Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.29K subscribers
36.9K photos
4.47K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
Көшпели хызметлер - аўылларға

Районлық мәмлекетлик хызметлер орайы ҳәм районлық ПҲАЖ бɵлими хызметкерлери район орайынан алыс аймақта жайласқан "Белтаў" аўыл пуқаралар жыйынында болып, кɵшпели мәмлекетлик хызметлер кɵрсетти.
Көшпели хызметлер даўамында пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан қурып питкерилген суў тармақларына (ЭКОС) жалғаныў, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары ҳаққында, некеде турмаслығы ҳаққында мағлыўматнамаларды алыў ҳәм балалар бақшасына жолламалар алыў бойынша, жәми 65 тен аслам мәмлекетлик хызметлер кɵрсетилди.
Сондай-ақ, усы аймақта жасаўшы жас хожалық ийелери болған Ж.Бақбергенов ҳәм К.Пиязовалар кɵшпели түрде некеден ɵткерилди. Қ.Жакеевтиң мүрәжаты бойынша некеден ɵткерилгенлиги ҳаққындағы гуўалығының жойтылыўына байланыслы, неке гуўалығынан (дубликат) кɵширме берилди.
Иләж даўамында аймақ турғынларына 100 ден артық ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип, исбилерменлик искерлиги ҳәм де тараўға байланыслы ислеп шығылған буклетлер тарқатылды.
Ɵз гезегинде аймақ турғынлары кɵрсетилген кɵшпели мәмлекетлик хызметлер ушын ɵз алғысларын билдирди.
Солай етип, аўыл халқының қалаға қатнайтуғын және бир мүтәжы жеңилленип атыр.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Хабарландырыў

Райондағы "Дослық гүзары" көшесинде қайта реконструкция жумыслары алып барылыўы себепли, усы көше бойындағы байланыс линиясынан пайдаланып турған "Мүлик", "Жаңадарья", "Тахтакөпир" аўыл пуқаралар жыйынлары аймақлары менен Ўатан, Х.Яссаўий көшелери ҳәм усы жол бойындағы көп қабатлы жайлар, мәкеме, кәрханалардың телефон интернет хызметлери 21-январьдан 31-январь күнлери аралығында ўақытша үзилиске түсетуғынын хабарлаймыз

Тахтакөпир районлық телекоммуникация тармағы

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақ халқының миллий дөретпелери дүнья музейлериниң дүрданаларына айланған

Қарақалпақ ҳаял-қызларының миллий бас кийими Сəўкеле Москва қаласындағы Шығыс көркем өнери мəлекетлик музейинде сақланбақта.

Сəўкеле - бул жүдə əййемги дəўирлерден киятырған аналарымыздың, ҳаял-қызлардың бас кийими есапланып, ол еки бөлимнен ибарат яғный, бириншиси тумақ ямаса төбелик деп аталса екиншиси қуйрықша яки ҳалақасы деп аталады.

Сəўкелеге көздиң жаўын алатуғын қызыл маржан ҳəм гүмис тағылған, ҳəм ҳəр түрли қымбат баҳалы таслар, ғайры нағыслар менен безелген. Ол Қарақалпақ халқының миллий қол өнериниң баҳалы дөретпеси болып табылады.


@QResMinistrlerKenesi
🌧 #Ҳаўа_райы

21-январь күнги ҳаўа-райы бойынша мағлыўмат

Гидрометеорология хызмети орайының мағлыўматына қарағанда, ертең – 21-январь, пийшемби күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, айырым жерлерде қар жаўады.

Самал батыстан 7–12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 17–22 м/с.қа күшейеди.

Температура түнде ҳәм күндиз 0…–5 дәреже суўық болады.

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#cтатистика

📈Нөкис қаласы ҳаққында статистикалық мағлыўматлар:

🔹 Халық саны – 324,0 мың адам;

Соннан:

🔸еркеклер – 49,4%, 🔺ҳаял-қызлар – 50,6%;

🔹Миллий қурамы:

қарақалпақлар – 58,0%;
өзбеклер – 14,7%;
қазақлар – 20,9%;
басқа миллет ўәкиллери – 6,4%.

🏢Мәкан пуқаралар жыйынлары саны – 61;

Мағлыўматлар Нөкис қалалық статистика бөлимине тийкарланып қала ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети тәрепинен жәрияланған.

дәрек: Қарақалпақстан хабар агентлиги


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Дәўир_қаҳарманлары

Ферғаналы информатика пәни оқытыўшысының Олимпиадаға алып барған барлық оқыўшылары жеңимпаз болды

Одинахон Йулдашева Ферғана ўәлаяты Өзбекстан районы 65-ҚМУМИ информатика ҳәм ахборот технологиялары пәни оқытыўшысы, Халық билимлендириў ағласы.

Одинахон Йўлдошеваның оқыўшылары ҳәр жылы пән олимпиадаларында ўәлаят ҳәм Республика басқышларында жеңимпаз болады.

Усы жылы да жақсы нәтийжеге еристи: Оның 9-10-11-класлардан алып шыққан 9 шәкиртиниң бәри ўәлаят пән олимпиадасында анық жеңисти қолға киргизип, Республика басқышына жоллама алды.

Бундай нәтийжеге ерисиўде устаздың оқыўшылары менен биргеликте тыным билмей шуғылланыўы ҳәм өз кәсибине шын кеўили менен хызмет етиўи себеп.

Сизде де мине усындай өз исиниң ҳақыйқый пидайы оқытыўшылары ҳаққында мағлыўмоатлар болса, бизге (
@Laylo_xtvpress) жазып жибериң. Биз оларды әлбетте басқаларға үлги етип көрсетемиз.

Халық билимлендириў министрлиги


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
💵 Нөкисте принтерден қәлбеки пул шығарып, пайдаланыўға киргизген пуқара усланды

Нөкис қаласында исбилермен сыпатында жумыс алып барып атырған Т.Ж. дүканында саўдадан түскен пулларды есап-китап етип атырғанда, кассадағы еле бели бүгилмеген бир дана 100 мың сумлық купюра онда гүман туўдырады.

Ол жағдай бойынша ишки ислер уйымларына хабар берген. Нәтийжеде, сол пулдың қәлбеки екенлиги мәлим болған. Оны пайдаланған шахс Нөкис қаласында жасаўшы 1999-жылда туўылған И.Н. исмли пуқара дәрҳал қолға алынады.

Тергеўге дейинги тексериў ислери даўамында И.Н. пулды өзиниң жасаў мәнзилинде «Canon» реңли принтеринде шығарғаны анықланып, үйинен және 4 дана усындай купюра табылған.
Ҳәзир оған жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

дәрек: Қорақалпоғистон
хабарлари

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Жаңа технологиялар енгизилиўде

Тахтакөпир районындағы «Досым шеге» фермер хожалығында «Аўыл хожалығында суў үнемлеўши технологияларды енгизиў, тамшылатып, жамғырлатып ҳәм дискетли суўғарыў технологиялары менен танысыў, быйылғы бәҳәрги атыз жумысларына қатнасатуғын аўыл хожалығы техника ҳәм агрегатларды ремонтлаў жумыслары бойынша» көргизбели семинар-кеңес болып өтти.
Семинар-кеңеске республикалық аўыл, суў хожалығы министрликлери, район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, коммерциялық банклер, пахта- ғәллешиликке қәнигелестирилген фермер хожалықлары баслықлары менен барлық аўыл хожалығы қәнигелери қатнасты.
Районда 2021-жылы 15 фермер хожалықларында жәми 1060 гектар майданға суў үнемлеўши технологияларды енгизиў режелестирилди. Соннан 560 гектар майданда тамшылатып суўғарыў технологиясы ҳәм 500 гектар майданда ийилиўшең қубырларды енгизиў режелестирип алынды.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Ҳүрметли пуқаралар!

Райондағы "Тахтакөпир" посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында бүгин 21-январь күни саат 15:15 минут өткеннен 18:00 ге шекемги аралықта 108-172-санлы трансформатор пунктлеринен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул үзилислер ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.


Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati