Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5.68K subscribers
37.1K photos
4.5K videos
29 files
16.5K links
Download Telegram
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар_бағдарламасы

Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында район ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен «Өзбекстан-жаслар мәмлекети» сүрени астында жаслардың бос уақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде шөлкемлестирилген руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳаққында арнаўлы репортаж.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаӊалықлар_бағдарламасы

Тахтакөпир районы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисин халыққа түсиндириў ҳәм орай тәрепинен басқышпа-басқыш көрсетилип атырған мәмлекетлик хызмет түрлери ҳаққында репортаж.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Хабарландырыў!

Тахтакөпир районы «Дәўқара», «Белтаў» аўыл пуқаралар ҳәм «Қаратереӊ» мәкан пуқаралар жыйыны аймақларында усы жылдыӊ 26-май күни саат 17:15 тен 19:00 ге шекем «Қызылнур» фидеринде киши оӊлаў жумыслары өткерилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақтынша тоқтатылады.

Тахтакөпир районы электр тәмийнаты

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Сессия

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс бесинши сессиясы болып өтти.

Сессияға район ҳәкиминиӊ тийисли орынбасарлары, районлық Кеңестиң депутатлары, өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мəкеме, шөлкем басшылары қатнасты.

📄Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/4722.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
​​Салы егип дәрамат алыў қаншелли пайдалы

Егислик майданларынан, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бүгинги күнниң талабы есапланады. Соңғы жыллары суў тамтарыслығы бақланып атырғанлығына қарамай салы егиўге болған өшлик артып кеткени де сыр емес. Енди әпиўайы арифметикалық жақтан есап-китап қылып көрсек.

1 гектар салы ушын толық өним жетистириўге орташа 24 мың метр куб суў жумсалады. Ал, усы егислик майданының ҳәр бир гектарынан орташа 5 тонна өним алыўға болады. 5 тонна салы өниминиң ҳәр бир кг.ин 8 мыңнан сатқанда 40 млн сум пайда алынады. Және салы толық өндирилемен дегенше суўда турыўы керек.

Ал, 1 гектар егислик майданында гүнжиден өним алыўға 800 куб метр суў жумсалады ҳәм усы жер майданынан 1 тонна өним алыў мүмкиншилиги бар. Өндирилген ҳәр бир кг гүнжини 15 мың сумнан сатқанда 15 млн сум дәрамат алынады.

1 гектар жерде салы өнимин жетистириў ушын жумсалатуғын 24 мың метр куб суўға салының орнына гүнжи егилгенде 30 гектар жерге жететуғын суў үнемленеди ҳәм ҳәр бир гектарына 1 тоннадан өним алыўға болады. Орташа 30 тонна өнимди ҳәр бир кг.ды 15 мың сумнан сатқанда 450 млн сум дәрамат алыў мүмкиншилиги бар.

Буннан түсиниўимиз мүмкин 1 гектар салы жерге жумсалатуғын суўды тежеп ислетсек, 30 гектар жерден гүнжи өнимин алыўымыз мүмкин. Ҳәм кем суў талап етеди ҳәм дәраматы да жақсы. Және бир тәрепинен қарағанда гүнжи экспортқа өтимли өним болып, оны ҳәр қандай сырт мәмлекетке сатыў мүмкиншилиги бар.

Бүгингидей суў тамтарыслығы дәўиринде халыққа суў жеткерип бериў қыйын болып атырғанда салы егип, шетки районларды суўсыз қалдырғаннан кем суў жумсап, жақсы дәрамат алынатуғын егинлерди егиў мақсетке муўапық болады.

Биз жоқарыда бир гүнжиниң пайдасын ғана атап өттик. Буннан басқада суўды кем талап ететуғын өнимлер оғада көп. Айғабағар, мәш, лобия, мәкке, жуўери сыяқлы егинлерди келтирсек болады. Биз суўды үнемлеў арқалы ең биринши азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеймиз ҳәм соның менен бирге республикамыздың барлық орынларына суўдың жетип барыўына ерисемиз.

Республикамыз бойынша аўыл хожалығы егислик майданлары толық ағын суў менен қамтып алынғаннан соң, Мойнақ, Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларындағы атызларда басқа дийқан ҳәм фермер хожалықлары ҳәмде мәкемелер (кәрханалар, кластерлер, бирлеспе ҳәм кооперативлер)ге аўыл хожалығы жерлеринен салы егиў ушын шәртнама тийкарында пайдаланыў имканияты берилиўи режелестирилген.

Салы егиўдиң басқа районларда тоқтатылыўы үлкен жоғалтыўға алып келмейди ҳәм бул қорқынышлы жағдай емес. Өйткени жоқарыда атап өтилгениндей шетки Мойнақ, Бозатаў, Тахтакөпир районларында салы егиў ушын жеткиликли дәрежеде жер майданлары бар болып, гүриш өниминиң халқымыз ушын керекли муғдарын егип алыў ҳәм базарларымызды гүриш өними менен тәмийинлеў имканияты бар.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында Зироат Мирзиёева Нөкис қаласындағы 4-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернаты, Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде ашылған "Zamin Creative" дөретиўшилик студиясы ҳәм госпиталь түрдеги "Меҳирли мектеп" филиалына барды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ҳаял-қызларға көрсетилип атырған медициналық жәрдемлер бойынша тийисли қәнигелердиң есабатлары тыңланды.

Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/4748.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#REPORTAJ_24

Тахтакөпир районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 5-2-3-санлы мектеплерде «Илимди қәдирлең, илимге умтылың!» ураны астында өткерилген «Соңғы қоңыраў» кешеси Қарақалпақстан телеканалының «REPORTAJ-24» көрсетиўинде.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаӊалықлар_бағдарламасы

Тахтакөпир районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы айырым пәнлерди тереӊлестирилип оқытылатуғын класы бар улыўма орта билим мектебинде «Позитивлик жаӊа заман талабы» атлы акциясы шеңберинде «Саламат турмыс тәрепдарымыз» атамасында өткерилген тренинг-шынығыўлары «Жаӊалықлар» бағдарламасында.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press