Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.08K subscribers
36K photos
4.37K videos
29 files
16.1K links
Download Telegram
Олардың мәртлиги умытылмайды

Бүгин 9 май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни байрамы мүнәсибети менен район орайындағы "Шейитлер естелиги"гине гүл шеңберлери қойылды. Район ҳәкимлиги, ҳуқық қорғаў уйымлары, районлық қорғаныў бөлими хызметкерлери, мийнет нураныйлары, әскерлигин Аўғанстан жеринде өтеп келген жаўынгерлер, оқыўшы жаслар және кең жәмәәтшилик ўәкиллери жыйналып, илаж өткерилди. Район ҳәкими Ж.Адилов бәршени байрам менен қутлықлады. Бүгингидей тыныш-татыў өмиримиз ушын жанын пидә еткен ўатанласларымыз бизиң мақтанышымыз екенин атап өтти.

Илаж даўамында районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Арамызда Екинши жәҳән урысының отлы жылларында мийнет еткен, урыстан соңғы қайта тиклениў дәўириниң қыйыншылықларын аталарымыз бенен бирге көрген теберик жасы үлкен нураныйларымыз бар. Бийбихан апа Ҳәкимниязова менен ушырасыў арқалы еки әсирдиң инсанлары шеккен қыйыншылықлары менен бүгингидей бахытлы дәўирди аңлап жетиў қыйын емес. Тилекке қарсы бундай теберик инсанларымыз санаўлы. Районымызда 100 жастан асқан инсан Бийбихан апаның жалғыз өзи ғана.

Район ҳәкими Жамбул Адилов, районлық қорғаныў ислери бөлими баслығы Шерзод Мурадовлар нураный анаханлардың шаңарағында болып, олар менен жақыннан сәўбетлести. Саўға сәлемлерин инам етти.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Район атамасы қарақалпақ тилинде орнатылды

Қоңырат районы "Қарақалпақстан" посёлка пуқаралар жыйыны аймағынан өтиу́ши А-380 "Ғузор-Бухоро-Нукус-Бейнеу́" автомобиль жолының 1184 км.де жайласқан жол патруль хызмети постына қарақалпақ тилинде Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы атамасы орнатылды. Бул ҳаққында Қоңырат районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети хабар берди.

Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар

Эфирде: Тахтакөпир районы. 3-санлы мектеп жәмәәтиниң әдебий илажы ҳаққында

Каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#рамазан_2021 #қәдир_түни

Қәдир түнин қалай өткериў керек?

Қәдир түнинде арнаўлы ибадат атап өтилмеген. Бир ғана «Аллаҳумма иннака ъафуўўун, туҳиббул ъафўа фаъфуў ъәннәә” (яғный «Я Аллаҳ, әлбетте Сен гүнәларды әпиў етиўшисең, әпиў етиўди жақсы көресең, бизлерди әпиў ет») деген дуўаны қылыў ҳәдислерде усынылған. Әҳмийетлиси бул түнди ибадат, зикир, тиләўат, қайыр-иҳсан ҳәм басқа жақсы әмеллер менен өткериў керек. Бундай пурсатларда бир түр ибадат, мысалы, тек намаз бенен шекленбей, зикир қылынған барлық ибадат түрлерин қылыў усынылады.

❗️Қәдир түнинде қылыў усыныс етилетуғын айрым зикирлер:

1. "Әстағфируллооҳәл ъазийм ўә әтуўбу иләйҳ".

2. "Аллооҳуммә солли ъаләә сәййидинәә Муҳаммәдин ўә ъаләә әәлиҳи ўә соҳбиҳии ўә сәллим".

3. "Субҳаанәллооҳи ўәлҳамдулилләәҳи ўә ләә иләәҳә илләллооҳу ўәллооҳу әкбар".

4. "Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳии, субҳаанәллооҳил ъазиийм".

5. "Ләә ҳаўлә ўә ләә қуўўәтә илләә билләәҳи".

6. "Ҳасбияллооҳу ўә ниъмәл ўәкиийл".


https://t.iss.one/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Еслеў ҳәм қәдирлеў күни кишкенелер нәзеринде.10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшылары.
Видеороликти таярлаған Гүлмира Тажимуратова.
Душпанларға тек түнги пайытта ҳүжим жасаған, "түнги мәстанлар" атанған, мәрт рус ушыўшы қызлары 1941-жыл.
⚡️Коронавирус пенен кеселлениў көрсеткиши жоқары болғаны ушын Ҳиндстан ҳәм Туркияға авиақатнаўлар ўақытша шеклендиРеспубликалық арнаўлы комиссияның қарары.