Халқымызға Жаңа жыл қутлықлаўы!
Қәдирли ўатанласлар!
Әзиз дослар!
Ең дәслеп, бәршеңизди өзинде уллы мақсет ҳәм ийгиликли ислерди жәмлеп, халқымызды және де үлкен дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған қутлы әййям – Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман. Бүгин халқымыз тыныш ҳәм татыў турмыста, ертеӊги күнге анық мақсетлер менен келешекке исенимли қәдем таслап бармақта. Өтип баратырған жыл елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалатуғын өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларындағы өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен ажыралып туратуғын дәўир сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейди.
Әсиресе, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы менен ѳткен бир жылдың ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында халқымызға, соның ишинде жасларымызға, исбилерменлеримизге бурын болмаған имканиятлар жаратылғанлығы, мәҳәллелерде кең кѳлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылғаны кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды.
Атап айтқанда, жуўмақланып атырған жылда 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан, жәми 226 миллиард сўм қосымша қаржы берилгенин, кадастры болмаған 43 мыңнан аслам турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлерин таярлаў жумысларының жолға қойылғанын, қала ҳəм аўылларымызды абат етиў мақсетинде 640 км.ге жақын топырақлы жолларға 55 миллиард 678 миллион сумлық қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары алып барылғанын, Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, бул фондқа 20 миллиард сум қаржы ажыратылғанын, жасларымыздың жоқары оқыў орынларына кириўи ушын 10 мың квота ажыратылғанын, сырт еллерде оқып атырған жаслардың оқыўын елимиздиң жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында көшириў әмелиятының жолға қойылғанын, исбилерменлеримиз ушын жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылып, олардың экономикалық жақтан беккемлениўине тийкар жаратылғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен айтып ѳтсек болады.
Сондай-ақ, халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир неше кәрханалардың, социаллық-мәдений объектлердиӊ иске түскени, инфраструктураныӊ жаӊаланыўы елимизге шын мәнисиндеги жаӊаланыў нәпесин алып келди. Сѳзимизге мысал ретинде мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 699 объектте 1,6 триллион сумлық қурылыс ҳәм реконстукция жумыслары алып барылғаны, соның ишинде Инвестиция бағдарламасы тийкарында 58 объектте 547,9 миллиард сумлық, мәҳәллелерде 286 объектте 238 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылғаны, буннан тысқары, 33 көп қабатлы турақ жайлар жаңадан курылып, 69 көп қабатлы турақ жайларда оңлаў жумыслары алып барылғаны турмысымызда жүз берген қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.
Соның менен бирге жуўмақланған жылда Қытай мәмлекети менен 432,7 миллион долларлық 17 инвестициялық жойбар, 27 миллион долларлық 32 экспорт ҳәм импорт шәртнамалары бойынша, сондай-ақ, Татарстан Республикасы менен 58 миллион долларлық 23 экспорт шәртнамалары бойынша келисимлерге ерисилгени елимиз экономикасын және де беккемлеўде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша орын тутады.
Буннан тысқары, аймақлық инвестиция бағдарламалары тийкарында 3,1 триллион сумлық 1434 инвестиция жойбары иске түсип, 10256 жаңа жумыс орны жаратылды. Әлбетте, булардың барлығы елимизде “Инсан қәдири ушын” деген идея астында алып барылып атырған ийгиликли ислердиң әмелий кѳриниси саналады.
Кирип киятырған Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздың бири болып қала береди.
Қәдирли ўатанласлар!
Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, мол табыслар тилеймен!
Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!
Елимиз тыныш, халқымыз ҳəмийше аман болсын!
Жаңа жылыңыз бəршеңизге қутлы мүбəрек болсын, əзиз заманласлар!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

Тахтакөпир районы ҳәкими Адилов Жамбул Агытаевичтиң Жаңа Жыл байрамы мүнәсибети менен район халқына байрам қутлықлаўы!
Ең дәслеп, Сиз әзизлерди, район халқын үлкемизге кирип келген 2024-Жаӊа жыл байрамы менен шын жүректен қутлықлайман!
Бәршеӊизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға аманлық, қут-берекет, несийбе, татыўлық тилеймен.
Жуўмақланған жыл елимиз турмысында умытылмас ўақыяларға бай жыл болды. Халқымыздыӊ пидайылық мийнети менен «2023-жыл –Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда үлкен жетискенликлерге еристик.
Жаңа 2024-жылда әмелге асырылатуғын уллы ислер ҳәм мақсетлерди Сизлердиң қоллап-қуўатлаўыңыз бенен биргеликте даўам еттиремиз!
Ҳүрметли район халқы!
Жаңа 2024-жыл және бир мәрте бәршеңизге қутлы мүбәрек болсын!
Ҳүрмет пенен,
Тахтакөпир районы ҳәкими
Адилов Жамбул Агытаевич
https://t.iss.one/Taxtakopir_press

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Министрлер Кеңесиниң жанында дүзилген арнаўлы штабқа 24 саат даўамында мүрәжат етиўиңиз мүмкин
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жанында гүз-қыс мәўсимин зыянсыз өткериў, авариялық жағдайлардың алдын алыў, халықты тәбийғый газ, электр энергия, ишимлик суўы менен үзиликсиз тәмийинлеў, пуқаралардан келген мүрәжатларды оператив түрде унамлы шешиў бойынша арнаўлы штаб шөлкемлестирилген еди.
Егер сизиң де усыған байланыслы сораўларыңыз ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети
🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter

🔰Барча воқеалардан биринчилардан хабардор бўлишни истайсизми?
Сизни ҳудудларда бўлаётган воқеалар қизиқтирадими?
Интернет тармоғидаги қайси манбаага суянишни билмаяпсизми?
Ишончли манбаадан янгиликларни билмоқчимисиз?
Воқеалар ривожи онлайн режимда!
Сиёсат оламидаги янгиликлар, иқтисодий, ижтимоий, маданият ва спорт янгиликлари барчаси бизни саҳифаларимизда.
📌Бизнинг Hudud inform телеграм каналимизга аъзо бўлинг.

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Қарақалпақстан_телеканалы
#Хабар_бағдарламасы
Жыл жуўмағына арналып Тахтакөпир районынан таярланған «Жылнама» репортажы Қарақалпақстан телеканалы нәзеринде.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
✅https://t.iss.one/Taxtakopir_press

#Жаңалықлар_бағдарламасы
Тахтакөпир районында өткерилген «Президент шыршасы» байрам илажы Қарақалпақстан телеканалы «Жаңалықлар» бағдарламасында.

🟢Foydali ma'lumot!
"E-auksion" platformasida elektron raqamli imzo kalitini bepul olish mumkinligini bilarmidingiz?
Ma'lumot uchun videoni oxirigacha ko'ring!
@onlineauksionuz

#онлайн
Райондағы мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажлар болып өтпекте
Бүгин Тахтакөпир районы орайынан алыс аймақта жайласқан «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасында руўхый-ағартыўшылық мәдений илажы өткерилди.
Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/5925.html
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
✅https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Райондағы мәҳәллелерде руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажлар болып өтпекте
Бүгин Тахтакөпир районы орайынан алыс аймақта жайласқан «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында «Мәҳәлледе дуў-дуў гәп» атамасында руўхый-ағартыўшылық мәдений илажы өткерилди.
Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/5925.html
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
✅https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилген Киши ҳәм Жаслар санаат зоналарында өз исбилерменлигин баслаў нийети бар басламашыларға бир қатар жеңилликлер берилген
Соннан:
- киши санаат зонасының бѳлиниў шегарасына шекем коммуникация тармақлары менен тәмийнлеп бериледи;
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 8-август күнги 129-санлы пәрманына тийкар киши ҳәм жаслар санаат зоналарынан алынған жер майданлары ҳәм имаратлар инвестициялық миннетлемелерди орынлаған исбилерменлерге меншиклестирилип бериледи;
- 5 жыл жеңилликли дәўир менен 10 жылға жеңиллетилген кредит бериледи;
- Керекли үскенелерди алып келиўде бажыхана женилликлери қолланылады;
- аукционнан сатып алынған жер майданларына болған тѳлемлерди
24 ай даўамында бѳлип тѳлеў имканияты қолланылады.
Айтып өтиў керек, Нөкис қаласы ҳәм районларда 234,6 гектар жер майданларында 31 киши санаат зоналары шөлкемлестирилген болып, олар 807 лотларға ажыратылған.
Соннан, жер майданы 103,8 га болған 310 лот исбилерменлик субъектлерине ажыратылған. Қалған 72,5 га жер майданындағы 496 лоттан 61,8 га жер майданындағы 447 лот Электрон онлайн-аукционға шығарылып, бүгинги күнде жер майданы 38,6 га болған 223 лот саўдада.
Сондай-ақ, республикамызда улыўма майданы 41,7 гектар болған 17 Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары шөлкемлестирилген болып, олар 484 лотқа ажыратылған.
Соннан, жер майданы 1,82 га болған 24 лот исбилерменлик субъектлерине ажыратылған, қалған 23,9 га жер майданындағы 460 лоттан 20,65 га майдандағы 383 лот электрон онлайн-аукционға шығарылып, бүгинги күнде 12,7 га жер майданындағы 230 лот саўдада.
Өз жойбарын әмелге асырыў нийети бар басламашылар атап өтилген жеңилликлерден пайдаланып, исбилерменлигин баслаўына имканият бар.
Ўзб
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

Президент Шавкат Мирзиёев қишлоқ хўжалигида сув ресурсларидан фойдаланиш самарадорлигини оширишга қаратилган таклифлар тақдимоти билан танишди.
—
Президент Шавкат Мирзиёев аўыл хожалығында суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған усыныслар презентациясы менен танысты.
#Mirziyoyev #taqdimot #suv #qishloqxujaligi
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter