Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5.69K subscribers
37K photos
4.5K videos
29 files
16.5K links
Download Telegram
⚡️Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейиниң жаңа имараты ашылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-июньдағы ПҚ-4375-санлы «Жас өспиримлерди әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў және Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери ҳәм мәмлекетлик хызмети ушын кадрлар резервин таярлаў системасын қәлиплестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы ИИМ Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейи шөлкемлестрилген еди.

Бүгин, 1-март күни Өзбекстан Республикасы ИИМ Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейи имаратының ашылыў салтанаты болып өтти. Бул ҳаққында Нөкис қаласы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
1-марттан көшебасы (көше бийи) үйбасыларына ҳәр айда компенсациялар төленеди

Әдиллик министрлигиниң мәлим етиўинше, 1-марттан мәҳәллениң жумысларында белсене қатнасып киятырған пуқараларға коммунал хызметлер ушын мәжбүрий төлемлер бойынша БЕМның 50 проценти (122 мың 500 сум) муғдарында ҳәр айда компенсация төлениўи белгиленбекте.

Бунда көшебасы ҳәм үйбасы жумысларының нәтийжелилиги бир қатар тийкарғы көрсеткиш арқалы баҳаланады. Олар бириктирилген көше яки үйде кеминде 3 ай даўамында жумыс ислегени көрсеткени есапқа алынады ҳәм өлшемлерден келип шыққан ҳалда 70 балдан жоқары балл топлаған жағдайда пул төленеди.

Компенсация пул төлеми төлениўи көшебасы ҳәм үйбасы мәҳәлле жумысларында актив қатнаспаған жағдайда мүддетинен алдын тоқтатылады. Буған қәрежетлер жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан ажыратылады. Оны Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги қадағалайды.

дәрек: Қорақалпоғистон хабарлари


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Не ушын салаттың аты Цезарь салаты деп аталған?

— Kөпшилик Цезарь салатын Рим папасы Юлий Цезарьдың ҳүрметине, оның аты солай аталған деп ойлайды. Ҳәттеки айырым аспазлар да.

— Лекин олай емес, Цезарь салатына бундай ат берилиўиниң себеби, салатты ойлап тапқан италиялы аспаз Цезарь Кардидиң аты қойылған.
Жай бузып атырған 3 адам дийўал астында қалып, көз жумды

Хожели районында 3 адам дийўалдың астында қалып көз жумды, деп хабар береди Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының Мәлимлеме хызмети.

Хабарға көре, 28-февраль күни саат 12:30 да Хожели районының «Мәденият» мәҳәллесинде жасаўшы пуқара А.А.ның ески үйин Б.Қ., С.Л. ҳәм Ж.Т.лар бузып атырған. Сол пайытта дийўал қулап түсип, үш адам да дийўалдың астында қалып, ўақыя орнында көз жумған.

Ўақыя бойынша районлық ИИБ ТБ Жынаят кодексиниң 257-статьясы 2-бабы «а» бәнти (мийнетти қорғаў қағыйдаларын бузыў адам өлиўине себеп болыўы) менен жынаят иси қозғатылған. Ҳәзир дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Тергеў ислери Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынған.

Иллюстратив сүўрет


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🌤 #Ҳаўа_райы

2-март күнги ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат

Гидрометеорология хызмети орайының берген мағлыўматына қарағанда, ертең – 2-март күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа-райы өзгерип турады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

Самал арқа-шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.

Температура түнде 0…-5 дәреже суўық, күндиз +3…+8 дәреже жыллы болады.
Оқытыўшылардың медициналық көриктен өтиўи пуллыма?

Өзбекстан Республикасыныӊ “Мийнетти қорғаў ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясы, Мийнет кодексиниӊ 166, 214-статьялары ҳәм “Хызметкерлерди медициналық көриктен өткериў тәртиби ҳаққында”ғы қағыйда (дизим номери 2387, 29.08.2012-ж.)ға тийкарланып, ис бериўши 18 жасқа толмаған шахслардыӊ ҳәм улыўма белгиленген пенсия жасына жеткен шахслардыӊ, майыплардыӊ, улыўма билимлендириў мектеплери, мектепке шекемги тәрбия ҳәм басқа мәкемелердиӊ тиккелей балаларға билим яки тәрбия бериў менен бәнт болған педагог ҳәм басқа тармақлардағы хызметкерлердиӊ Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте дәслепки тәризде (жумысқа алынғанда) ҳәм дәўирлик (мийнет жолы даўамында) мәжбүрий медициналық көриклерден өткерилиўин шөлкемлестириўи шәрт.
Медициналық көриклерди өткериў ўақытында хызметкердиӊ жумыс орны (лаўазымы) ҳәм орташа айлық ис хақысы сақланады. Медициналық көриктен өтиў мүнәсибети менен хызметкерлер шығымдар болмайды.

Рустем Курбанов
Тахтакөпир районы әдиллик
бөлими бас мәсләҳәтшиси


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Бәҳәр келди

Сөзи: Толыбай Қабулов
Музыкасы: Шарапатдин Пахратдинов

Базаргүл Кәримованың атқарыўында



Бәҳәр келди! Нәўбәҳәр келди,
Нурлы куяш жибитти жерди,
Қысқы тоқсан нәўбети енди,
Нәўбәҳәрдей асыға берди,
Әтшөк қуслар шақырғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден ҳәйкел тағынып келди.

Наз уйқыдан турып тәбият,
Қуслар көкти әйледи пәрият,
Үйрек ғазлар келген көклерге,
Нәўпир суўын тастырды дәрья,
Жерлер липас жамылғанында,
Сен бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ол ышқына табынып келди.

Қызлар тағып алтын сырғасын,
Ат көтермес назын, жылўасын,
Нәўбаҳәрге көрсетиў ушын,
Ертип шықты қурбы-қурдасын,
Олар моншақ тағынғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Гүлден липас жамылып келди.

Бәҳәр келди бийғәрез елге,
Қуўат берди, күш берди белге,
Әбиҳаят суўы сылдырап,
Жан берди ҳәм сән берди жерге,
Той дабылы кағылғанында,
Сен, бәҳәрди сағынбадың ба?

Бәҳәр сени сағынып келди,
Ашық болып аҳ урып келди.
Шайыр дөретпелери жас өспиримлер сахнасында

Районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы орта мектепте шайыр Зульфияның туўылғанына 106 жыл толыў мүнәсибетине арналған "Бәҳәр келди, сени сорап..." атамасында саз-сәўбетли әдебий кеше шөлкемлестирилди. Әдебий кешеде мектеп оқыўшылары шайыр Зульфияның қосықларынан тәсирли оқып берди. Бәҳәр пасылының қутлы кирип келиўин сүўретлейтуғын саз-сәўбет пенен әдебий кеше мазмунлы жуўмақланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Өзбекстан коронавирусқа қарсы дәслепки вакцинаны мәмлекетлик дизимнен өткерди

Zhifei Longcom Biopharmaceutical Co. Ltd компаниясы коронавирусқа қарсы вакцинаны жаратыўда Өзбекстанның үлеси ҳәм ҳәрекетлерин есапқа алып ZF 2001 вакцинаны бирге жаратқан мәмлекет сыпатында белгиледи.

Бул жаңа вакцинаны ZF-UZ-VAC 2001 атамасы менен биргеликте ислеп шығарыў ҳәм пайдаланыўға келисилгени билдирилди.

Фармацевтика тараўын раўажландырыў агентлигиниң хабар бериўинше, 2021-жыл 1-март күни ZF-UZ-VAC 2001 коронавипустың жаңа типине қарсы рекомбинат (СНО cell) вакцина медицина әмелиятында қолланыў ушын тийисли тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Бизге белгили, дәри-дармақлар қатарында вакциналарды да медицина әмелиятында қолланыўға мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин руқсат бериледи.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Ҳүрметли пуқаралар!

Райондағы "Атакөл", "Жаңадәрья" аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында бүгин 2-март күни саат 10:00 ден 18:00 ге шекемги аралықта 2-26Тсанлы трансформатор пунктлеринде киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул үзилислер ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.

Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🍫Териниң қартайыўын кемейтиўде ҳәр күни азырақтан қара шоколад жеў усыныс етиледи,
#Медиа_тур

Жаслар ертеңги келешегимиз. Олардың бүгинги мийнети келешектеги тийкарғы кәсибине бағдарлаўы да әбден мүмкин. Қосымша исбилерменлик жумысларын алып барыўы - дәрамат көзин табыўға, қурғын хожалық жаратыўға бағдарлайды. Районда жаслар тәрепинен қусшылықты раўажландырыўға дәслепки жолды жас исбилермен А.Рсекеев баслап берди. Жасларды жаңа жумыс орны менен таныстырыў, исбилерменликти баслаў ҳәм оны алып барыў барысы бойынша журналистлер бир топар жаслар менен биргеликте қусшылық фермасына медиа тур шөлкемлестирди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati