарап бир неше ис-ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик нәзерде тутылған.

Конституцияда ҳәр ким еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына, ҳәр ким өз қәдири ҳәм абыройына қылынған басымлардан, жеке өмирине араласыўдан қорғаныў ҳәм турақ жайы қол қатылмаслығы ҳуқықына ҳәмде Өзбекстан Республикасы пуқаралары Өзбекстан аймағында бир орыннан екинши орынға көшиў, Өзбекстан Республикасына келиў ҳәм оннан шығып кетиў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленген.

Қоңсыға қарата көшип кетиўди талап қылыў әмелдеги нызамшылыққа пүткиллей қайшы есапланады, қоңсы-қобалар менен тыныш-татыўлықта жасаў жәмийеттиң ҳәр бир ағзасының пуқаралық миннети есапланады.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Диплом керекпе?

Бул сораўға ҳәркимде ҳәрқыйлы көз-қарас бар. Мен сол орында жеке пикиримди айтып өтпекшимен. Ҳәрбир инсанның өз алдына қойған мақсетлери, нийет еткен кәсиби болады. Сол нийет еткен кәсибин ийелеў ушын оқыйды, изленеди, соған қарап талпынады ҳәмде өзиниң сүйген кәсибиниң маманы болыў ушын жоқары оқыў орнына тапсырады. Дурыс жоқары оқыў орнына тапсырыўдан тийкарғы мақсети диплом алыў болады. Бирақ сол мақсетти әмелге асырыў ушын оқыйды, изленеди, талпынады. Көпшилик тараўлаға диплом әлбетте керек. Мысал ушын ҳуқық тараўын алып қарайтуғын болсақ бул тараўды ҳешқандай оқыў курслары яки болмаса әмелий тәжирийбелер менен үйренип болмайды. Бул тараўды толық үйрениў ушын тәжирийбели устазлардың билими, теориялық билим ҳәм көнликпелер сондай-ақ өндирислик әмелият арқалы терең үйрениўге болады жәнеде медицина тараўын алып қарасақта буныда ҳеш қандай оқыў орайларында 6 айлық, 1 жыллық курсларды оқығанларға жаныңызды гиреўге қоя алмайсызғо солай емеспе?

Көпшилик айтады миллардерлердиң көпшилиги жоқары мағлыўматлы емес деп. Ҳешқандайда ондай емес миллардерлердиң 80% нен асламы жоқары мағлыўматлы есапланады. Және де миллардерлердиң көпшилиги оқыўын таслап кеткен деўшилерде арамызда жийи гезлеседи. Бирақ олар оқыўын таслап кеткени менен, айырым адамларға уқсап диванда жатып тик-ток, инстаграмларда керек емес нәрселерди көрмей өз үстинде ислеп, өзин-өзи оқытқан адамлар есапланады. Соның ушын ҳешкимге еликлеўге болмайды.

Бирақ айырым тараўларды оқыў курсларында үйрениўге болады. Мысал ушын IT тараўын. Ең баслысы адамда қәлеў болыў керек. Ата-ананың жақын адамлардың қысымы, қәлеўи тийкарында оқымаў керек деп есаплайман тек ҳәр ким өзи қызыққан келешегин сол тараўда көре алатуғын тараўды таңласа мақсетке муўапық болады деп есаплаймыз.

Мен бул сөзлерим арқалы оқыған яки оқымаған деп ажыратпақшы емеспен. Қайсы тараўда қандай жумыста ислесекте адамларға пайдасы тийсе соның өзи жеткиликли. Тек ислеген исимиз ҳадал болса болды. Не ислейжақ болсаңызда тек ғана Алладан сораң бендесинен емес. Тек Алла сол исиңизге бендени себепши қылыўы мүмкин болғаны.
Алла бәршемиздиң илимимизди зияда қылсын

👉 Юрист Ауезбеков 👈
❗️Өзбекстанда ҳәзирги ўақытта АҚШ долларының рәсмий курсы 12 129.99 сум.

Өйтип ҳаўлыға бермеңлер
🏣"Бақша пулы" бойынша кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм бағыўшысын жоғалтқан ҳаяллардың балалары ушын жеңилликлер бар 👇

📝 "Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм мектеп-интернатындағы балалар тәмийнатына ҳақы төлеў тәртиби ҳаққындағы" режеде төмендегилер белгиленген:

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериндеги балалар улыўма санының 15 проценти шеңберинде "Социаллық қорғаў бирден-бир реестри" информация системасы арқалы кем тәмийинленген деп табылған шаңарақлар перзентлери төлемнен азат қылынады.

✔️ Бунда, биринши нәўбетте ата-аналарынан бири яки екеўиде I яки II топар майыплығы болған кем тәмийинленген шаңарақ перзентлерине, сондай-ақ, орташа айлық жәми дәраматы ең төмен дәрежеде болған кем тәмийинленген шаңарақ перзентлерине жеңиллик бериледи.

☑️ Бағыўшысын жоғалтқан ҳаяллардың перзентлери 15% берилетуғын квотаға қарамастан ата-аналар төлеминен азат қылынады.

📃 Төлемнен азат қылынатуғын балалар дизими ҳәр оқыў жылының 25-сентябрь күнине шекем тийисли мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми басшысының буйрығы менен тастыйықланады.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Қызықлы фактлер

Самсунг компаниясы тәрепинен ислеп шығылған компьютер тышқаншасы (Самсунг Балансе Моусе), белгиленген нормадан көп жумыс ислесеңиз, жумыс столыңыздан қашып кетеди https://www.instagram.com/reel/CiMXXapjqRM/?igshid=MDJmNzVkMjY%3D

🥱 Бизиң Өзбекстан шараятына мас келмейтуғын шығар)) Көз алдыңызға келтириң, жумыс ўақты тамамланғаннан соң ҳәмме хызметшилер тышқаншаны қуўып жүрипти 😊)))

⚠️ Дерлик көплеп шөлкемлерде әмел қылынбасада, МК 182-статьясын еслетип өтемиз:
Хызметши ушын жумыс ўақтының нормал мүддети ҳәптесине 40 сааттан артық болыўы мүмкин емес.
Алты күнлик жумыс ҳәптесине ҳәр күнги жумыстың мүддети 7 сааттан, бес күнлик жумыс ҳәптесинде болса 8 сааттан артық болмаўы лазым.


👉 Юрист Ауезбеков 👈
Ишки ислер органларында хызметке кимлер алынады?

Ишки ислер органларында хызметти өтеў тәртиби ҳаққындағы РЕЖЕге тийкар:

Хызметке таңлаў тийкарында, ықыярый тәртипте жасы 18ден киши ҳәм 30дан үлкен болмаған, солар қатарынан 30 жастағыда, тийисли мағлыўматқа ийе, жеке сыпатлары, денсаўлығының жағдайы ҳәм физикалық таярлығы бойынша хызметшиниң хызмет миннетлемелерин орынлаўға тайын болған Өзбекстан Республикасы пуқаралары қабыл қылынады.

Хызметке бойы 165 сантиметрден төмен болмаған еркеклер ҳәм 160 сантиметрден төмен болмаған ҳаяллар қабыл қылынады.

Зәрүр болған жағдайларда, Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри тәрепинен белгиленетуғын дизими бойынша ишки ислер органларының айырым бөлимлери ҳәм шөлкемлерине хызметте болыўдың ең жоқары жасына толған ўақытта көп жыллық хызмети ушын пенсия алыў ҳуқықына ийе болатуғын 30 жаста үлкен болған пуқаралар қабыл қылыныўы мүмкин.

Хызметке қабыл қылыў талапкердиң турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған орнындағы ишки ислер органлары тәрепинен таңлаў тийкарында әмелге асырылады. Таңлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткизиў ушын ишки ислер органларында қабыллаў комиссиялары дүзиледи.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
❗️Ипотека кредити

Ипотека - ең қымбат ҳәм узақ мүддетли кредит есапланады.

Шаңарақ бюджетиниң үлкен бөлеги ипотека процентлерине жумсалады ҳәм кеминде 15 жыллық өмирде. Америка алымлары ипотеканы ең қәўипли кредит деп биледи.

Буның таң қаларлық жери жоқ, себеби бундай кредит ийелеринде стресс жағдайлары бақланады. Себеби өмир толық қайғылардан жырақ деп кепилленбеген!

Ең ашынарлысы ипотека алған инсан өз жумысын жоғалтыўдан ҳәм төлемлерди әмелге асыра алмаў қорқыўы менен жасайды.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Жалған сөйлеў шәрт емес, керекли сөзлерди таўып билсең болды...

Фарангстанда бир адвокаттың 8 баласы бар екен.

Билесиз, батыста көпшилик ижарада жасайды. Оны сегиз баласы бар ушын ҳеш ким үйин ижараға бериўди қәлемес екен.

Бир күни ол ҳаялына жети баласы менен қәбиристанға барып келиўин айтыпты, өзи сегизиншиси менен бир үйди көриўге кетипти.

Үйдиң ийеси басқа балаларыңыз да барма деп сорағанда, аўа қалған жетеўи анасы менен қәбиристанда деп жуўап берипти.

Үй ийеси буған қатты өкинип, үйин ижараға бериўге разы болыпты.

Адвокат баласына қарап төмендеги сөзлерди айтыпты:

- Көрдиңбе балам, бир нәрсеге ерисиў ушын өтирик сөйлеў шәрт емес, керекли сөзлерди таўып билсең болды...

👉 Юрист Ауезбеков 👈
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
  Ассаламу алайкум!
   
🤲🏻 Сизге ҳәм барлық шаңарақ ағзаларыңызға "Жума күни" мүбәрек болсын!

👉 Юрист Ауезбеков 👈
⚡️ Оқыўшыларға сабақ ўақтында телефоннан пайдаланыў, оны парта үстине қойыў мүмкин емес

Халық билимлендириў министриниң 2022 жыл 28 июлдағы 246-санлы буйрығы менен тастыйықланған "Улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң ишки тәртип ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары"на көре оқыўшыларға сабақ процеслери ўақтында төмендегилер қадағаланады:

👉 сабақ ўақтында орынсыз сөйлесиў, аўқатланыў;
👉 қағаз ҳәм басқа керексиз затларды қалдырып кетиў;
👉 сабақ жуўмақланғанға шекем билимлендириў мәкемеси аймағынан оқытыўшылар руқсатысыз сыртқа шығыў;
👉 жазба жумыслар ҳәм аралық бақлаўларын орынлаў ўақтында шеттен жәрдем сораў;
👉 басқа оқыўшылар тәрепинен таярланған тапсырмалар яки жазба ислерди өз атынан тапсырыў;
👉 телефоннан (смартфон, планшет ҳәм басқа гаджет қурылмалар) пайдаланыў, оны парта үстине қойыў мүмкин емес.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Жеке меншик жоқары оқыў орны жабылса онда оқыйтуғын студентлердиң тағдири не болады?

Бириншиден оны ашқан шахс оның жабылмаўы ушын нызам шеңберинде илажларды көреди. Себеби көп пул қаржылары есабында қурылады. Жеке меншик жоқары оқыў орны лицензия талаплары бузылған жағдайда жабылыўы мүмкин.

Жеке меншик жоқары оқыў орны тек ғана судтың қарары тийкарында лицензиясы алып қойылыўы мүмкин.

Егер жабылса студентлердиң тағдири не болады? бундай жағдайларда онда оқыўшы студентлер өз қәнигеликлери бойынша мәмлекетлик яки жеке меншик жоқары оқыў орынларына оқыўы көшириледи.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Министрлик, комитет, агентлик ҳәм инспекциялардың анық тәрийпи барма?

Бүгинги күнде Ҳүкимет қурамында мәмлекет органлары тийкарынан, министрлик, комиетет, агентлик ҳәм инспекция формасында шөлкемлестирилмекте.

Министрлик, комитет ҳәмде агентлик ҳәмде инспекциялардың анық түсиниги барма?

Президенттиң ҳәкимшилик реформаларға тийисли ПП-269-санлы пәрманында усы шөлкемлердиң анық тәрийпи айрықша келтирилген.

❗️Демек:

1. Министрлик - тийисли тараўларда бирден-бир мәмлекет сиясатын ислеп шығыўшы ҳәм әмелге асырыўшы, белгили бағдарда орынлаўшы ҳәкимият органларының искерлигин муўапықластырыўшы ҳәмде системадағы басшылық искерлигин жекебасшылық тийкарында шөлкемлестиретуғын республика орынлаўшы ҳәкимият органы есапланады;

2. Комитет - тийисли тараў ишиндеги тармақ искерлигин муўапықластырыўшы ҳәм тәртипке салыўшы ҳәмде системадағы басшылық искерлигин коллегиал тийкарда шөлкемлестиретуғын, сондай-ақ, министрликтиң шөлкемлестириўшилик бойсыныўында искерлик жүритетуғын республика орынлаўшы ҳәкимият органы есапланады;

3. Агентлик - тийкарғы ўазыйпасы сыпатында тийисли тараўда мәмлекет хызметлерин көрсетиў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа ҳуқықты қоллаў функцияларын әмелге асырыўшы, сондай-ақ, министрлик шөлкемлестириў бойсыныўында искерлик жүритетуғын республика орынлаўшы ҳәкимият органы есапланады;

4. Инпекция - тийкарғы ўазыйпасы сыпатында тийисли тараў ҳәм тармақларда мәмлекет бақлаўы ҳәм тексериўин әмелге асырыўшы, сондай-ақ, шөлкемлестириў бойсыныўында искерлик жүритетуғын республика орынлаўшы ҳәкимият органы есапланады.

Пәрманда нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық айрықша статусқа ийе ҳәмде тиккелей Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм (яки) Министрлер Кабинетине бойсынатуғын комитет, агентлик ҳәм инспекциялар шөлкемлестирилиўи мүмкинлиги нәзерде тутылған.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Юридикалық ҳәзиллер

Ҳәзирги ўақытта ерли-зайыплылар ортасында ажырасыў мәселелерин шешиў бойынша судларда даўа ислер жүдә көп көрилмекте. Соннан келип шыққан ҳалда айтатуғын болсақ,

Судья ажыраспақшы болған ерли-зайыплыға мүрәжат қылды:

- 3 гүлдей перзентлериңиз бар екен... Яқшы, оларды қандай бөлисип алмақшысыз???
Ерли-зайып сораўды бир мүддет өз-ара додалап болғаннан кейин, күйеўи жуўап берди:
- Яқшы, ҳүрметли судья. Онда перзентлеримиз 4 еў болғанында ажырасамыз...!

... Келеси жылы олар егизек перзентли болыпты ҳәм олар ажыраспастан өмир кеширипти. 😂😂😂

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Жаңа оқыў жылынан баслап класс басшылық ҳәм дәптер тексериў ушын қанша төленеди?

Мектеп оқытыўшыларына мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарына (980 мың сум) қарата процент есабында төмендеги муғдарларда қосымша ҳақы төленеди:

Кластағы оқыўшылар санына көре класс басшылығы ушын:
- 15 оқыўшыға шекем - 26,4 % (258 720 сум);
- 16 дан 20 оқыўшыға шекем - 31,6 % (309 680 сум);
- 21 ден 25 оқыўшыға шекем - 36,9 % (361 620 сум);
- 26 дан 30 оқыўшыға шекем - 42,1 % (412 580 сум);
- 31 ҳәм оннан көп оқыўшы болғанда - 52,8 % (517 440 сум);


Дәптерлерди ҳәм жазба ислерди тексергенлик ушын (оқыўшылар еки топарға бөлип оқытылатуғын пәнлер бойынша да) кластағы оқыўшылар саны 15 ке шекем болғанда - 8,8 процент (86 627 сум), 15 ҳәм оннан артық болғанда - 17,6 процент (173 254 сум).

Информатика кабинети басқарыўшысы ушын 17,6 процент (173 254 сум).

👉 Юрист Ауезбеков 👈
ЖОО студенти оқыў ўақтында бир айлық хызмет өтеўи мүмкинбе?

Мүмкин. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасының "Улыўма әскерий мәжбүрият ҳәм әскерий хызмет ҳаққында"ғы нызамында баян етилген. Усы нызамның мақсети Өзбекстан Республикасы пуқараларының улыўма әскерий мәжбүриятларды орынлаўы ҳәм әскерий хызметти өтеўи менен байланыслы мүнәсибетлерди тәртипке салыўдан ибарат. Жоқары оқыў орынларындағы билимлендириўдиң күндизги ҳәм кешки формаларында оқып атырған студентлер өз разылығы менен мобилизациялық шақырыў резерви хызметине алыныўы мүмкин.

📄 "Өзбекстан Республикасы пуқараларының мобилизациялық шақырыў резервинде хызметти өтеў тәртиби ҳаққында" Реже Өзбекстан Республикасы пуқараларының мобилизациялық шақырыўы резервинде хызметти өтеўди шөлкемлестириў ҳәм өтеў тәртибин белгилейди. Бунда студентлер бир айлық әскерий жыйынларды өтеўге июль-август айларында тартылады.

Демек, ЖОО студентлери июль-август айларында бир айлық әскерий хызметти өтеўлери мүмкин.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Майыплығы болған шахсларға мәмлекет тәрепинен социаллық жәрдем улыўма нелерден ибарат?

Майыплығы болған шахсларға социаллық жәрдемниң төмендеги түрлери көрсетиледи:

- пул төлемлери (пенсиялар, напақалар, бир жола берилетуғын төлемлер);
- реабилитация қылыўдың техникалық қураллары, сурдотехника, тифлотехника қураллары яки басқа қураллар, солар қатарынан орындықлы арбалар, протез-ортопедия қурылмалары, арнаўлы ҳәрипли баспалары, даўыс күшейтириўши аппаратлар ҳәм сигнализаторлар, субтитрли яки сурдоаўдармалы видеоматериаллар, сондай-ақ автомобиллер менен тәмийинлеў;
- медициналық, социаллық, кәсиплик, физикалық реабилитация қылыў бойынша хызмтлер ҳәм хожалық хызметлер;
- транспорт хызметлер;
- дәри өнимлери менен тәмийинлеў.

Майыплығы болған шахсларға социаллық жәрдем жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты органлары, ден саўлықты сақлаў, халық билимлендириўи органлары, басқа мәмлекет органлары тәрепинен медициналық-социаллық экперт комиссияларының жуўмақлары тийкарында көрсетиледи.

Майыплығы болған, өзине өзи хызмет көрсетиў қәбийлетин бир бөлегин яки толық жоғалтқан ҳәм өзгелердиң турақлы күтимине мүтәж болған шахсларға олардың үйинде ҳәмде ўәкилликли мәмлекетлик органларының қәнигелестирилген стационар мәкемелеринде нызамшылықта белгиленген тәртипте хызметлер көрсетиледи. Бул мәкемелерде социаллық хызметлер көрсетиў менен бир қатарда өмир искерлиги ушын тийисли шәрт-шараятлар тәмийинленеди, медициналық хызметлер көрсетиледи, сондай-ақ мийнет искерлиги ҳәм дем алыў шөлкемлестириледи.

Жумыс бериўшиниң айыбы менен мийнетте майып болған яки кәсип кеселлигине шатылған майыплығы болған шахслар медициналық көрсетпелерге муўапық жумыс бериўшиниң (шөлкемниң шөлкемлестириўшылык-ҳуқықый формасына қарамастан) қаржылары есабынан реабилитация қылыўдың техникалық ҳәм арнаўлы транспорт қураллары менен тәмийинленеди.

Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары майыплығы болған шахсларға жергиликли бдюжет қаржылары есабынан қосымша социаллық кепилликлер белгилеў ҳуқықына ийе. Майыплығы болған шахслар санаторий-курортта бийпул емлениў, сондай-ақ дәри өнимлери, майыплығы болған шахслардың күтими ушын мөлшерленген медициналық буйымлар ҳәм майыплығы болған балалар ушын арнаўлы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ҳуқықына ийе.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
1%! Банкоматтан нақ пул шешкенимизде неге ҳақы төлеймиз?

Бул сораўға атақлы банкир, "Теңгебанк" АТБ Басқарыўы баслығының орынбасары Улуғбек Таваккалов жуўап берди.

Ҳәзирде банкоматларда нақ пул шешип алыў ушын банклер тәрепинен алынып атырған дәлдалшылық ҳақы (1%) орташа есапқа төмендегише бөлистириледи, - дейди Улуғбек Тавкаллов:

✔️ 0.1 проценти төлем системаларына әмелиятты процессинг қылғаны ушын бериледи;
✔️ 0.4 проценти банкоматлар ҳәм қурылмалар амортизациясын қаплайды (банкоматлар баҳасы $6.000 дан $30.000 ге шекемди қурайды);
✔️ 0.3 проценти инкассация, нақ пулларды қайта санаў қәрежетлери;
✔️ 0.1 проценти коммуникация, электр энергиясы, қамсызландырыў ҳәм ижара төлемлерине тийисли қәрежетлер;
✔️ 0.1 процентин банк пайдасы қурайды.

Әпиўайы қылып айтқанда, 1 млрд сум муғдарында банкомат арқалы нақ пул бериў әмелиятында банк 10 млн сум дәлдалшылық ҳақы алса, буннан тек 1 млн сумды (0.1 процент) банкте қалады. Дәлдалшылық ҳақының бийкар қылыў усы бизнести банклер ушын пайдасыз қылып қояды.

Соған қарамай, Улуғбек Таваккаловтың қосымша қылыўынша, әмелде банклер корпоратив қәрийдарларын услап қалыў ушын дәлдалшылық ҳақын бийкар қылыўлары да итималдан жирақ емес.

П/с: Есап-китаплар эксперт жолы менен әмелге асырылған, ҳәр түрли банклерде баҳалар парық қылыўы мүмкин.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Қарыз бергенде итибарға алыуымыз керек

• Қарыз суммасы 3.300.000 сумнан артық болса, әпиуайы жазба формада қарыз шәртнамасы дүзилиуи шәрт;

• Тәреплерден бири юридикалық шахс болғанында, шәртнама қарыз суммасына қарамастан, жазба формада дүзилиўи шәрт;

• Қарыз бойынша тилхат яки басқа ҳүжжет бар болғанда,  қарыз шәртнамасы жазба формада дүзилген есапланады.

П/С :  Қарыз берип атырған ҳәр бир уақытта, егер ол шахстың қарызды қайтарып бериўине гүмәныңыз болса, бир бетке тилхат жаздырып алсаңыз, бул сизге қарызды өндириўиңизде қол келеди.
Пул бергенде төмендегилерди умытпаң!
- шахс ҳаққында толық мағлыўмат;
- сиз ҳақыңызда толық мағлыўмат;
- пул суммасын жазба ҳәм цифра менен жазыўды;
- алыў мақсети (қарыз, авто, оқыўға, жумысқа, исбилерменлик)
- пулды қайтарыў яки хызметти орынлаў мүддети;
- пул алынған сәне ҳәм орын;
- гүўалар шахсы ҳәм имзасы.

👉 Юрист Ауезбеков 👈
Шахс өз миллетин басқа миллетке өзгертириўи мүмкинбе?

Мүмкин. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПП-4262 пәрманы 8-бәнтине муўапық:


- Шахс өз миллетин басқа миллетке өзгертириўи мүмкин, әкеси яки анасының миллетине өзгертириўи мүмкин.

- Тек шахс усы талап пенен бир мәрте тийисли мәмлекет органына жазба арза менен мүрәжат етиўи лазым.


👉 Юрист Ауезбеков 👈
Қарақалпақстанлық жаслар ушын 3 мың грант ҳәм 6,5 мың контракт квоталары бөлистирилди

2022 жыл 31 августтағы 213 санлы Президент пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәмде улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған жаслар ушын мәмлекет гранты тийкарында қосымша 3 мың квота, сондай-ақ төлеў-контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 квота ажыратылыўы белгиленген еди.

Усы жылғы оқыў жылы ушын усы квоталар бөлистирилиўи ақырына жеткизилди.

Бул ең әўеле Қарақалпақстан аймақлары ҳәмде бағдарлар кесиминде бар талапқа тийкар топлаған балының жоқарылығы бойынша избе-изликте 3 мың грант орынлары ажыратып алынды. Яғный жоқары балл менен контрактқа кирген яки жоқары балл менен оқыўдан жығылған абитуриентлер грантқа өткизилди.

Соннан соң, оқыўдан жығылған 6 мың 500 абитуриент топлаған балының избе-излиги бойынша төлеў-контракт тийкарында студентликке усынылды.

Мәмлекет грантына өткизилген ҳәмде төлеў контрактқа кирген абитуриентлер дизими тийисли ЖООларға жиберилди деп хабар бермекте Х.Худойбердиев.

👉 Юрист Ауезбеков 👈