Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.59K subscribers
40K photos
4.88K videos
31 files
17.5K links
Download Telegram
Ҳаялларды қорлаў әпиўайы жағдайға айланып бармақта — Шавкат Мирзиёев

Жума күни болып өткен видеоселектор жыйналысында президент Шавкат Мирзиёев айрылысыўлар мәселесине де тоқтап өтти.

Шаңарақта келиспеўшилер ақыбетинде 2020-жылда 28 мыңнан аслам шаңарақлар бузылғаны айтылды. Қашқадәрьяда — 2 мың, Хорезмде — 1,1 мың, бир ғана Ромитон районында — 110 айрылысыў есапқа алынған.

«Ерли-зайып арасындағы үзликсиз жәнжел, қыянет, күш ислетиў ҳәм миграция айрылысыўлардың 70 пайызына себеп болмақта. Ең ашынарлысы, ҳаялларды қорлаў, өзин-өзи өлтириў дәрежесине жеткериў ҳәм халықтың алдында „сазасын бериў“ әпиўайы әдет түсине айланып бармақ», — деди президент.

Мәмлекет басшысы өткен жылы 15 мыңға жақын ҳаял-қызлар басым өткериў ҳәм зорлықтан жәбир көргенин де қосымша етти.
@gazetauz_uzb

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
"Нафосат-2021" таңлаўының районлық басқышы жуўмақланды

Тахтакөпир районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы мектепте улыўма орта билим бериў мектеплери арасында "Нафосат-2021" танлаўының районлық басқышы болып өтти. Таңлаўға 18 мектептен командалар қатнасты.Таңлаў жуўмағында 1-санлы мектеп жәмәәти 1-орын, 5- ҳәм 6-санлы мектеп жәмәәтлери 2-орын, 8-10-санлы мектеплер 3-орын жеңимпазлары болды. Жеңимпазларға районлық халық билимлендириў бөлими тәрепинен диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Нафосат_2021

14-санлы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы Манзура Пирназарова

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Нафосат_2021

19-санлы орта мектептиң баслаўыш класс муғаллими Гулдана Сарсенбаева

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығының орынбасары тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығының орынбасары лаўазымына Балтабаев Бахадыр Елибаевич тайынланды.

Ол усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жер участкаларының алып қойылыўы ҳәм компенсация бериў жумысларын муўапықластырыў секторы бас қәнийгеси лаўазымында ислеп келген.


@QResMinistrlerKenesi
Қарақалпақстаннан және 138 адам жумыс ислеў ушын Қазақстанға жиберилди

https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2916

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
1-марттан нелер өзгереди?

🏗 Еки қабаттан жоқары, яғный бәлентлиги жер бетинен 12 метрден ҳәм (яки) улыўма майданы 500 квадрат метрден артық болған имаратларды (үйлерди) экспертизасыз қурыў қадаған етиледи.

🛒 Халықтың минимал тутыныў қәрежетлери жәрияланады.

📸 Исбилерменлер көшелерге қағыйда бузарлықларды анықлаўшы камера ҳәм радарларды орнатыўы мүмкин болады.

1-марттан баслап Баҳрайн, Қатар, Кувейт, Оман ҳәм Қытай (соннан, Гонконг ҳәм Макао арнаўлы ҳәкимшилик аймақлары) пуқараларына Өзбекстанға кириў ушын 10 күнлик визасыз режим енгизиледи.

⚠️ Айырым товарларға мәжбүрий маркировка талап етиледи. 

💰 Мәҳәлле белсендилери хошаметленеди.

♻️ Ташкентте шығындыларды саралап жыйыў тәжирийбеси қолланылады. 

🛩 Бир қатар мәмлекетлер менен авиақатнаўларға қойылған шеклеў мүддети тамамланады.

💳 Өзбекстан пуқаралары да туристлик жыйымды төлейди.
🌤 #Ҳаўа_райы

28-февраль күнги ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат

Гидрометеорология хызмети орайының берген мағлыўматына қарағанда, ертең – 28-февраль - екшемби күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа-райы өзгерип турады, айырым жерлерде қар жаўады. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.

Самал арқа-шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.

Температура түнде -5…0 дәреже суўық, күндиз +5…+10 дәреже жыллы болады.
Цезарьдың исенген досты - оның шыпакери болды. Наўқас болғанда да тек оның қолынан дәри ишер еди

Бир күни Цезарь аўырып қалады ҳәм оған "Ҳәммеден көре көбирек достыңнан қорқ! Ол сени зәҳәрлемекши" деп жазылған хат алып келеди.

Көп өтпей шыпакер оған дәри алып келеди. Цезарь оған хатты береди ҳәм ол оқып атырғанда, дәрини ишип жибереди.

- Ҳүкимдар, буны оқығаныңыздан кейин қалайынша сизге берген дәримди иштиңиз?

Цезарь былай жуўап береди: - Жақын достымнан гүман еткенимнен көре, өлгеним абзал!
Сектор баслығы "Жаңадәрья"да

Бүгин район ҳәкими, 1-сектор баслығы тәрепинен сектор шеңбериндеги “Жаңадәрья” АПЖ аймағында “Абат аўыл” бағдарламасы тийкарында әмелге асырылып атырған қурылыс, абаданластырыў жумыслары үйренип шығылды. Бунда орын алған кемшиликлер бойынша жуўапкер басшыларға көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, аймақта жасаўшы “Хаяллар дәптери”не киргизилген жумыссыз ҳаяллардың шаңарағында болып, олардың машқалалары үйренилди. Абдиева Кенжегулдиң жумыссызлығы есапқа алынып, ҳақы төленетуғын жәмәәтлик жумысқа қабыл етиў бойынша районлық бәнтликке көмеклесиў орайына көрсетпе берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
АЛЖАСҚАН БАХЫТ

Геўгим түсип баратыр әне,
Тамамланып және бир сәне,
Бахыт байғус келмейин десе,
Табылады екен мың бәне.

Көз ушымда батты бозарып,
Күндизи мыс қайнаған қуяш,
Бахтыма бир арыў қыз дарып,
Демде ғайып болғаны ырас...

Кеше емес пе ол қыздың мени,
Сүйгеним сен дегени анық
Сағынғаны, дилгир күткени,
Муҳаббаттан көзлери жанып.

Неге енди кетти ол қашып,
Жылдырымдай араны ашып,
Жақынласам жолатпай мени,
Өкиништиң өртеңин шашып.

Қәлб түбинде қурылған қамал,
Ҳәп заматта кетти бузылып,
Дилгир етип ол саҳыбжамал,
Өзге жолға кетти бурылып.

Және түсип киятыр геўгим
Бахыт қуяшы көринбес енди.
Жалғызсырап жаўраған сеўгим,
Қараңғылық қойнына сиңди.

Төлепберген УЗАҚБЕРГЕНОВ


Тахтакөпир районы

https://t.iss.one/a_blognot
Сырт еллерде жумыс ислеў ушын қай жерге хабарласыў кереклиги ҳаққында

Қазақстанға жиберилип атырған мийнет мигрантлары ҳаққындағы хабарлар жәрияланғаннан соң көпшилик адамлар қай жерге хабарласыў кереклигин сорап мүрәжат етпекте.

Пандемия себепли Россия ҳәм Қазақстан мәмлекетлери шегараларын ашпағанлығы себепли ҳәзирше сырт еллерде жумыс ислеў бойынша тек ғана Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги ҳәм оның Қарақалпақстандағы бөлимине мүрәжат етиў және толық мағлыўматларды алыў имканияты бар.

Буның ушын төмендеги көрсетилген телефон номерлерине хабарласыўыңыз мүмкин.

Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги: 1282 қысқа номери ямаса +99871 202 33 55, +99871 200 00 61

Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими: +99861 222 53 32, +99861 222 53 34

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги


Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati