Жоқарғы Кеңес Баслығы республикамызды раўажландырыў бағдарында ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде бир қатар исбилерменлер менен ушырасты
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз аймағындағы исбилерменлер менен пикирлесиў, олардың жумысында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша ушырасыў өткерди.
Онда ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы Пәрманы тийкарында Қарақалпақстандағы исбилерменлик субъектлери ушын салық жүклерин кемейтиў, ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы жаңа жойбарларға узақ мүддетли жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў фонды есабынан кепилликлер бериў, экспортер кәрханалардың транспорт қарежетлериниң бир бөлегин қаплап бериў бойынша бир қатар жеңилликлер берилгенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиздиң және бир тарийхый ПП-129-санлы пәрманы қабыл етилгенлиги, усы тийкарда республикамыз исбилерменлери ушын оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылғанлығы айрықша тилге алынды.
Өткерилген ушырасыўда мине усындай қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын жаратылған оғада әҳмийетли шараятлар ҳаққында кең түрде түсиник берилди.
Өз нәўбетинде исбилерменлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм ҳәр бир машқала Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.
Ушырасыў соңында ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм экспорт көлемин кеңейтиў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.
Толық мағлыўмат
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter

⚡️Колледж ҳәм техникумларға қабыллаў параметрлери санларда
Усы жылғы қабыллаўда Президент қарарына муўапық колледж ҳәм техникумлар ушын грант орынлары саны еки есеге арттырылды.
Соннан, колледжлерге – 10 989, техникумларға – 22 368 грант орны ажыратылды.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Усы жылғы қабыллаўда Президент қарарына муўапық колледж ҳәм техникумлар ушын грант орынлары саны еки есеге арттырылды.
Соннан, колледжлерге – 10 989, техникумларға – 22 368 грант орны ажыратылды.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
«Абаданластырыў айлығы» шеңберинде
Тахтакөпир районы «Қоңыраткөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында мәҳәлле баслығы ҳәм көше бийлери «Абаданластырыў айлығы» шеңбериндеги илажларда белсендилик көрсетип, абаданластырыў жумысларын аўызбиршилик пенен алып барылмақта.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
✅https://t.iss.one/Taxtakopir_press

Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
«Қурылыс тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Қурылыс тараўы хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов шығып сөйлеп, республикамыздағы қурылыс тараўында жумыс алып барып атырған барлық хызметкерлерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан бүгинги байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиздиң раўажланыўын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде бүгинги күнниң шебер қурылысшылары, инженер-механиклер, машина-механизмлерди басқарып атырған пидайы инсанлар, жойбарлаўшы-дизайнерлер, қурылыс санааты ўәкиллери ҳәм кесип алып ислеўшилердиң тутқан орны айрықша.
Олардың тымсалында қала ҳәм аўылларымызда, пүткил елимизде жаңа ислеп шығарыў кәрханалары, әҳмийетли социаллық объектлер, заманагөй үй-жайлар, жол ҳәм көпирлерди қурып, турмысымызды еле де абат етиўге үлкен үлес қосып атырған кеңпейил кәсип ийелерин көремиз.
Елимизде әмелге асырылып атырған үлкен қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслары, қала ҳәм аўылларды абат етиў бойынша ийгиликли ислерде мийнеткеш тараў пидайыларының мийнетлери салмақлы ҳәм айрықша итибарға ылайық.
Бүгинги өткерилген байрам салтанатында да мине усындай әмелге асырылып атырған ийгиликли жумыслар кең түрде атап өтилди.
Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиум қарары мененен сыйлықланғанларға көкирек белгиси ҳәм ҳүрмет жарлықларды Министрлер Кеңесиниң Баслығы тапсырды.
Байрам илажы көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM