Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.26K subscribers
36.9K photos
4.47K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Наманган вилоятига жўнаб кетди.
Ташрифдан асосий мақсад – аввал қўйилган вазифалар ижросини кўриш, маҳаллалардаги шароитни ўрганиш, аҳолини ўйлантираётган муаммолардан келиб чиқиб, навбатдаги режаларни белгилаш.
Сафар давомида саноат корхоналари, қишлоқ хўжалиги лойиҳалари, бунёдкорлик ишлари билан танишиш режалаштирилган.

Президент Шавкат Мирзиёев отбыл в Наманганскую область.
Главная цель поездки – ознакомление с исполнением поставленных ранее задач, изучение условий в махаллях, определение дальнейших планов исходя из волнующих население проблем.
Запланировано посещение промышленных предприятий, ознакомление с сельскохозяйственными проектами и проводимой созидательной работой.

#Mirziyoyev #safar #Namangan

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Жаслар менен ислесиўдиң жаңа системасын енгизиў бойынша Ташкент ўәлаяты тәжирийбеси үйренилмекте

Бүгин Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы А.Данияров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери бойынша секретариат баслығы Б.Аймбетов ҳәм Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары Б.Ильясовлар Ташкент ўәлаятында болып турыпты.

Бул сапардың тийкарғы мақсети Ташкент ўәлаятында енгизилген жаслар менен ислесиўдиң жаңаша системасын үйренип шығыў ҳәм оны Қарақалпақстан шараятына бейимлестириў арқалы әмелде қолланыўдан ибарат.


ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Қарақалпақстанлы 3 студент «Жыл студенти-2020» таңлаўында жеңимпаз болды

Самарқандтағы «Жаслар орайы»нда студентлер арасында дәстүрий «Жыл студенти-2020» таңлаўының сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда қарақалпақстанлы 3 студент лауреатлар қатарынан орын алды: ⤵️

1️⃣ ҚҚМУ студенти Клара Дарменбаева «Жылдың ең белсенди спортшы студенти» номинациясында 1-орынды;
2️⃣ Өз МКМИ студенти Азизбек Алламуратов «Жылдың ең белсенди дөретиўши студенти" номинациясында 3-орынды;
3️⃣ ҚҚМУ студенти Адилбек Латипов «Жылдың ең белсенди дөретиўши студенти"
номинациясында 3-орынды қолға киргизди.

Мағлыўмат ушын, таңлаўда 7 мыңнан аслам студент қатнасып, 427 ҳүжжет саралап алынды. Оннан 21 студент жеңимпаз ҳәм лауреат болды.

дәрек: Қорақалпоғистон хабарлари


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#күн_тарийхы

1️⃣8️⃣-февраль сәнесинде жүз берген әҳмийетли тарийхый ўақыялар

👰‍♀ 1386-жыл —Литва Уллы князы Жагиелло поляк маликасы Ядвигаға үйленген;

🇺🇸 1861-жыл— Жефферсон Девистиң инаугурация мәресими болып өткен ҳәм Америка Конфедератив Штатлары Президенти лаўазымына кирискен;

✈️ 1911-жыл — Ҳиндстанда биринши мәрте почта пәрўазы әмелге асырылған. Ушыўшы Анри Пикуэт Аллаҳабаттан Нейни қаласына (аралығы 13 км) 6,5 мың хат ҳәм 250 открыткаларды жеткерип берген;

📌 1913-жыл — Фредерик Содди изотоп атамасын пәнге киргизген;

🎞 1929-жыл — Оскар сыйлығы биринши рет ийелерине тапсырылған;

🪐 1930-жыл — Америкалы астроном Клайд Томбау Лоуэлл обсерваториясында Қуяш системасындағы тоғызыншы планета — Плутонды тапқан;

📌 1948-жыл — СССР ҳәм Бирма Аўқамы (ҳәзирги Мянма Аўқамы) арасында дипломатиялық мүнәсибетлер орнатылған;

🇬🇲 1965-жыл — Гамбия Уллы Британиядан ғәрезсизликке ерискен;

📌 1986-жыл — Борис Елцин КПСС Орайлық Комитети Сиясий бюросының ағзалығына сайланған;

🇺🇿🇬🇧 1992-жыл — Өзбекстан ҳәм Бирлескен Каролликтиң арасында дипломатиялық байланыслар орнатылған;

📌 1995-жыл — Ташкентте Өзбекстан "Адолат" социал-демократиялық партиясының биринши шөлкемлестириў съезди болып өткен.Партияның режеси ҳәм бағдарламасы тастыйықланған;

🔥 2003-жыл — Оңтүслик Кореяның Тегу қаласында өрт пайда болып, нәтийжеде 198 адам көз жумған;

💣 2004-жыл — Иранның Нишопур қаласында поезд жарылып, шама менен 300 адам набыт болған, бес жүзге жақын адам жарақат алған;
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Оқыў курсы басланды

«Ҳаяллар дәптери»инде турған 35 жасқа шекемги ҳаял-қызларды барлық зәрүр шараятлары менен тәмийинленген IТ санлы технологиялар орайында оқытыўдың ашылыў салтанаты болды. Оқыў курсының ашылыў салтанатында район ҳәкиминиң орынбасары, районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң баслығы М.Щербеков ҳәм басқа шығып сөйлеўшилер оқыў курсының абзаллықлары ҳаққында ҳәм ең жақсы қатнасыўшыларға сертификатлар тапсырылатуғынын атап өтти.
Орай интернет тармағына жалғанған болып, заманагой санлы технологиялар, компьютер билими, электрон саўда, бағдарламалаў тийкарлары, компьютер графикасы, веб-дизайн, робототехника бойынша қызығыўшыларды үйретиўши оқыў курслары ушын компьютер класы, оқыў залы ҳәм киберспорт ханалары шөлкемлестирилген. Оқыў еки сменада болып, 4-март күнине дейин 20 ҳаял-қызды оқытыў даўам етеди.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
ӨЗБЕКСТАНДА КӘРХАНА АШЫЎДА ЕҢ КӨП КАПИТАЛ КИРГИЗГЕН МӘМЛЕКЕТЛЕРДИҢ АТЫ АНЫҚЛАНДЫ

https://kknews.uz/kk/74310.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🌤 #Ҳаўа_райы

19-февраль күнги ҳаўа райы ҳаққында

Гидрометеорология хызмети орайының берген мағлыўматына қарағанда, ертең – 19-февраль, жума күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа-райы өзгерип турады, айырым жерлерде жаўын-шашынның изи қарға айланыўы мүмкин.

Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 17-22 м/с ге дейин күшейеди.

Температура түнде 0…-5 дәреже, күндиз 0…+5 дәреже жыллы болады.
Сектор басшылары халықтың арасында

"Қараой" аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 10-санлы орта мектепте районның төрт сектор басшыларының аўыл пуқаралары менен ушырасыўы өткерилди. Ушырасыў даўамында халықтың, соның ишинде жумыссыз жаслар менен ҳаял-қызлар тәрепинен билдирилген мүрәжатлары тыңланды. Олар өзлерин жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде исбилерменликти баслаў ушын кредит алыўдағы машқалаларын айтты. Бул бойынша "Халқ банк" филиалы баслығына көрсетпелер берилди. Ушырасыўға қатнасқан "Өзбекстан" мәкан пуқаралар жыйыны турғынының үй алды егислик жерине суў жеткериў мақсетиндеги мүрәжаты бойынша районлық ирригация бөлимине тапсырмалар берилди.Бундай ушырасыўлар даўам етип атыр.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры сахнасында, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, көрнекли шайыр Тилеӳберген Қупбатулла улы Жумамуратовтың туӳылғанына 106 жыл толыӳ мүнәсибети менен еске тусириӳ кешеси болып өтти

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
АДАМЗАТ

Адам-адам болғалы,
Қолына қурал алғалы,
Жақсылық пенен жаманлық,
Билгирлик пенен наданлық,
Бир-бирине болып жаў,
Үзилмеди, жәнжел-даў.
Қутырған соң жаманлық,
Болмады ҳеш аманлық:
Дәўлет ушын, бақ ушын,
Ҳәмел ушын, тахт ушын,
Ийтлик етип қыймаға,
Сыймағандай дүньяға,
Артық-аспай жер ушын,
Байлық ушын, ел ушын,
Болар-болмас мин ушын,
Дәстүр ушын, дин ушын,
Өгиз болып сүзисти,
Қораз болып жулысты,
Түлки болып өбисти,
Жылқы болып тебисти,
Арысландай айқасты,
Айыўлардай шайқасты,
Бир-бирине от басты,
Жылан болып уў шашты,
Асаўлардай туўласты,
Сағаллардай шуўласты,
Бир тынбады удайы,
Ғарғағандай қудайы,
Ҳеш ким аман қалмады,
Барлығын жер жалмады,
Әй, адамзат, адамзат,
Жасасаңшы парахат,
Билмедиң бе еле сен,
Урыспай-ақ өлесең.


Тилеўберген Жумамуратов