Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5.68K subscribers
37K photos
4.5K videos
29 files
16.5K links
Download Telegram
Арнаўлы комиссия қарарының автомототранспорт қуралларының ҳәрекетлениўи бойынша қосымша хабар

https://kruz.uz/kk/news/show/10591

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Автотранспорт қураллары ҳәрекетлениўине арнаўлы рухсатнамалар талап етилмайтуғын жағдайлар қайсылар?!

Толық 👉 https://hudud24.uz/?p=14062

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
💢 Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ескертеди!

Коронавирус! еми жоқ кеселлик. ‼️Оған қарсы ҳеш бир мәмлекетте анық дәри ҳәм вакцина ислеп шығарылған жоқ.

Солай екен, Сиз Республикамызда енгизилген карантин ‼️Қағыйдаларына қатаң әмел етиң!

Себепли-себепсиз көшеге шықпаң. Өзиңизди ҳәм жақынларыңыздың денсаўлығын ойлаң. Сизиң денсаўлығыңыз ҳәмме нәрседен әҳмийетли. Себеби, бул еми жоқ кеселлик. Ол Сизди ҳәм бизди аяп отырмайды.

Сизге белгили болғанындай, елимизде күн сайын, саат сайын коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўқаслар саны артып бармақта. Өлим көрсеткиши де.

Сиз ҳәм жақынларыңыз жоқарыдағы 👆видео роликте көрсетилген жағдайға түспең!

Енгизилген карантин илажлары, республикамызда вирусқа қарсы алып барылып атырған ис-ҳәрекетлердиң барлығы Сизди ҳәм Сизиң жақынларыңыздың денсаўлығын ойлап исленбекте .

Сергеклик дәўир талабы екенлигин умытпаң!

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Ертеңнен баслап карантин шеклеўлери күшейтиледи. Қайсы тараўлардың жумыслары тоқтатылады?

https://kknews.uz/kk/60957.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Қазақстан: 13 - июль – коронавирус эпидемиясы қурбанларын еслеў ушын миллий аза күни

  https://bit.ly/2VV6PXx

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Жаңаланып атырған Өзбекстан: Балалар миллий медицина орайы

Обновляющийся Узбекистан: Детский национальный медицинский центр

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары дыққатына!!!

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты 2020-2021-оқыў жылы ушын қабыллаў ҳәм жоқары оқыў орынларына кириў процесинде ҳәр қыйлы алдаўшылардың жалған «ўәде»лерине алданып қалмаўыңызды сорайды.

Көпшиликтиң хабары бар, ҳәр жылы жоқары оқыў орынларына қабыллаў процеси басланғаннан «оқыўға киргизип беремен», «танысларым бар», «жоқары балл топлаўға өзим жәрдемлесемен» деген өтирик «ўәде»лер берип, коррупциялық ҳәрекетлерди әмелге асыратуғын айрым «шаққан» адамлар өзлериниң алдаўшылық ҳәрекетлерин әмелге асырыўға ҳәрекет етеди.

Биз бундай ҳәрекетлер, соның менен бирге, дәмегөйшилик, өз лаўазымынан өз мәплери жолында пайдаланыў, пара алыў ҳәм бериў Өзбекстан Республикасының әмелдеги нызам ҳүжжетлерине қайшы ҳәрекетлер екенлигин ескерте отырып, алдаўшылардың қармағына түсип қалмаўыңызды, жоқары оқыў орынларына болып өтетуғын қабыллаў имтиханлары әдил түрде өтетуғынына толық исениўиңизди сораймыз.

Булай деп айтыўымыз ушын төмендеги себеплерди келтирип өтемиз:

Бириншиден, быйылғы жылы тест тапсыратуғын орынларда ҳәр жылдағы сыяқлы қадағалаў күшейтилген ҳалда болады. Абитуриентлерди келбети арқалы таныў, мобиль байланыстың шеклениўи, кириў орнында ҳәр қыйлы техникалар жәрдеминде тексериў, тест процесиниң онлайн түрде эфирге узатылыўы ҳәм әлбетте, бақлаўшылардың өз ўазыйпаларын миннетли түрде орынлаўы тест процесиниң әдил өтиўин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Екиншиден, дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар арқалы оқыўға қабылланатуғын бағдарларда имтиханлар басқа аймақлардағы билимлендириў орынларының қәнигелери тәрепинен алынады. Сондай-ақ, имтиханлар тек ғана бир күнде – бир сааттың ишинде тапсырылады. Бул процесслерди де ата-аналар бақлап барыўы ушын тиккелей эфирлер жолға қойылады. Ҳәр бир абитуриенттиң қатнасыўы видеокөриниске алынады.

Үшиншиден, кириў имтиханларының әдил түрде өтиўин тәмийинлеў мақсетинде жәмийетлик бирлеспелер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери ҳәм мәҳәллелерден жуўапкерлер қатнасыўында жәмийетлик қадағалаў күшейтиледи.

Сонлықтан да, быйылғы жылдағы қабыллаў процеси толық қадағалаў астында екенлигинен келип шыға отырып, алдаўшылардың ҳәр қандай нызамға қайшы ҳәрекетлерине жол қойылмайтуғынлығын айрықша атап өтемиз.

Егер де сиз усындай алдаўшылардың ҳәрекетлери ҳаққында мағлыўматларға ийе болсаңыз, төмендеги көрсетилген телефон номерине қоңыраў етиўиңиз мүмкинлигин еслетип өтемиз.

☎️+998 93 4880881

Жаслар – елимиз келешеги, баслаған ийгиликли жумысларымыздың даўамшылары. Олардың илим ҳәм билим ийелеўи, елимиз раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын кадрлар болып жетилисиўи сиз ҳәм бизиң биргеликтеги ҳәрекетимизге байланыслы екенлигин умытпаң!!!

Байрам Отемуратов,
Әжинияз атындағы НМПИ ректоры.

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Қарақалпақстанда «COVID-19» инфекциясы анықланғанлар қатарына Тақыятас, Кегейли, Мойнақ районларынан наўқаслар қосылды

👉 Толық: https://karinform.uz/index.php?newsid=10905

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Forwarded from Times.uz
Кеча бутун республика «қизил» дейилганди, нега энди автотраснпортда Тошкент вилоятидан Тошкент шаҳрига кириб-чиқиш учун рухсат берилди? ЖАВОБ

😷 Комиссия қарорларида «салон ичида ҳайдовчи ёлғиз бўлса, ниқоб тақмаса ҳам бўлади», деган фикр йўқ БАТАФСИЛ

🛏 «Аввал койкалар етарли экани, кейин эса койка етмаслиги ҳақида бонг уряпсиз?» Оқилов интернетдаги танқидларга жавоб қайтарди БАТАФСИЛ

@koronavirusinfouz
#ниқобтақинг
#масофасақланг
⚡️48-өлим: Ташкентте 51 жаслы еркек коронавирустан көз жумды

Шайхонтоҳур районында жасаўшы Р.Н. ны 3-4 күн даўамында ентигиў пайда болып, 4-июль күни Ташкент қалалық тез медициналық жәрдем шыпаханасына жатқарылған ҳәм онда "COVID-19" инфекциясы табылған. Көкирек қәпеси рентген тексериўинен өткерилгенде еки тәреплеме пневмония анықланған.

Емлеўханадағы шыпакерлердиң тынымсыз мийнетлерине қарамастан, наўқас көз жумды

⚡️49-өлим: Жиззақда 28 жаслы келиншек коронавирустан көз жумды.

Жиззақ қаласында жасаўшы М.О.ның 22-июньнан ыссылығы көтерилип, үй шараятында емленип жүрген. Наўқастың аўҳалы аўырласып, 4-июль күни көрингенде анализинен "COVID-19" инфекциясы тастыйықланған. Онда еки таманлама бронхопневмония, өткир дем жетиспеўшилиги бақланған.

▪️Реанимациялық шараларға қарамастан, наўқас өткир жүрек қан-тамыр ҳәм дем жетиспеўшилигинен қайтыс болды.

@koronavirusinfouz
#ниқобтақинг
#масофасақланг
2020-жыл 9-июль саат 17:00 ўақтына, Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 11 447 (+188).

Жаңа кеселликлерден 24 наўқас Қарақалпақстан Республикасында (14 и коронавирусқа шалынғанлар менен байланыста болып, карантинге алынған пуқаралар арасында, 10 наўқас халықтың арасында) анықланған.

Ҳәзирге шекем 7 082 наўқас (+22) коронавирус инфекциясына шалынған ( 62 пайыз) пуқаралар саўалған.

4 316 наўқас даўаланбақта.

@ssvuz

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Коронавирусқа шалынған Бразилия президентине гидроксихлорохин жәрдем бермекте

https://bit.ly/2ClfT0G

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️Қашқадәрьяда бир шыпакер депутатлар ушырасыўында 30 адамға вирус жуқтырған

Бул ҳаққында ўәлаят ҳәкими Зойир Мирзаев халыққа жоллаған мүрәжатында мәлим еткен:

«Кәсиби шыпакер болған пуқарамыз карантин талапларына әмел етпеген ҳалда усы жылдың 24-июнь күни ағайинлеринде шаңарақ байрамында ҳәм депутатлар менен ушырасыўда қатнасып, 30 пуқараға вирус жуқтырыўға себепши болды».

@koronavirusinfouz
#ниқобтақинг
#масофасақланг
Марк Твен ислеп атырған редакцияға бир күни қуралланған басқыншы кирип, қорқытады:
– Қолыңды көтер! Я пулды бересең, я өлесең! Қәне, тезирек қыймылда!
–Тәўир екен ! – дейди редактор күлип. – Және биреў қосық алып келдимекен деп қорқып едим.

дерек: @mittihaqiqatlar

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Коронавирустан нәўбеттеги — 50-өлим Бухарада есапқа алынды. 53 жаслы наўқас 20-июньнан бери даўаланып атырған еди.

https://www.gazeta.uz/uz/2020/07/09/50/?utm_source=push&utm_medium=telegram

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
❗️Бүгин коронавирусқа шалыныў ҳәм өлим ҳалаты бойынша антирекорд және жаңаланды

▪️ Әттең, бүгин 472 жағдайда кеселлик есапқа алынған. Соннан 190 наўқас халықтың арасында.

▪️Алты наўқас болса өмирден көз жумды.

Наўқаслардың 42 си аўыр, 10 наўқас болса жүдә аўыр аўҳалда.

Толық таблицада:☝️

@ssvmatbuotkotibi

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️ Өзбекстанда коронавирусқа шалынғанлар саны 11723ке жетти.

Әйне пайытқа дейин Өзбекстанда коронавирус инфекциясы анықланған адамлар саны 159 ға артып, 11723 болмақта.— СCB

Наўайылы 55 жаслы пуқара коронавирустан көз жумды (52-өлим)

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Кәсиплик аўқам-өз шөлкемине бириктирилген хызметкерлердиң бирден-бир қорғаўшысы. Оларды хошаметлеў, саламатлығын беккемлеў, қоллап-қуўатлаў жолында хызмет етеди.
Мәмлекетлик мекемелер хызметкерлери кәсиплик аўқамының 2015-2020-жыллар аралығында ислеген жумыслары бойынша есап бериў конференциясы болып өтти. Конференцияны район ҳәкиминиң орынбасары О.Генжемуратов басқарып барды. Кәсиплик аўқам баслығы Н.Изимованың 5 жыллық есабаты тыңланды.
Баянатшы аўқам ағзаларының сораўларына жуўап берди.
Аўқам баслығынын алып барған жумыслары қанаатландырарлы деп баҳаланып, қайта сайланды.
Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкеми бирлеспесиниң конференциясына делегатлар сайланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

каналымызға қосылың!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Forwarded from Times.uz
❗️13 июль, душанба кунидан маҳаллий йўналишлардаги поездлар ва авиа қатновлар тўхтатилади

БАТАФСИЛ 👉 бу ерда

@koronavirusinfouz
#ниқобтақинг
#масофасақланг