Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.65K subscribers
39.6K photos
4.82K videos
29 files
17.4K links
Download Telegram
Методикалық шеберлик сааты шеңберинде семинар шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин жәнеде асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПП-152-санлы Пәрманына тийкар, Тахтакөпир районындағы 3-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде Методикалық шеберлик сааты шеңберинде семинар өткерилди.

Ѳткерилген семинар даўамында 3-санлы шөлкем методисти, тренер Г.Төремуратова тәрепинен таяныш шөлкемге бириктирилген 16 мәмлекетлик шөлкемниң жетекши педагогларына өз тәжирийбелерин ҳәм билимлерин үйретип барды.

Бул семинарды өткериўден мақсет, педагогларымыздың жәҳән тәжирийбелеринен үлги алып, заманагөй тәлим бериўдиң жаңа формаларын енгизиў ҳәм мектепке шекемги билимлендириў тараўын жаңа басқышларға алып шығыў болып табылады.

Ўзб

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районындағы 6-санлы мектепте Республикалық семинар шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 2-февральдағы «Улыўма орта билим бериў мәкемелери оқыўшыларын шет тили ҳәм заманагөй кәсиплерге оқытыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-53-санлы қарарына муўапық 2024-2025-оқыў жылынан баслап кәсип-өнерге оқытыўдың жаңа системасы енгизилди.

Усы тийкарда, райондағы 6-санлы мектепте «Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў» атамасында Республикалық семинар өткерилип, оған қала ҳәм районлардағы психолог методистлер, кәсип-өнерге бағдарлаў бойынша таңлап алынған мектеплердиң психологлары, IT бағдарындағы ҳәм де тигиўшилик бойынша кәсиплик билимлендириў усталары қатнасты.

Семинар даўамында қатнасыўшылар мектептеги оқыўшыларға жаратылған шараятлар, кәсип-өнерге қызығыўшы жаслардың қол өнерлери менен танысып, өзлериниң пикир усынысларын билдирди.

Ўзб

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Хабарландырыў!

Усы жылдың 8-январь күни, саат 14:00 ден 17:00 ге шекем «Өзбекстан» фидериниң 10 кВ ҳаўа тармағында киши оӊлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы райондағы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағын электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.
————
Эълон!

Жорий йилнинг 8 январь куни соат 14:00 дан 17:00 гача "Ўзбекистон" фидерининг 10 кВ ҳаво тармоғида кичик таъмирлаш ишлари ўтказилиши муносабати билан тумандаги "Қараой" овул фуқаролар йиғини ҳудудини электр энергияси билан таъминлаш вақтинча тўхтатилади.

Тахтакөпир районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы

каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Ҳүрметли прокуратура органлары хызметкерлери!

Сизлерди бүгинги 8-январь – Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы органлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Өткен дәўир ишинде прокуратура органларының жумыс алып барыўы мәмлекетлик реформаларға сәйкес түрде жетилистирилип барылды. Буның нәтийжесинде тараўдың халқымыздың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслары еледе жақсыланды. Ең баслысы, мәмлекетимизде нызам үстемлигин тәмийинлеў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар түп-тийкарынан беккемленди.

Ҳүрметли тараў пидайылары, сизлердиң машақатлы соның менен бирге мақтанышлы кәсибиңизди минсиз атқарыўдағы мийнетиңиз бәрҳама итибарда ҳәм ҳүрметке ылайық.

Бүгинги байрам мүнәсибети менен сизлерди және бир мәрте қызғын қутлықлап, шаңарағыңызға аманлық, жумысларыңызда табыс, машақатқа толы мийнетиңизди атқарыўда талмас күш-ғайрат тилеп қаламыз.


Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube
Ҳүрметли прокуратура органлары хызметкерлери!

Сизлерди бүгинги 8-январь – Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы органлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Жәмийетимизде әдиллик ҳәм нызам үстемлигин тәмийинлеўде, халықымыздыӊ пәраўан жасаўы ушын ислеп атырған ийгиликли жумысларыңызда табыслар тилеймиз!

Кәсиплик байрамыӊыз мүбәрек болсын!

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
————
Ҳурматли прокуратура органлари ходимлари!

Сизларни бугунги 8 январь - Ўзбекистон Республикаси Прокуратураси органлари ходимлари куни муносабати билан самимий муборакбод этамиз.

Жамиятимизда адолат ва қонун устуворлигини таъминлашда, халқимиз фаровон яшаши учун қилаётган эзгу ишларингизда муваффақиятлар тилаймиз!

Касб байрамингиз муборак бўлсин!

Тахтакўпир тумани ҳокимлиги

каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Менга қанча пенсия чиқар экан? ёки бўлажак пенсионерларга тавсиялар

Пенсия ёшига етиб, кўп йиллик меҳнати самарасини кўриш, кексалик гаштини суриш барчанинг ҳаётдаги мақсади ҳисобланади. Бунда, албатта кекса ёшдаги даромад манбаи - ПЕНСИЯ муҳим ўрин тутади.

❗️ Шу сабабли барча ёшлик пайтда ўзининг келгусидаги пенсияси ҳақида қайғуриши, бу даврга олдиндан тайёргарлик кўриши лозим.

🤔 Кўпчилигимиз пенсия ёшига яқин қолгандагина пенсия ҳақида ўйлашни бошлаймиз. “Энди менга қанча пенсия чиқар экан?”, “Юқори миқдорда пенсия олармикинман?” каби саволлар бизни қамраб олади.

Яъни, энди биз пенсияга қандай чиқиш, қаерга мурожаат қилиш, пенсия қандай ҳисобланиши, бунда нималар ҳисобга олинишига қизиқишни бошлаймиз.

🤔 Пенсия тайинлангандан сўнг эса кўпчилик фуқароларимизда “Нега менга кам миқдорда пенсия тайинланди?”, “Мени ҳисобим бўйича кўпроқ пенсия олишим керак эди?” каби саволлар туғилади.

📝 Мана шундай саволлар фуқароларда бўлмаслиги, юқори миқдорда пенсияга чиқиш учун пенсия ёшига яқин қолган фуқароларимиз, шунингдек, ёшларимизга қуйидаги тавсияларни бермоқчимиз.

👉 ТАВСИЯЛАРНИ ЎҚИШ УЧУН БУ ЕРГА БОСИНГ.

📞 12-71     🌐 pfru.uz

Telegram | 💬Facebook |📸 Instagram | 📹 Youtube |📱 X
Тайынлаў

Изентаева Гулбахар Жоллыбаевна – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мəмлекетлик көркем өнер музейи директоры лаўазымына тайынланды.

Г.Изентаева  усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы баслығы лаўазымында ислеп келген.

Тайинлов

Изентаева Гулбахар Жоллыбаевна - И.В.Савицкий номидаги Қорақалпоғистон давлат санъат музейи директори лавозимига тайинланди.

Г.Изентаева шу кунга қадар Қорақалпоғистон Республикаси Туризм бошқармаси бошлиғи лавозимида ишлаб келган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube