Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.25K subscribers
36.9K photos
4.47K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
2021—2022-жылларда электр энергиясы тарифлери көтерилмейди

“Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети баслығы Улуғбек Мустафаевтиң атап өтиўинше, Президент Шавкат Мирзиёев 2021-2022-жылларда электр энергиясы тарифлерин көтермеў бойынша тапсырма берген.
Ҳүрметли пуқаралар!

Райондағы "Тахтакөпир" посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында бүгин 29-октябрь күни саат 10:00 ден 18:00 ге шекемги аралықта 1-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул насазлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.

Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
❗️Коронавирустың жуғыўшаңлығы себеби анықланды

Британияның Фрэнсис Крик институты алымлары лаборатория тәжийрибесин өткерди. Анықланыўынша, коронавирустың «тажлары» клеткаларға беккем биригип, организмге кириў ушын 10 түрли формаға айлана алады.

🦠 «Грипптиң де, АИВ (адам иммунитет жетиспеўшилиги вирусы)ның да бундай қурамалы кириў механизми жоқ», деб айтылған изертлеўде.

Коронавирус «тажлары» лаборатория шәраятында түрли формаларға жүда тез — 60 секундта кире алған. Бирақ реал шәраятларда оған буның ушын көбирек ўақыт талап етиледи.

🔎 Алымлардың пикиринше, коронавирус өзин антиденелер тәрепинен анықланыўдан қорғаў ушын усындай трансформация етеди.

Бул изертлеў вирустың буншелли жуқпалы екени ҳәм оған қарсы қалай гүресиў кереклигин түсиниўде жәрдем береди.

@koronavirusinfouz
#ниқобтақинг
#масофасақланг

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Наманганда қала ҳәм районлық ҳәкимликлердиң Мәлимлеме хызмети басшыларына Спарк автомобилин тапсырыў мәресими болып өтпекте.
Бүгинги күнде халқымыз шет ел валюталарын пана жерлерде қолдан-қолға өтип емес, ал нызамлы түрде орынлардағы банклерде алмастырыўға әдетленип алды. Бирақ, районда еки орында банк хызметлери көрсетилиўине қарамастан қолдан валюта алмастырыў ислери еле де болса ушырасып атырғаны өкинишли. Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы судында 22 жаслы жигиттиң 3000 АҚШ доллары муғдарында шет ел валютасын Өзбекстан миллий сумына алмастырып бериў есабынан алғаны бойынша қозғатылған жынаят иси көрип шығылмақта. Дәслепки тергеўде айыбын мойнына алған пуқара суд процессинде айыбынан бас тартты. Судланыўшының айғақлы затларын тексериў мақсетинде суд процесси басқа күнге қалдырылып, ис бойынша гүўалар шақыртылмақта.
Бул ҳаққында жынаят ислери бойынша районлық судтың баслығы Ж.Уразбаев бизге мәлим етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Шығармалар таңлаўы жеңимпазы болды

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайының басламасы менен “Ѳзбекстан - мениң бахтым, мениң келешегим!” атамасында шығармалар таңлаўы өткерилди.

Таңлаўдың районлық басқышында 3-санлы қәнийгелестирилген мектептиң 11-класс оқыўшысы Сағынбаева Камила жеңимпаз болып, республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизген еди. К. Сағынбаева Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы академиялық лицейде өткерилген таңлаўдың республикалық басқышында 16 район көлеминде қатнасқан оқыўшылар арасынан сыйлы үшинши орынды алыўға еристи.

Жеңимпазымызға Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Орайлық Азия тоғайлықларының 20 процентин қурайтуғын Қарақалпақстандағы биорезерватқа пресс-тур (+фото)

https://kknews.uz/kk/66393.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы нызамға (https://www.lex.uz/acts/3137130) муўапық, мектептеги дем алыслардың (каникул) мүддети төмендегише белгиленген:

👉 гүзги дем алыс 4-ноябрьден баслап 6 календарь күн;

👉 қысқы дем алыс 28-декабрден баслап 14 календарь күн;

👉 бəҳəрги дем алыс 21-марттан баслап 7 календарь күн;

👉 жазғы дем алыс — соңғы басқышлы қадағалаў сынағы өткерилген күннен (басқышлы қадағалаў өткерилмейтуғын класлар ушын оқыў жылы жуўмақланған күннен кейинги күннен) баслап 1-сентябрге шекем.
Дем алыстың соңғы күни байрам (жумыс ислемейтуғын) күнге туўра келип қалған жағдайда, сабақлық шынығыўлар кейинги жумыс күнинен баслап даўам етиледи.
1-класс оқыўшылары ушын февраль айы даўамында қосымша бир ҳəптелик дем алыс белгиленеди.

дәрек:@QresMinistrlerKenesi
Билимлендириў системасын жетилистириўге қаратылған пәрман жойбарына халық билимлендириў системасын жетилистириў бойынша 700 ден аслам усыныслар келип түсти

Халық билимлендириў министрлиги Мәлимлеме хызмети мағлыўматына қарағанда, әйне күнлерде елимизде тәлим-тәрбия системасын және де жетилистириў, илим-пән тараўын раўажландырыў мәселесинде қабыл етилиўи күтилип атырған әҳмийетли Пәрман жойбары кең түрде додаланбақта.

Республикамиздың барлық аймақларында өткерилип атырған жойбар додалаўларында жергиликли ҳәкимликлер, халық билимлендириў басқармасы баслықлары, мектеп директорлары ҳәм оқытыўшылар қатнаспақта.

Тараў ўәкиллери Пәрман жойбарында жәрияланыўы нәзерде тутылып отырған әҳмийетли жаңалық ҳәм өзгерислер бойынша өз ой, пикирлерин билдирмекте.

Еслетип өтемиз, Пәрман жойбары Regulation.gov.uz жойбарлар порталына қойылған болып, бүгинги күнге дейин порталда халық билимлендириў системасына байланыслы 200 ге жақын усыныслар келип түскен. Буннан тысқары Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен арнаўлы сораўнама ислеп шығылған болып, ол арқалы жәми 500 ден аслам усыныс ҳәм пикирлер жиберилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы жойбары 2020-жылдың 8-ноябрине шекем даўам етеди.

Пәрманның толық жойбары менен https://regulation.gov.uz/ru/document/23678 усы силтеме арқалы танысқан ҳалда ол бойынша өз усыныс ҳәм пикирлериңизди билдириўиңиз мүмкин. Усыныслар анық, халық билимлендириў тараўында бар болған системалы машқаланы шешиўге қаратылған болыўы мақсетке муўапық.

@Rasmiy_xabarlar_Official

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
"Зийўар» атлы фильмниң премьерасы тез арада халқымыздың нəзерине усынылады.

@QresMinistrlerKenesi
⚡️ Өзбекстанда ноябрь айы — “Кекселер ушын туризм айлығы” деп жәрияланды.

Мийманханалар, авиа, темир жол ҳәм автобус билетлери баҳаларына, мәдений мийрас объектлерине кириўге жеңилликлер бериледи.

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati