Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.53K subscribers
36.2K photos
4.4K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
Биология пәни оқытыўшылары ушын "Мастер класс"

10-санлы улыўма орта билим бериў мектеби базасында «Metodik-tour» жойбары тийкарында мектеплердиң биология пәни оқытыўшыларының қатнасыўында, жоқарғы оқыў орны доценти тәрепинен "Мастер класс" өткерилди. ҚМУниң «Улыўма биология ҳам физиология» кафедрасы доценти С. Сейтназаров биология пәнин оқытыўда интерактив методлардан пайдаланыў бойынша мағлыўматлар берди. «Рефлексия», «Т схема», «Кроссворд жумбақ», «Сыйқырлы гүллер», «Венн диаграмасы», «Не ушын», «Атанақлар ҳәм бослықлар», «Пирамида», «Классификация», «Криптограмма», «Метаграмма», «Синквейн», «Анимациялы тест» усылларының үлгилерин презентация жәрдеминде көрип шығыўды ҳәм тарқатпа материаллар жәрдеминде биргеликте орынлаўды усынды.
Пән оқытыўшылары өзлериниң пикир усынысларын билдирди.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
10-санлы мектептиң биология пәни оқытыўшысы Г.Аманиязова өткерилген "Мастер класс" ҳаққында сөз етеди
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Әне_қалас

Сан-Франциско қаласында "снос"қa түскен 139 жыллық имарат басқа мәнзилге "көширип өткерилди"

▪️Имараттың орнына 8 қабатлы үй қурылысы режелестирилген еди. Ийеси имаратты сақлап қалып оны көшириў ушын $400 мың сарплаған ҳәм 15 қала агентлигинен рухсат алған.
ХАЛЫҚҚА ЖАҚЫН

Ҳурметли пуқаралар!


Өзбекстан Республикасы Олий судының Telegram мессенжеринде @suduzbot бағдарламасы иске түсирилди!

Бул бағдарламаның тийкарғы ўазыйпасы – пайдаланыўшылар тәрепинен пуқаралық ислери бойынша судлардың жумыслары тийкарында киргизилген сораў ҳәм мүрәжатларға тез жуўаплар бериўден ибарат.

Пуқаралық ислери бойынша судқа мүрәжат еттиңиз, лекин:

♦️ Мүрәжатыңыз бойынша тийкарсыз бийкарлаў жуўаплары берилип атырма?

♦️ Даўа арзаңыз өз ўақтында көрип шығылмадыма?

♦️ Артықша әўерегершиликке жол қойылдыма?

♦️ Исти мазмуны жағынан көрип шығыў тийкарсыз рәўиште созып жиберилдиме?

♦️ Суд ҳүжжети белгиленген ўақытта усынылмадыма?

♦️ Судьялар ҳәм суд хызметкерлериниң қарым-қатнасынан наразысызба?

♦️ Коррупция яки дәмегөйлик жағдайларына дус келдиңизбе?

Бундай жағдайларда дәрҳал Өзбекстан Республикасы Олий судына Telegram мессенжериндеги
@suduzbot арқалы мүрәжат етиң!

Ҳәр бир мүрәжат итибарымыздан шетте қалмайды!

Өзбекстан Республикасы Олий суды бәршеңизди белсенди пуқаралық позициясына ийе болыўға шақырады!

Ҳүрмет пенен,
Халилилло Турахужаев,
Олий суд баслығының орынбасары
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
COVID-19 ҒА ҚАРСЫ ВАКЦИНА ҲАҚҚЫНДА НЕЛЕРДИ БИЛИЎИМИЗ КЕРЕК?

Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмәәт саламатлығы хызметиниң Жәмәәтшилик пенен байланыслар бөлими

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Әмиўдәрьяға ағып кеткен көпир қайта тикленбекте. Қарақалпақстандағы 3 көпирдиң жумысы ўақытша тоқтатылды

Ҳаўа-райының кескин суўып кетиўи нәтийжесинде Әмиўдәрья районындағы Жумыртаў Пантон көпирдиң жумысы ўақытша тоқтатылды. Қалың муз ағызып кеткен көпир бөлеклери кеше сол күни 13:00 де өз орнына қайтарылып, оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан Транспорт министрлиги Мәлимлеме хызмети қолайсыз ҳаўа-райы нәтийжесинде республика аймағындағы Қыпшақ, Жумыртаў ҳәм Төрткүл Понтон көпирлериниң ҳәрекети ўақытша тоқтатылыўын хабарлады.

дәрек: Қорақалпоғистон хабарлари


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
"Ашық сабақ"та ата-аналар

Билимниң тийкарғы тырнағы - баслаўыш класстан басланады. Сонлықтан да ата-аналар ҳәр қашан да перзентлерин өз кәсибиниң маманы болған муғаллимлер оқытыўын қәлейди. Тәжирийбели устаз, 1-санлы орта мектептиң баслаўыш класс муғаллими Гүлзийра Абдиева ата-аналар менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойған. Сонлықтан да 1-класқа математика пәнинен өткерген ашық сабағына ата-аналар да қатнасты. Олар ул-қызларының сабақ ўақтындағы қызығыўшылығына, тәртибине, сабаққа қатнасына өзлери гүўа болып, бақлап барды. Сабақ соңында устазға өз пикирлерин айтып, миннетдаршылық билдирди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Таҳлилнома | Диний-маърифий соҳадаги ислоҳотлар –
Султон Увайс Қараний зиёратгоҳи мажмуасининг очилиши


#uzbekiston24

religions.uz | Telegram | Youtube | instagram | twitter
Дронлар жоқ пайытларда. Лондон, 1929-жыл.
Алыс ҳәм шетки аймақларда жайласқан бюджет медициналық бирлеспелериндеги бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўмат

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2912
Қызылқумнан алдын илимге намәлим болған динозавр сүйеклери табылды

https://kknews.uz/kk/74948.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Түркменстан аймағынан жыллы ҳаўа массалары кирип келмекте

Усы ҳәптениң жумыс күнлери соңында республикамыз аймағы Россияның Европа аймағы арқалы кирип келген оғада суўық ҳаўа массалары тәсири астында болды. Қарақалпақстанда 20-22 градус, соның ишинде, Үстиртте 23-25 градусқа шекем суўық болды. Күндизги ўақытларда ҳаўаның температурасы 8-10 градус суўық дөгерегинде болды.

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, бүгиннен баслап суўық ҳаўа массалары республикамыз аймағынан шыға баслайды. Оның орнына Түркменстан аймақларынан жыллы ҳаўа массалары кирип келмекте.

Дем алыс күнлери ҳаўаның жылыўы даўам етеди. Екшемби күнине келип, түнде 3-5 градус суўық, күндиз 7-12 градус жыллыға шекем көтериледи.

Қарақалпақстанда айырым жерлерге бираз қар жаўыўы күтиледи.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.
🌤 #Ҳаўа_райы

27-февраль күнги ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат

Гидрометеорология хызмети орайының берген мағлыўматына қарағанда, ертең – 27-февраль - шемби күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа-райы өзгерип турады, айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

Самал арқа-шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.

Температура түнде -10…-5 дәреже, күндиз -3…+2 дәреже болады.
"Ўзбекистон Республикаси Молия вазирлиги ҳузуридаги қишлоқ хўжалигини давлат томонидан қўллаб-қувватлаш жамғармаси фаолиятини тубдан такомиллаштириш тўғрисида" Президент фармони қабул қилинди

Унга кўра:
агротехник тадбирларни, жумладан, кузги шудгорлашни ва экин майдонларига минерал ўғитларни солишни ўз вақтида таъминлаш мақсадида 2022 йил ҳосилидан бошлаб пахта хомашёсини етиштириш харажатларини молиялаштириш тегишли молия йилидан олдинги йилнинг 1 ноябридан бошланади;

пахта йиғим-терими учун тижорат банклари томонидан ажратилган кредитлар бўйича фоиз ставкасининг бир қисмини қоплаш учун компенсация тўлаш Жамғарма ҳисобидан амалга оширилади.

"ЎзА"да батафсил

РАСМИЙ ХАБАРЛАР 👇👇👇
t.iss.one/Rasmiy_xabarlar_Official