Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.59K subscribers
40.4K photos
4.96K videos
31 files
17.7K links
Download Telegram
Микроқарызлардың ең жоқары муғдары 100 млн сумға шекем көбейтиледи

«Исбилерменлик жумысын раўажландырыўда микромолия хызметлериниң орны ҳәм үлесин арттырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-364-сон, 10.11.2023 й) қабыл етилди.

Қарар менен, 2024-жыл 1-январдан баслап микроқарыздың ең жоқары муғдары 50 млн сумнан 100 млн сумға шекем көбейтиледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Тайынлаў

Аллаков Батыр Толыбаевич Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң биринши орынбасары лаўазымына

Бекпанов Айдосбек Генжебаевич Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими директоры лаўазымына тайынланды.

Толық оқыў


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
🌿#Жасыл_мәкан

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде өткерилип атырған акцияға «Қоңыраткөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы мәҳәлле жуўапкерлери, аймақтың белсенди жаслары, нураныйлар ҳәм ҳаял-қызлар қатнасып, мәҳәлле аймағында бағ жаратыў мақсетинде жақсы нийетлер менен мийўе терек нәллерин отырғызды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
🌿#Жасыл_мәкан

Бүгин Тахтакөпир районы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Өзбекстан Экологиялық партиясы Тахтакөпир районы Кеңеси ҳәм районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими хызметкерлери тәрепинен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәр түрдеги декоратив терек нәллери отырғызылып, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде «Аналар бағы» жаратылды

Тахтакөпир районы Шанарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң басламасы менен «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Аналар бағы» жаратылды.

Илажға район ҳәкиминиң орынбасары Г.Сейтназарова, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты А.Балтамуратова, усы мәҳәллениң жуўапкерлери, көше басы ҳаяллары қатнасты ҳәм «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәр түрдеги декоратив ҳәм де мийўе терек нәллери отырғызылып, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press