Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.08K subscribers
35.9K photos
4.37K videos
29 files
16.1K links
Download Telegram
Шығармалар таңлаўы жеңимпазы болды

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайының басламасы менен “Ѳзбекстан - мениң бахтым, мениң келешегим!” атамасында шығармалар таңлаўы өткерилди.

Таңлаўдың районлық басқышында 3-санлы қәнийгелестирилген мектептиң 11-класс оқыўшысы Сағынбаева Камила жеңимпаз болып, республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизген еди. К. Сағынбаева Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы академиялық лицейде өткерилген таңлаўдың республикалық басқышында 16 район көлеминде қатнасқан оқыўшылар арасынан сыйлы үшинши орынды алыўға еристи.

Жеңимпазымызға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Орайлық Азия тоғайлықларының 20 процентин қурайтуғын Қарақалпақстандағы биорезерватқа пресс-тур (+фото)

https://kknews.uz/kk/66393.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы нызамға (https://www.lex.uz/acts/3137130) муўапық, мектептеги дем алыслардың (каникул) мүддети төмендегише белгиленген:

👉 гүзги дем алыс 4-ноябрьден баслап 6 календарь күн;

👉 қысқы дем алыс 28-декабрден баслап 14 календарь күн;

👉 бəҳəрги дем алыс 21-марттан баслап 7 календарь күн;

👉 жазғы дем алыс — соңғы басқышлы қадағалаў сынағы өткерилген күннен (басқышлы қадағалаў өткерилмейтуғын класлар ушын оқыў жылы жуўмақланған күннен кейинги күннен) баслап 1-сентябрге шекем.
Дем алыстың соңғы күни байрам (жумыс ислемейтуғын) күнге туўра келип қалған жағдайда, сабақлық шынығыўлар кейинги жумыс күнинен баслап даўам етиледи.
1-класс оқыўшылары ушын февраль айы даўамында қосымша бир ҳəптелик дем алыс белгиленеди.

дәрек:@QresMinistrlerKenesi
Билимлендириў системасын жетилистириўге қаратылған пәрман жойбарына халық билимлендириў системасын жетилистириў бойынша 700 ден аслам усыныслар келип түсти

Халық билимлендириў министрлиги Мәлимлеме хызмети мағлыўматына қарағанда, әйне күнлерде елимизде тәлим-тәрбия системасын және де жетилистириў, илим-пән тараўын раўажландырыў мәселесинде қабыл етилиўи күтилип атырған әҳмийетли Пәрман жойбары кең түрде додаланбақта.

Республикамиздың барлық аймақларында өткерилип атырған жойбар додалаўларында жергиликли ҳәкимликлер, халық билимлендириў басқармасы баслықлары, мектеп директорлары ҳәм оқытыўшылар қатнаспақта.

Тараў ўәкиллери Пәрман жойбарында жәрияланыўы нәзерде тутылып отырған әҳмийетли жаңалық ҳәм өзгерислер бойынша өз ой, пикирлерин билдирмекте.

Еслетип өтемиз, Пәрман жойбары Regulation.gov.uz жойбарлар порталына қойылған болып, бүгинги күнге дейин порталда халық билимлендириў системасына байланыслы 200 ге жақын усыныслар келип түскен. Буннан тысқары Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен арнаўлы сораўнама ислеп шығылған болып, ол арқалы жәми 500 ден аслам усыныс ҳәм пикирлер жиберилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы жойбары 2020-жылдың 8-ноябрине шекем даўам етеди.

Пәрманның толық жойбары менен https://regulation.gov.uz/ru/document/23678 усы силтеме арқалы танысқан ҳалда ол бойынша өз усыныс ҳәм пикирлериңизди билдириўиңиз мүмкин. Усыныслар анық, халық билимлендириў тараўында бар болған системалы машқаланы шешиўге қаратылған болыўы мақсетке муўапық.

@Rasmiy_xabarlar_Official

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Зийўар» атлы фильмниң премьерасы тез арада халқымыздың нəзерине усынылады.

