Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5.98K subscribers
36.1K photos
4.38K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
Тахтакөпир районындағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди

Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/6211.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:

https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Дүньяның гүлтажы – сизлерсиз ҳаял-қызлар

Бүгин Нөкис қаласындағы зәўлим имаратта «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни» мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажи өткерилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Аязый_дөретпелеринен

8-март - «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен аналарымызды улығлап

Көркемлеп оқыған: Пиржанов Серикбай Абатбаевич

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президент Шавкат Мирзиёев: Инсон қадрини улуғлаш аввало азизу мукаррама аёлларимизни улуғлашдан бошланади

Президент Шавкат Мирзиёев: Уважение чести и достоинства человека начинается прежде всего с уважения к нашим дорогим женщинам

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Әдиўли аналар, қәдирли ҳаял-қызлар!

Сизлерди, сизлер арқалы пүткил ҳаял-қызларды бәҳәр паслының туңғыш байрамы, өзинде гөззал сезимлерди, жақсы нийет ҳәм ийгиликли мақсетлерди жәмлеген әжайып әйям – 8-март – халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Сизлер биз ушын ең дәслеп қәдирли ана, әзиз Ўатан, шаңарақ тымсалы, шеги жоқ меҳир ҳәм жақсылық дерегисиз.

Бәршеңизге мәлим, халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли аналар менен дилбар қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, оларды бәрҳәма қәстерлеп келген.

Бул жоқары қəдирият бүгинги күнде де улығланып, елимизде ҳаял-қызларға ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик - сиясий турмыста белсендилигин арттырыў – мәмлекетлик сиясаттыӊ баслы бағдарларынан бирине айланып үлгерген.

Әсиресе, соңғы жыллары елимизде тиккелей ҳүрметли Президентимиздиң ғамхорлығы ҳәм итибары менен гендер теңликке итибар қаратылып атыр. Оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында «Ҳаяллар дәптери» турмысқа енгизилди, исбилермен ҳаял-қызларымыз ушын болса жеңиллетилген кредитлер бериў жолға қойылды, ҳаял-қызлар менен ислесиўде «Мәҳәллебай» системасынан кең түрде пайдаланылып атыр. Буннан тысқары, жоқары оқыў орынларындағы қызлар ушын қосымша квоталар ажыратылып, бир қатар критериялар бойынша шəртнама пуллары төлеп берилмекте ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж ҳаяллар турақ-жайлар менен тəмийинленбекте.

Әлбетте, булардың барлығы ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ҳаял-қызларымызға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықтың көриниси есапланады.

Ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Сизлерди бүгинги бәҳәр байрамы, жасарыў ҳәм жаңаланыў әйямы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман!

Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, қут-берекет, жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймен.

Ана-Ўатанымыз, халқымыз, ел-журтымыз, бəршемиздиң бахтымызға ҳəмийше аман болғайсызлар.

Гөззал байрамыңыз мүбәрек болсын!


Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
Баслығы

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ассалаўма әлейкум, қәдирдан аналар, ҳүрметли ҳаял-қызлар!

Ең дәслеп, Сизлерди 8-март – «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы менен қутлықлап, шаңарақларыңызға аманлық, денсаўлық, жумысларыңызда табыслар, мол ырысқы несийбе тилеймен.

Инсанның өмири ҳәм жәмийет раўажланыўында муқаддес ана, қәдирдан ҳаялларымыздың орнын әпиўайы сөзлер менен аңлатыў жүдә қыйын. Даналар айтқанындай, дүньяда ҳаял меҳириниң баҳасын өлшейтуғын, теңлестиретуғын байлық жоқ.

Мине усындай пазыйлетлер ийеси болған ҳаял-қызлар, ҳүрметли аналар! Ҳәр бириңизге байрам мүбәрек болсын! Бул жарық дүньяны қуяшсыз, жер ҳәм аспансыз көз алдыңа келтириў қыйын болғанындай, турмысымызды да гөззал қызларымыз, мийирман аналарымызсыз көз алдымызға сәўлелендире алмаймыз.

Ҳүрметли апалар ҳәм қарындаслар, Сиз әзизлерди бүгинги уллы байрам менен және бир мәртебе қутлықлап, ҳәммеңизге саў-саламатлық, мол ырысқы-несийбе, шаңарақларыңызға аманлық, дәстурханларыңызға қут-берекет, өзлериңизге күш-қуўат тилеп қаламан.

Ҳүрмет пенен,
Тахтакөпир районы ҳәкими
Адилов Жамбул Агытаевич


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Муборак Рамазон ойини муносиб тарзда ўтказиш тўғрисида"ги қарори

Постановление Президента Республики Узбекистан "О проведении священного месяца Рамазан на достойном уровне"

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Нызамшылыққа бола, «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың балалары мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңиллик пенен қабылланыў ҳуқықына ийе.

Қонунчиликка кўра, “Аёллар дафтари”га киритилган ижтимоий ҳимояга муҳтож ёлғиз аёлларнинг болалари давлат мактабгача таълим ташкилотларига устунлик билан қабул қилиниш ҳуқуқига эга.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Әскерий спорт жарыслары шөлкемлестирилди

Спорт илажы Тахтакөпир районы ҳәкимлиги, районлық Қорғаныў ислери бөлими, районлық Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен шөлкемлестирилип, оған район аймағындағы мектеплердиң 10-11-класс оқыўшылары қатнасты.

Илаж даўамында оқыўшы жаслар өзлериниң шаққанлықлары ҳәм епшилликлерин көрсетип, жарыс шәртлери бойынша өз-ара беллести.

Жарыс жуўмағында 6-санлы мектеп III-орын, 5-санлы мектеп II-орын ҳәм 2-санлы мектеп оқыўшылары командасы сыйлы I-орынды жеңип алыўға мияссар болды.

Жеңимпаз командаларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press