Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.42K subscribers
37.1K photos
4.51K videos
29 files
16.6K links
Download Telegram
Сектордағы ушырасыўлар, ўазыйпалар

"Дәўир” МПЖ аймағындағы 4-санлы орта мектеп залында район ҳәкими, 1-сектор баслығы Жамбул Адилов тәрепинен “Ҳаяллар дәптери”не киргизилган ҳаял-қызлар ҳәм “Жаслар дәптери”ндеги жаслар менен көшпели қабыллаў өткерилди. Ушырасыў барысында ҳаял-қызларды, жасларды толғандырып жүрген машқалалары тыңланды ҳәм оларды орынлаў бойынша режелер белгилеп алынды.
Район ҳәкими, 1-сектор баслығы “Дәўир” МПЖ аймағында қурылысы жүрип атырған “Дәўрен” жеке меншик кәрханасының халыққа хызмет көрсетиў орайы имараты менен танысып, кемшиликлери соралды ҳәм жуўапкер шөлкемлерге көрсетпелер берилди.
Сондай-ақ, усы аймақтан өтиўши 4Н112 автожолында алып барылып атырған реконструкция жумыслары менен де танысып шықты. Ол жердеги кемшиликлерди толықтырыў мақсетинде кесип алып ислеўши шөлкемлерге де көрсетпелер берилди.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
САЛЫ ЖЕТИСТИРИЎДИ БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

https://kknews.uz/kk/73374.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Алишер Наўайының туўылғанына 580 жыл толыўына
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шерзод Шерматов Озодбек Назарбековтың шақырығын қабыл етти #baytchellenj
Қытайда мектеп оқыўшыларының телефоннан пайдаланыўы қадаған етилди

▪️Eнди оқыўшыларға ата-анасының жазба разылығысыз мектепке телефон менен келиў ҳәм оны пайдаланыў қадаған етилди. Билимлендириў министрлигиниң түсиник бериўинше, буның менен балалардың көриў қәбилети төменлемеўиниң алды алынады, балалар сабаққа көбирек дыққат аўдарады ҳәм интернетке байланыўдан қутылады.

Ҳәзир Қытайда 18 жасқа дейинги балалардың 74 процентинде интернетли телефон бар ҳәм сол жастағы балалардың жақынды көриў қәбилети төменлеў статистикасы артқан.
Ҳүрметли пуқаралар!

Райондағы "Қоңыраткөл" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бүгин 5-февраль күни саат 09:45 минут өткеннен 17:40 қа шекемги аралықта 87-санлы трансформатор пунктинде киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул үзилислер ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.


Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Бухарадағы көп қабатлы үйде жүз берген жарылыў бойынша жынаят иси қозғатылды

Бухара ўәлаяты прокуратурасының хабар бериўинше, жарылыўда 12 пуқара жарақатланған.

Анықланыўынша, газ сызып шығыўы ақыбетинде жарылыў жүз берген. 9 қабатлы жай «WHITE GROUP TRADING» МЧЖ тәрепинен қурылған.

Жарылыў пайытында жолда транспорт қуралларында кетип баратырған пуқаралар түрли дәрежедеги тән жарақатын алған.Пуқаралар жеңил ҳәм орта аўыр тән жарақатын алғаны айтылмақта.
Тергеў ҳәрекетлери ўәлаят прокуратурасы тәрепинен қадағалаўға алынған.


дәрек: https://uza.uz/posts/239209

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
2017-2021-ЖЫЛЛАРЫ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДЫҢ БЕС ТИЙКАРҒЫ БАҒДАРЫ БОЙЫНША ҲӘРЕКЕТЛЕР СТРАТЕГИЯСЫН «ЖАСЛАРДЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ҲӘМ ХАЛЫҚТЫҢ САЛАМАТЛЫҒЫН БЕККЕМЛЕЎ ЖЫЛЫ»НДА ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ МӘМЛЕКЕТЛИК БАҒДАРЛАМА ҲАҚҚЫНДА

https://kknews.uz/kk/73379.html
Олий Мажлис Сенатының он екинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қурамына өзгерислер киргизиў бойынша мәселе көрип шығылды

Сенат ағзалары Қаршы муҳандислик-экономика институты ректоры Базаров Орифжон,, “Навоийазот” акционерлик жәмийети социаллық ҳәм турмыслық мәселелер бойынша бөлим баслығы Шухрат Джураев, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси Сурхандәрья ўәлаяты бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Муяссар Кадирова, Өзбекстан Республикасы әдиллик министриниң орынбасары Бахром Кучкаров, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының орынбасары Зайниддин Низамходжаев, Жиззақ политехника институты ректоры Алишер Усмонқулов, “Ўзэлектроаппарат” АЖ басқарыўшысы мәсләҳәтшиси Александр Фарманов, Хорезм ўәлаяты кәсиплик аўқамлары шөлкеми бирлеспеси кеңеси баслығы Эргаш Юсуповты Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары етип сайлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

дәрек:📍https://uza.uz/posts/239246
Фарғона шаҳрида Президент Шавкат Мирзиёев иштирокида халқ депутатлари вилоят кенгашининг навбатдан ташқари сессияси бўлиб ўтмоқда
Сессияда ташкилий масала кўрилди. Давлат раҳбари 2020 йил сентябрь ойидан буён Фарғона вилояти ҳокими вазифасини бажариб келаётган Хайрулло Бозоров номзодини Фарғона вилояти ҳокими лавозимига тавсия этди.
Овозга қўйиш натижаларига кўра, Хайрулло Бозоров Фарғона вилоятининг ҳокими этиб тасдиқланди.

В Фергане с участием Президента Шавката Мирзиёева проходит внеочередное заседание областного кенгаша народных депутатов.
На сессии рассмотрен организационный вопрос. Глава государства представил на должность хокима Ферганской области кандидатуру Хайрулло Бозорова, исполняющего обязанности руководителя региона с сентября 2020 года.
По итогам голосования Хайрулло Бозоров утвержден хокимом Ферганской области.

#Mirziyoyev #safar #Fargona #sessiya

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Республикамыз аймағына Кавказ аймақлары үстинде қәлиплескен ығал ҳәм салқын ҳаўа массалары кирип келеди

дәрек:https://kknews.uz/kk/73451.html

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati