Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.3K subscribers
36.9K photos
4.47K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
«Меҳир дәптери» дизиминдеги және бир жас турақ жай менен тәмийинленди

Соңғы жылларда мәмлекетимизде бағыўшысын жойытқан, ата-анасы қарамағынан айырылған балаларға итибар күшейип, қайырлы ислер әмелге асырылмақта.

Бүгин, Тахтакөпир районы ҳәкимлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-август күнги «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айрылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын ен жайдырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5216-санлы қарарына тийкар бир жасқа турақ жай имараты салтанатлы түрде тапсырылды.

Онда район ҳәкими Ж.Адилов қатнасып, бундай жаслар ҳәмийше Мәмлекетимиз Басшысының итибарында екенлиги ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.

Буннан соң район ҳәкими, мәкеме басшылары ҳәм кең жәмәәтшилик ўәкиллери қатнасында турақ жайдың гилти тапсырылып, имаратта жаратылған шараятлар менен танысты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қорғасынқала атамасының қалай пайда болғанынан хабарлысыз ба?

Структурасы жағынан алып қаралғанда төртмүйеш формаға ийе болған Қорғасынқала естелиги (бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлер) Елликқала районында жайласқан.

Оның жақсы сақланып қалған дийўалларының бийиклиги айырым жерлерде 14-16 метрге жетеди. Оның төменги бөлимлери пақсадан исленген болып, кейин ала, тамғалы квадрат гербиш өрилген.

Қорғасынқала атамасының қалай пайда болғанынан, оның не хызмет атқарғанынан хабарлысыз ба? Егер хабарыңыз жоқ болса «Өзбекстан тарийхы» телеканалын турақлы түрде бақлап барың.

🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Гәўирқала ҳаққында не билесиз?

Бизиң эрамызға шекемги IV әсирлерде қурылған Гәўирқала естелиги Хожели районындағы ең әййемги ҳәм ең әҳмийетли қалалардың бири есапланады. Ол жайласқан тәбийғый төбе дәслеп 9 гектардан аслам майданды ийелеген. Бийбаҳа естелик ҳаққында «Өзбекстан тарийхы» телеканалында толық сөз етиледи.

🌐 Бизди социаллық тармақларда бақлап барың:
Telegram | Instagram | Facebook | Twitter
Д А Ғ А З А ! ! !
Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер органлары хызметине кириўди қәлеўши ер балалар ушын таңлаў жәрияланады.

📌 Талабанларға қойылған талаплар:

👨🎓 Соңғы еки жылдың ишинде Өзбекстан Республикасы көлеминде спорт жарысларының жеңимпазы (1-орын) болған яки ҳалықаралық спорт жарысларының 1-3-орынларынан бирин ийелеген жоқары мағлыўматқа ийе яки сыртқы бөлиминде оқып атырған талабанлар ушын:

📌 Спорт түрлери: Қол урысы, еркин гүрес, миллий гүрес, самбо, футбол, стол теннис, шахмат, жеӊил атлетика, жүзиў, армрестлинг бойынша спорт устасы ямаса спорт устасына талабан.

✔️ Жасы 18 жастан киши, 30 жастан үлкен болмаған болыўы;
✔️ бойы 170 (бир жүз жетпис) сантиметрден төмен болмаған;
✔️ Мүддетли әскерий хызметти яки мобилизациялық шақырыў резервиндеги әскерий хызметти өтеген.

📌 Таңлаўда қатнасыўды қәлеўши талабанлар:

2023-жыл 01-ноябрь күнинен 04-ноябрь кунине шекем ҳәр күни
саат 09:00 ден 17:00 ге шекем министрликтиң Руўхый-ағартыўшылық ислер ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў хызметине тийисли хүжжетлери (паспорт яки идентификация ID-карта, диплом ҳәм әскерий гуўалық түп нусқалары ҳәмде Жасаў орны бойынша дизимге алынған белгиленген үлгидеги ден саўлығының жағдайы ҳаққындағы (ф-086) бойы параметри көрсетилген ҳалда) мағлыўматнамасы менен келиўи керек;

👮 Талабанлар жасаў орны бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймағында турақлы дизимде турған болыўы шәрт.

Белгиленген мүддеттен (2023-жыл 01-04-ноябрь күнлери аралығында алдын ҳәм кейин мүрәжет еткен талабанлар дизимге алынбайды.

🏢 Мәнзил: Нөкис қаласы, А.Темур көшеси, 112-жай.
☎️ Мағлыўмат ушын телефон номери: (61) 229-93-36

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районының қайсы аймағында жеке исбилерменлик кәрханалары көбирек жайласқан?

2023-жылдың 1-сентябрь жағдайына көре, Тахтакөпир районында жəми дизимнен өткен (фермер ҳәм дийқан хожалықларысыз) 497 жеке исбилерменлик кәрханаларды қурайды.

Олардың аймақлар кесиминдеги саны төмендегише:

- «Атакөл» АПЖ аймағында - 31;
- «Өзбекстан»МПЖ ҳәм «Қараой» АПЖ аймағында - 55;
- «Мулик» АПЖ ҳәм «Қоструба» МПЖ аймағында - 35;
- «Қоныраткөл» АПЖ аймағындағы - 16;
- «Жаңадәрья» ҳәм Маржанкөл МПЖ аймағында - 30;
- «Белтаў» АПЖ аймағында - 8;
- «Дәўқара» АПЖ аймағында - 34;
- «А.Адилов» АПЖ аймағында - 19;
- «Тахтакөпир» ППЖ аймағында - 269.

https://taxtakopir.uz/5424.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаңалықлар_бағдарламасы

Тахтакөпир районында педагог қәнигелер қатнасыўында өткерилген Республикалық семинар Қарақалпақстан телеканалы «Жаңалықлар» бағдарламасында.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районында 11-октябрь – «Халықаралық қызлар күни» мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти

Ҳәр жылы 11-октябрде дүнья жүзи бойлап қызлар күни кең түрде байрамланады. Себеби Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң бас Ассамблеясының 2011-жыл 19-декабрдеги резолюциясына тийкарланып, 11-октябрь «Халықаралық қызлар күни» етип белгиленген.

Усы жылдың 11-октябрь күни Тахтакөпир районында сәне мүнәсибети менен район ҳәкимлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими, Мәденият бөлими, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими менен биргеликте байрам илажы шөлкемлестирилди.

Байрам илажында пән олимпиядасы ҳәм ҳәр түрли көрик-таңлаўлардың жеңимпазлары, сондай-ақ жас әўладты тәрбиялаўда белсендилик көрсетип киятырған билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлер, район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Фоторепортаж

Байрам илажы даўамында районлық Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм Мәденият орайы жанындағы дөгерек ҳәм де жәмәәтлер қатнасыўшыларының концерт бағдарламасы жыйналғанлар ңәзерине усынылады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press