Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.69K subscribers
39.5K photos
4.81K videos
29 files
17.4K links
Download Telegram
15-май–Халықаралық шаңарақ күни

Бул сәне Бирлескен Миллетлер шөлкеминиң 1993-жыл 20-сентябрьдеги жалпы жыйналысы қарарына муўапық пүткил дүньяда белгиленип киятыр.

Шаңарақ - қәдирдан қорған.
Район ҳәкимлиги атынан ҳәр бир шаңарақты бүгинги байрам менен қызғын қутлықлаймыз. Шаңарақларыңызға беккем аўызбиршилик, өзлериңизге аманлық, дәстурханыңызға молшылық тилеймиз.
Қорғаныңыз беккем болсын, әзийзлер!


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Тәрбия

3-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Халықаралық шаңарақ күнине арналып ушырасыў өткерилди. Оған тәжирийбели устаз, "Меҳнат шуҳраты" ордени ийеси, 40 жылдан аслам ўақыттан берли өмирлик жолдасы менен шаңарағында татыў өмир сүрип киятырған үлгили ана Ғумшагүл Нызаматдинова қатнасты. Ол өз шығып сөйлеўинде өмир жолы, ондағы көрген қыйыншылықлары ҳәм жетискенликлери, өмирден алған тәжирийбелеринен гүрриң етти. Бахытлы шаңарақ қурыўдың сырларын айтып берди.
Буннан тәсирленген оқыўшы жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Ушырасыў мазмунлы өтти.

Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Билип_қойған_жақсы

Наўқас болмаў ушын ыссы ҳаўада кондиционерден қалай етип дурыс пайдаланыў керек?

📍Кондиционер, әлбетте, жақсы. Бирақ бөлмеде адам көп ҳәм олардың жасы түрлише болса, онда бөлме кимдур ушын ыссы, кимгедур суўық болады.

Машқаланы шешиў ушын сиз кондиционердиң ҳаўа ағымын төбеге қаратып қойың, бунда суўық ҳаўаның жөнелистеги ағымы инсанларға зыянын тийгизбейди ҳәм температура пүтин бөлме бойлап тең тарқалады.

Буннан тысқары, температураны 18 дәрежеге емес ал 21-22 дәрежеге дейин сазлаў керек, буннан пәс те емес - бул инсан денеси ушын ең жоқарғы температура. Керисинше болса ангина кеселлиги келип шығыў қәўпи пайда болады.
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Кучга куч қўшувчи умид алангаси ҳеч қачон сўнмасин. Ҳар қандай дардни енгишга қодир ирода ҳеч қачон букилмасин.

Надежда, делающая сильнее. Воля, способная победить любые болезни.

Facebook|Instagram|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Әлбетте мен «ГАИ» болып Президентимиздиң исенимин ақлайман!»

«Я обязательно
«Албатта мен «ГАИ» бўлиб Президентимиз ишончини оқлайман!»

«Я обязательно стану сотрудницей «ГАИ» и оправдаю доверие нашего Президента!»
Мүддетинен алдын пенсия тайынлаў тәртиби өзгерди

Бәнтлик ҳәм мийнет мүнәсибетлери министриниң буйрығы менен Жеке тийкарларға көре мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде жумыстан босатылған хызметкерлерге мүддетинен алдын пенсия тайынлаў тәртиби ҳаққындағы көрсетпеге өзгерислер киргизилди.

Ҳүжжет "Халық бәнтлиги ҳаққында"ғы ӨРН-642-санлы нызамына муўапық қабыл етилген.

Көрсетпе төмендеги себеплерге көре жумыстан азат етилген хызметкерлерге мүддетинен алдын пенсия тайынлаў тәртибин белгилейди: технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлер саны (штаты) яки жумыс түриниң өзгериўине алып келген жумыслар көлеминиң қысқарғаны ямаса кәрхананың тарқатылғаны.

Аталған шахсларға олар шәртли түрде жумыссыз деп тән алынған ҳәм зәрүр мийнет стажына ийе болған жағдайда мүддетинен алдын (нызам ҳүжжетлеринде белгиленген улыўма тийкарларға көре, пенсия тайынлаў мүддетинен еки жыл алдын) пенсияға шығыў ҳуқықы усынылады;

еркеклер - 58 жаста болып, мийнет стажы 25 жылдан кем болмаған жағдайда;

ҳаяллар - 53 жаста болып, мийнет стажы 20 жылдан кем болмаған жағдайда.

Бириншиден, "Халық бәнтлиги ҳаққында"ғы нызам жаңа редакцияда қабыл етилиўи мүнәсибети менен оларға муўапық Көрсетпе қабыл етилген НҲҲлер анықластырылды - "Халық бәнтлиги ҳаққында"ғы нызам 49-статьясы 8-бөлим, "Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында"ғы нызам 14-статьясы, МКниң 100-статьясы 2- бөлими 1-бап.

Екиншиден, белгилениўинше, жумыстан азат етилген шахслар мийнет шәртнамасы бийкар етилген күннен соң 30 календарь күн ишинде аймақлық халық бәнтлигине көмеклесиў орайына мүрәжат етсе, орай хызметкерлери 3 айлық дәўир ишинде (алдын - егер жумыстан азат етилгенлер 10 күн ишинде мүрәжат етсе) мақул келетуғын жумысты табыўда жәрдем бериўлери керек. Егерде азат етилген шахслар 30 календарь куннен кейин мүрәжат етсе, халық бәнтлигине көмеклесиў орайы хызметкерлери 10 күн мүддет ишинде мақул келетуғын жумысты табыўда жәрдем бериўлери керек.

Басқа өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген.


Дәрек: https://kun.uz/27740216
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар

Эфирде: Тахтакөпир районы. Қусшылықтан жәрдем.

Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Аналарға_кеңес

Балаға қосымша аўқат бериўди неден баслаў керек?

📝 Педиатр Фаррух Ўрмонов:

🥔 6 айлықтан палыз өнимлери пюреси

🍏 6 айлықтан мийўе пюреси

🥣 7 айлықтан гөжелер

🥛 7-8 айлықтан қатық өнимлери

🥩 7-8 айлықтан гөш пюреси

🐟 9 айлықтан балық пюреси
Өзбекстан Республикасы көркем өнер ғайраткери Баҳодир Йўлдошевтиң қайтыс болыўы мүнәсибети менен кеўил билдириў

https://kknews.uz/kk/80494.html
Билим алған мектебинде

Билим алған ана мектебиңниң орны ҳеш қашан жүрегиңниң төринен өшпейди. Сонлықтан да ол ҳәмийше сағындырады, өзине талпындырады.
Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Айжамал Жолдасбаева бүгинги күнде өз қәнигелиги бойынша журналистлик қәнигелиги бойынша жумысын алып барып атыр. Ол жақында өзи билим алған райондағы 13-санлы орта мектебинде болды. Устазлары, мектеп оқыўшылары менен ушырасты. Өзиниң мектептен соңғы өмири, билим алыў, кәсип ийелеў, жаңа өмирге жол алыўы ҳаққында айтып берди. Мектеп китапханасына өз китапларынан саўға етти.
Оқыўшылар да өзлерин қызықтырған сораўларын берип, жуўаплар алды.


Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Пайдалы_кеңеслер

ПАЛЫЗ ЕГИНЛЕРИН АЛМАСЛАП ЕГИЎ ҚАҒЫЙДАЛАРЫ

🥔1.КАРТОШКА
Егиў мүмкин емес: помидор, бурыштан кейин.
Егиў мүмкин: қыяр, капустадан кейин.

🥕2. ГЕШИР
Егиў мүмкин: картошка, помидордан кейин.

3. ЛӘБЛЕБИ
Егиў мүмкин: пияз, картошка қыярдан кейин.

🍅4. ПОМИДОР
Егиў мүмкин емес: картошкадан кейин.
Егиў мүмкин: ерте писер капуста, қыярдан кейин.

🥒5. Қыяр
Егиў мүмкин емес: кабачок, асқабақтан кейин.
Егиў мүмкин: ерте писер капуста, пияз, картошкадан кейин.

🥬6. Капуста
Егиў мүмкин емес: редиска, шалғамнан кейин.
Егиў мүмкин: қыяр, помидор, картошкадан кейин.

🍆7. БАКЛАЖАН
Егиў мүмкин емес: бурыш, помидордан кейин.
Егиў мүмкин: дәнлилер (лобия, мәш), қыяр, капустадан кейин.

🌶8. ДУШШЫ БУРЫШ
Егиў мүмкин емес: асқабақ, баклажаннан кейин.
Егиў мүмкин: капуста, қыярдан кейин.

🧄9. САРИМСАҚПИЯЗ
Егиў мүмкин: помидор, қыярдан кейин.

Дәрек: 👉@Karantin_Kitoblar👈
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бугунги брифингда Президент матбуот котиби Шерзод Асадов ўтган ҳафтада бўлган ва яқин кунларда кутилаётган расмий тадбирлар ҳақида маълумот берди.

Facebook|Instagram|Twitter
Шавкат Мирзиёев Тожикистонга ташрифи доирасида Хўжандга ҳам боради - ОАВ

Унга Тожикистон президенти Имомали Раҳмон ҳамроҳлик қилиши кутиляпти.

👉 https://kun.uz/66745093

Kun.uz Telegram каналлари👇

Ўзбекча | O‘zbekcha | Русская
Хабарландырыў

Ҳүрметли Тахтакөпир районы пуқаралары!

2021-жыл 18-май күни саат 11:00 де Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларындағы исбилерменлик субъектлериндеги бос жумыс орынлары ушын Қараөзек районы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде мийнет ярмаркасы өткериледи.
Егерде "Исбилермен - жасқа мәдаткар" атамасындағы мийнет ярмаркасынан өзиңизге қолай жумыс излеп атырған болсаңыз, мийнет ярмаркасына мирәт етемиз.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Министрлер Кеңеси Баслығы Қаҳраман Сариев Қарақалпақстанда онкологиялық кеселликлерди емлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер жөнинде айтып өтти.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi