Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.01K subscribers
36.1K photos
4.38K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Бизнес_омбудсман_кундалигидан

Ёш тадбиркорларни молиявий рағбатлантириш бўйича қандай имкониятлар бор?


🌐 | Website | Telegram| Instagram | Youtube| Twitter | Facebook
#Инфографика_ТОП_10

Қарақалпақстан Республикасында ең көп халықтың бәнтлигин тәмийинлеген исбилерменлер онлығы менен танысың!

1. Камалов Ғуломжон
– Елликқала районы «BOSTON MEGA TEKSTIL» ЖШЖ баслығы

2. Гулдурсинбаев Талғат – Төрткүл районы “AGRO TO‘RTKO‘L TEKSTIL CLUSTER” ЖШЖ баслығы

3. Ешмуратов Қуандық – Қанлыкөл районы "KANTEKS INVEST" ЖШЖ баслығы

4. Шарапов Фаррух – Қараөзек районы “KARAKALPAK CEMENT” ЖШЖ Қоспа кәрханасының директоры

5. Бердимуратов Жарылқасын – Шымбай районы «KEGEYLI-SHÍMBAY AGRO KLASTER» ЖШЖ баслығы

6. Хаитов Қобил – Беруний районы «BERUNIY СLUSTER» ЖШЖ баслығы

7. Қурбанов Ерполат – Тахтакөпир районы “QARAQALPAQSTAN AGRO KLASTER” ЖШЖ баслығы

8. Қарабаев Бахытбай – Хожели районы “MIDASIATEX CLUSTER” ЖШЖ баслығы

9. ЯО Шуфен – Кегейли районы «LANKOMIYA» Өзбекстан-Қытай Қоспа кәрханасының баслығы

10. Мусиров Хасанбай – Шоманай районы «AGRO SHUMANAY KLASTER» ЖШЖ баслығы.

Каналға ағза болыў: @QR_bantlik

Telegram 📍Instagram 📍Facebook 📍 Twitter
Ҳәкимшилик судта шағым арзаларды қабыл етиў тәртиби қандай?

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы Кодекстиң 131-статьясына тийкар, егер усы Кодексте басқаша қағыйда нәзерде тутылмаған болса, судья арзаны (шағымды) ис жүритиўге қабыл қылыў ҳаққындағы, қабыл қылыўдан бас тартыў ямаса қайтарыў ҳаққындағы мәселени арза (шағым) судқа келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирмей жеке тәртипте шешеди.

Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/5249.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Алыс «Белтаў» аўылында байрам нәпеси

Бүгин Тахтакөпир районындағы алыс "Белтаў" аўыл пуқаралар жыйынында "Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын" сүрени астында байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында кең көлемли жумыслар, халкымыздың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында көплеген әмелий илажлар, бир қатар реформалар турмысқа енгизилмекте. Усы тийкарда, аўыл ҳәм қалалардан баслап, ең шетки аймақларға шекем бүгинги күнниң баслы идеясы, яғный, "Инсан қәдири ушын" принципи негизинде илажлар даўам еттирилип, абаданластырыў жумыслары алып барылып атыр.

Усындай дөретиўшилик жумыслар тийкарында бүгин алыс Белтаў аўылыда жаңадан өмир баслаған.

Мәҳәлле аймағындағы инфраструктура менен байланыслы машқалалар шешилди. Жоллар оңланып, социаллық объектлери қайта бой тикледи. Ең баслысы, мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳәр бир шаңараққа кирип барды.

Пуқаралардың бәнтлигин ҳәм турмыс абаданлығын тәмийинлеў бағдарында пайдаланыўдан шығып кеткен аўыл хожалығы майданлары қайта егиске киргизилип, 16 мембраналы бассейнлер ҳәм тамшылатып суўғарыў технологиялары тийкарында атыз майданларында өним алыў жолға қойылды. Буннан тысқары, аймаққа ағын суў алып барылды ҳәм халықтың суўға болған талабын қанаатландырыў мақсетинде жер асты артезиан қудықлары қазып берилди. Усы тийкарда бүгинги Белтаў жаңаша көриниске ийе болды.

Байрам илажы көркем өнер, мәденият хызметкерлери ҳәм оқыўшы жаслар атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Жоқарғы Кеңес Баслығы алыс Белтаўда аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районының ең шетки аймақларының бири болған «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди.

Айтып өтиў керек, республикамыздың алыс аймақларында жасаўшы пуқараларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде бурғылаўшы техникалар жәрдеминде артезиан қудықлары қазылып, 500-600 мт тереңликтен суў шығарыўға ерисилди.

Сондай-ақ, аймақта жаңа егислик жерлерин ашыў мақсетинде 2000 гектар жер майданы таярланып, зәрүрли барлық техникалар мобилизация етилди. Соның менен бирге, усы егислик майданларына тамшылатып суўғарыў жолы менен суў жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде 16 мембраналы бассейнлерди қазыў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде жыллар даўамында қараўсыз қалған егислик майданлары қайта жанланды.

Бугинги күнде жыллар даўамында қараўсыз қалған атызлар пахта майданларына айландырылған. Сондай-ақ, халқымыз базарларына арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў мақсетинде помидор, баклажан, қаўын-ғарбыз, картошка, асқабақ, мәкке ҳәм басқа да дәнли егинлер егилген. Ең баслысы, жетистирилген өнимлер экспортқа бағдарланып, пуқаралардың да бәнтлиги тәмийинлениўине ерисилген.

Айрықша айтыў керек, аўылға суў келип, өмир қайта басланғанлығы бүгин ҳәр бир шаңарақтың үй алды қыйтақ жерлеринде де айқын сезиледи. Себеби, бүгин пуқаралар мөлдек жерлеринен өним жетистирип, дастурханына, аўысқанын базарға жеткерип бермекте.

Жоқарғы Кеңес Баслығы пуқаралардың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланылып атырғанлығын барып көрди. Буннан соң, тамшылатып суўғарыў технологиясы тийкарында жетистирилип атырған пахта майданларын аралады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаңалықлар_бағдарламасы

Тахтакөпир районы аймағындағы «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйыны жуўапкерлериниң усы жылдың алты айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша есабаты тыңланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#online
#Волейбол
#Қарақалпақстан_Республикасы_кубогы

Тахтакөпир районы аймағындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы волейбол федерациясы тәрепинен спорттың волейбол түри бойынша 15-16 жас аралығындағы өспиримлер ҳәм өспирим қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы кубогы болып өтпекте.

Cпорттың волейбол түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы кубогы усы жылдың 30-31-август күнлери аралығында өткерилиўи белгиленген болып, ойын еле даўам етип командалар өз-ара күш сынасып атыр.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press