Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.09K subscribers
36K photos
4.37K videos
29 files
16.1K links
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң нәўбеттеги мәжилисинде қатнасты ҳәм өз сөзинде бир қатар анық усынысларды алға қойды.
Шөлкемге ағза ҳәм қадағалаўшы дәрежедеги мәмлекетлер делегацияларының басшылары баслы бағдар жөнелислеринде көп тәреплеме мүнәсибетлердиң бүгинги жағдайын анализлеп, оларды раўажландырыўдың келешегин додалады, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе болған мәселелер бойынша пикирлер алмасты.

#Mirziyoyev #sammit #ShHT #hamkorlik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Кеўилли ушырасыўлар даўам етеди

Президентимиздиң басламасы менен ислеп шығылған Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде халық мәпине қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Жасларды мәденият, санаат, спортқа кеңнен тартыў, ахборот технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин пайда етиў, китап оқыўды нәсиятлаў, ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған 5 әҳмийетли басламасы турмыста нәтийжели ен жаймақта.
Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған усы реформалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин кең жәмәәтшиликке мәҳәллелер бойлап жеткериў, халқымыздың кеўил кейпиятын көтериў мақсетинде "Жаңа Өзбекстан - жаңаша көзқарас" идеясы менен мәдений, әдебий ушырасыўлар елимиз бойлап даўам етпекте. Ташкент, Нөкис қалаларынан арнаўлы топар ағзалары бүгин Тахтакөпир районына да жетип келди. Оларды районлық мәденият орайында халқымыз жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Мийманлар тәрепинен шығып сөйлеўлер, Президентимиздиң алып барып атырған сиясатынан қысқаша видео ролик тамашалаўдан соң спортшы жаслардың салтанатлы шығыўы, йошлы қосықлар, көпшиликтиң аяқ қосыўында ойын-заўықлар менен қызықлы өтти. Бундай кеўилли илажлар еле мәҳәллелер бойлап даўам етеди.


Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор жыйналысы өткерилди. Усы мақсетте ислеп шығылған бағдарламаның орынланыўын шөлкемлестириў додаланды.
2020-2022-жылларда 1 359 инвестиция жойбары әмелге асырылыўы айтып өтилди. Санаат, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа тараўларды раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Район ҳәм қалалар көринисин жаңалаў, жоллар ҳәм үй-жайлар қурыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

#Mirziyoyev #videoselektor #Qoraqalpogiston #dastur

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Шавкат Мирзиёев: Ҳеч қачон Қорақалпоғистон шароитида 523 миллион долларлик инвестиция бўлмаган

Шавкат Мирзиёев: Никогда прежде в Каракалпакстан не привлекались инвестиции на 523 миллиона долларов

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
⚡️ Өзбекстанда алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәниси, пүткил мәмлекет бойлап өткерилип атырған мәнеўий-руўҳый илажлар, белгили сиясатшылар ҳәм де әдебият ўәкиллери менен ушырасыўлар, белгили көркем өнер ғайраткерлериниң шығыўлары ҳаққында — @yangiuzbekiston_uz Телеграм каналында бақлап барыўыңыз мүмкин.

Каналда сондай-ақ, ибратлы ўақыялар, уллы ўатанласларымыздан қанатлы сөзлер, фоторепортажлар, социаллық роликлер, аудио ҳәм видеокөринислер де берип барылады.

дәрек: @yangiuzbekiston_uz
Ҳүрметли пуқаралар!

Райондағы "Тахтакөпир посёлкалық, "Айдын жол" мәкан пуқаралар жыйыны аймақларында бүгин 11-ноябрь күни саат 11:00 ден 13:00 ге шекемги аралықта "Емлеўхана" фидеринен шығыўшы 10 кВ ҳаўа линияларында реконструкция жумыслары және "Даўыт сай" мәкан пуқаралар аймағында саат 09:30 минут өткеннен 18:00ге шекем 43-санлы трансформаторда киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул насазлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.

Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы