Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.44K subscribers
40.5K photos
4.97K videos
32 files
17.8K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
7 жыл ишинде кредит процентлери 10-12 процентке шекем түсириледи.

«Өзбекстан – 2030» стратегиясына бола келеси жети жылда:

финанс системасында жыллық кредитлестириў көлеми 40 миллиард долларға жеткериледи.

банк аманатларының көлеми 4 есеге арттырылады.

Кредит процентлери 10-12 процентке түсириледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
«Хош бол бақшам-Сәлем мектеп» атамасында байрам кешеси болып өтти.

Тахтакөпир районы орыйлық Мәденият сарайында «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы 1-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң тәрбияшылары, питкериўши балалар ҳәм олардың ата-аналары қатнасыўында «Хош бол бақшам-Сәлем мектеп» атамасындағы байрам кешеси болып өтти.

Онда 1-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң директоры Бахытгүл Даўлетова ҳәм басқалар сөзге шығып, питкериўши балалардың келешекте кәмил инсан болып жетилисиўине тилеклеслик билдирди.

Байрам кешеси даўамында мектеп босағасына қәдем қойып атырған балалар өзлериниң жыллар даўамында бақшада үйренгенлерин байрам кешесине келген мийманлардың ҳәм ата-аналарының нәзерине усынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Онлайн

Футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты «KUSHMAG QARAQALPAQSTAN 2-LIGASI» Арқа аймақ 8-тур ойынлары шеңберинде Кегейли районының "Кегейли" стадионында Тахтакөпир районының «DÁWQARA» ҳәм Нөкис қаласының «BESQALA JUNIOR» футбол командалары өз-ара беллеспекте.

Ҳәзирги ўақытта есап 2:1 Тахтакөпир районының «DÁWQARA» футбол командасы алдында.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
❗️Ҳаяллар дәптерине қандай категориядағы ҳаяллар киргизиледи?

📃 Ҳүкиметтиң 31.03.2022-жылдағы 145-санлы қарары менен тасыйықланған нызамға бола, «Ҳаяллар дәптери»не 30 жастан асқан төмендеги ҳаял-қызлар киргизиледи:

🟢 Социаллық қорғаўға мүтәж жумыссыз ҳаял-қызлар;

🟢 Исбилерменлик пенен шуғылланыў қәлеўшилиги болған мүтәж ҳаял-қызлар;

🟢 Бағыўшысы болмаған мүтәж ҳаял-қызлар;

🟢 Социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған, тез медициналық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар;

🟢 Үй-жайға мүтәж ҳаял-қызлар;

🟢 Қарамағында майыплығы болған перзентлери бар мүтәж ҳаял-қызлар.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
❗️Шаңарақлық исбилерменлик ушын пуқараларға 14 процентлик кредитлер бериледи

📃 ПҚ-55-санлы Президент қарарына тийкар, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жеңиллетилген кредитлер жыллық 14 процент ставкада төмендегилер ушын ажыратылады:

🟢 шаңарақлық исбилерменлик, дәрамат табыў ҳәм жумысын кеңейтиў ушын пуқаралар ҳәм исбилерменлерге – 3 айдан 6 айға шекем жеңилликли дәўир менен 3 жылға шекем;

🟢 шарўашылық, балықшылық, қояншылық, пал ҳәррешилик, түйетаўықшылық ҳәм қусшылық, биогумус ислеп шығарыў, «дала дүканлары»н қурыў ҳәм көшпели музлатқышларды орнатыў ушын – 1 жылға шекемги жеңилликли дәўир менен 3 жылға шекем;

🟢 бағшылық, жүзимшилик ҳәм лимоншылық, ыссыхана қурыў, аўыл хожалығы техникасы ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын, артезиан қудықларын қазыў ушын – 3 жылға шекемги жеңилликли дәўир менен 7 жылға шекем;

🟢 шаңарақлық мийман үйлери, хостеллар, қара үй лагерлари комплекси, автокемпинглер, экоүйлер комплекси, контейнер қалашалар ҳәм шадырлы лагерлер шөлкемлестириў ҳәм оларды оңлаў ушын – 1 жылға шекемги жеңилликли дәўир менен 5 жылға шекем;

🟢 “Өнермент” шөлкеми ағзаларына әсбап-үскене, аўысық бөлеклер ҳәм шийки зат материалларын сатып алыў ушын – 3 жылға шекемги мүддетке ҳәмде айланба қаржыларын толтырыў ушын 18 айға шекем.

❗️Усы кредитлер “Агробанк” АКБ, АК “Халқ банки” ҳәм “Микрокредитбанк” арқалы ажыратылады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Семинар

Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турмановтың басшылығында Нөкис қалалық ҳәм районлық бөлимлер менен биргеликте Тахтакөпир районында исбилерменликти раўажландырыў ҳәм усы арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, мәҳәлле бесликлериниң жумысы менен танысыў мақсетинде әмелий тәжирийбе алмасыў семинары шөлкемлестирилди.
👇👇👇