@QresMinistrlerKenesi
⚡️ Өзбекстанда ноябрь айы — “Кекселер ушын туризм айлығы” деп жәрияланды.

Мийманханалар, авиа, темир жол ҳәм автобус билетлери баҳаларына, мәдений мийрас объектлерине кириўге жеңилликлер бериледи.

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Миллий байлығымыз есапланған пахта өнимин терип-жыйнап алыўда дийқанларымыз бар күш жигерин жумсады десек, асыра айтқан болмаймыз. Быйылғы зүрәәттиң өз ўақтында жыйнап алыныўында тәбият та қарасты, жаўын-шашын болмады. Деген менен егислик ҳәм оннан соңғы ғаўаша тәрбиясы дәўиринде дийқанларымыз суў мәселесинен қыйыншылық көрмеди деп те айта алмаймыз. Бар суўдан үнемли пайдаланып, көмекшилердиң жәрдеми менен үлкен аўызбиршилик себепли район фермер-дийқанлары гүзги зүрәәтте жүзлери жарқын болып, мәмлекетлик жобаны орынлап шықты.
Райондағы 123 фермер хожалығы 2910 гектар жерге егилген шигиттен мәмлекетке 6250 тонна пахта шийки затын жыйнап тапсырыў ушын "Халқабад пахта тазалаў" акционерлик жәмийети менен шәртнама дүзген еди. Фермер хожалықлары 6257 тонна пахта тапсырып өз ўазыйпалары үстинен шығыўға еристи.
Дийқанларымыздың бүгинги шашлаған қырманына көз айдын айтамыз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Бизиң каналымыз!👇
https//
t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Ҳүрметли пуқаралар!

Райондағы "Тахтакөпир" посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында бүгин 30-октябрь күни саат 09:50 ден 18:00 ге шекемги аралықта 1-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул насазлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.

Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
"Русша-қарақалпақша" сөзлик дүнья жүзлик Playmarket программалары базасына жайластырылды

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республика оқыў методика Орайының методистлери М.Бердибаева ҳәм А.Жоламановлар тәрепинен сырт ел экспертлери (Израил, Ҳиндстан ҳәм Россия) менен биргеликте улыўма орта билим бериў мектеп оқыўшылары ушын смарт телефонларынан пайдаланып “Қарақалпақша-русша”, “Русша-қарақалпақша” сѳзлигин жаратқан еди.

Мине, усы "Қарақалпақша-русша", "Русша-қарақалпақша" сөзлик дүнья жүзлик Playmarket программалары базасына жайластырылды. Енди пүткил дүнья жүзи, қалаберсе, қарақалпақстанлы оқыўшы-жаслар, сондай-ақ, туристлер ҳәмде тағы басқа тараў хызметкерлери смарт телефонлар арқалы бул сөзликлерден пайдаланыў имканиятына ийе болмақта.

Силтемеси: https://play.google.com/store/apps/details?id=zeev.fraiman.phrasebookkr

Халық билимлендириў министрлиги Мəлимлеме хызмети
Ҳаяллар форумы өткерилди

Тахтакөпир районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими ҳаял-қызлар жәмәәтшилик кеңесиниң шөлкемлестириўи менен 11-санлы орта мектепте, 15-санлы мектепке шекемги билимлендириў мекемеси ҳәм районлық медицина бирлеспеси басланғыш шөлкемлери баслықларының қатнасыўында "Ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин асырыў бойынша басланғыш шөлкемлердиң тәжирийбеси" атамасында ҳаяллар форумы өткерилди.
Форумды мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының биринши орынбасары А.Аллиярова басқарып барды.Форумда ҳаял-қызлардың жәмийеттеги тутқан орны, сиясий белсендилиги, гендер теңлиги мәселелери сөз болды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
ГАЗ ҚУРЫЛМАЛАРЫНАН ПАЙДАЛАНҒАНДА ҚӘЎИПСИЗЛИКТИ УМЫТПАҢ!

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati