Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5.86K subscribers
37K photos
4.49K videos
29 files
16.5K links
Download Telegram
«Әскер аналарын қәдирлеймиз!» атамасында видеобайланыс илажы өткерилди

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь - Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Тахтакөпир районында азаматлық ўазыйпасын өтеп атырған мүддетли әскерий хызметкерлер ушын жақынлары арасында видеобайланыс илажы шөлкемлестирилди.

Илажда сөзге шыққанлар әскерий хызмет ҳәр бир ел азаматы ушын тек ғана уллы ўазыйпа емес, ал садықлық ҳәм мәртлик мектебине айланғанлығын атап өтип, бәршени байрам менен қутлықлады.

Видеобайланыс арқалы әскерлер өзлериниң хызмет орынлары, әскерий бөлимдеги турмысы ҳәм жаратылған шараятлар ҳаққында жақынларына айтып берди. Сондай-ақ, олар өз мәҳәллелериндеги соңғы жаңалықлар, шаңарақ жағдайлары ҳәм досларының жағдайы менен қызықты.

Илаж даўамында қатарласларына өрнек болып киятырған әскерлердиң ата-аналарына арнаўлы миннетдаршылық хаты салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Ўзб

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
⚡️Favqulodda vaziyat yoki yong‘in sodir bo‘lganda 101 yoki 1050 raqamlariga qo‘ng‘iroq qiling:

🔹xabarda voqea sodir bo‘lgan aniq manzil
🔹familiya va ism
🔹nima sodir bo‘lganligini aytish kerak.

Boshqa yangiliklar
Fvv.uz | Facebook | Telegram | Youtube | instagram | X
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Тахтакөпир районында гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, халықты үзликсиз электр энергия, тәбийий газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде ШТАБ шөлкемлестирилген.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егер сизде усыған байланыслы сораўлар ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, үзликсиз түрде ислеп туратуғын
☎️+99861 435-24-59
☎️+99861 435-13-14

телефон номерлерине қоңыраў етсеңиз болады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районы электр энергиясы тутыныўшылары дыққатына!

🔷Район аймағында гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, халықты үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў, трансформатор пунктлери ҳәм ҳаўа тармақларындағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде Тахтакөпир районлық Электр тәмийинлеўшы кәрханасының оператив диспетчерлик телефон номерлери 24 саат даўамында байланыста болады.

Ҳүрметли пуқаралар!

🔷Егер сизиң электр энергиясы бойынша мүрәжатларыңыз болса, төмендеги исеним телефон номерине қоңыраў етсеңиз болады.

Оператив диспетчерлик хызмети:
☎️+99861 435-12-82

Тахтакөпир РЭТ баслығы:
Елиўбай Махсетов +998 93 488-35-35


Бас инженери:
Сарсенебай Омаров +998 99 736-24-40


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районы «Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты тутыныўшылары!

Гүз-қыс мәўсиминде халықты үзликсиз тәбийий газ бенен тәмийинлеў, авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде «Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты бөлиминде оператив диспетчерлик телефон номерлери 24 саат даўамында байланыста болады.

Ҳүрметли тутыныўшылар!


Егер сизиң тәбийий газ бойынша мүрәжатларыңыз болса, төмендеги исеним телефонларына қоңыраў етсеңиз болады.

Оператив диспетчерлик хызмети:

☎️+99861 435-14-54
☎️104

«Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты филиалы баслығы:

Алишер Андигенов +99899 385-02-90

Бас инженери:
Адилбек Қдырбаев +99877 089-86-86

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Ҳүрметли Тахтакөпир районы халқы!

Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгенлигиниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь - Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен, Тахтакөпир районындағы Мәденият орайында «Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекет таянышы, халқымыз мақтанышы!» сүрени астында байрам илажы өткериледи.

Байрам илажы районда жайласқан күш дүзилмелери тәрепинен әскерий парад, әскерий шығыўлар ҳәм районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етеди.

Өткерилетуғын орны:
Районлық Мәденият бөлиминиң тамашагөйлер залы

Ўақты:
2025-жыл 13-январь саат 10:00 де басланады

Бәрше район халқын байрам илажына мирәт етемиз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
e-auksion.uz платформасы арқалы 441 ға жақын халық-аралық жоллар бойындағы хызмет корсетиў жерлерин сатып алыӊ!

🟢
Әмиўдәрья районы 21 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 31 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 84 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 32 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 9 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 82 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 30 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 7 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 2 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 43 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 100 (қараңыз)
e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
🌎 Қарақалпақстан Республикасы бойынша "E-auksion" платформасында жайластырылған 78 мәмлекетлик активлерди сатып алың ҳәм мүлк ийесине айланың.

🔹 Нөкис қаласында 7 ➡️ (силтеме)
🔹 Әмиўдәрья районында 3 ➡️ (силтеме)
🔹 Беруний районында 3 ➡️ (силтеме)
🔹 Бозатаў районында 6 ➡️ (силтеме)
🔹 Қараөзек районында 10 ➡️ (силтеме)
🔹 Кегейли районында 2 ➡️ (силтеме)
🔹 Қоңырат районында 8 ➡️ (силтеме)
🔹 Қанлыкөл районында 1 ➡️ (силтеме)
🔹 Мойнақ районында 5 ➡️ (силтеме)
🔹 Нөкис районында 1 ➡️ (силтеме)
🔹 Тақыятас районында 2 ➡️ (силтеме)
🔹 Тахтакөпир районында 7 ➡️ (силтеме)
🔹 Төрткүл районында 8 ➡️ (силтеме)
🔹 Хожели районында 4 ➡️ (силтеме)
🔹 Шымбай районында 5 ➡️ (силтеме)
🔹 Шоманай районында 1 ➡️ (силтеме)
🔹 Елликқала районында 5 ➡️ (силтеме)

👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Тахтакөпирде әскерий парад

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм «Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен Тахтакөпир районы орайындағы көшелер бойлап әскерий парад болып өтти.
————
Ўзбекистон Республикаси Қуролли Кучлари ташкил топганлигининг 33 йиллиги ҳамда «Ватан ҳимоячилари куни» байрами муносабати билан Тахтакўпир тумани марказидаги кўчалар бўйлаб ҳарбий парад бўлиб ўтди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press