Қарақалпақстандағы 260 мектепке төрт мыңға шамалас компьютерлер жеткерип берилди
Соның ишинде Тахтакөпир районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 8 мектепке (3,9,12,15,16,17,21,23) жаңа компьютерлер берилди. Атап айтқанда, бул мектеплер Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Корея Республикасының «Эксимбанк» шөлкеми менен бирге ислесиў жойбары шеңберинде таярланған 121 дана компьютер (8 комплект) техникалары менен тәмийинленди. Бундай мүмкиншиликтен Қарақалпақстан Республикасындағы 260 мектеп пайдаланыўға еристи.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati

Ҳүрметли пуқаралар!!!
Пайдаланған электр энергиясының төлемлерин өз ўақтында есапласып барыўыңызды соранамыз. Төлемлерди почта байланыс бөлимлери, банк шақапшалары, пайнет, клик арқалы әмелге асырыўыңыз мүмкин.
Егер де қарыздарлық анықланған жағдайда талапнама берилип, 3 (үш) жумыс күни ишинде қарыздарлық төленбесе, электр энергиясы тармағынан ажыратылатуғынын ЕСКЕРТЕМИЗ ҳәм электр тармағына қарыздарлық толығы менен әмелге асырғаннан соң, БАЗАЛЫҚ ең кем ис ҳақының 2 (еки) есеси муғдарында төлем толығы менен өндирилгеннен кейин тармаққа қайта жалғанып бериледи.
Тахтакөпир районлық электр тәмийинлеўши кәрханасы админстрациясы

Баланың көркем өнерге, китап оқыўға қызығыўы оның келешегине үмит ушқынларын оятады. Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген бес басламаның тийкарында жас әўладты келешекке таярлаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўдей үлкен мәнис бар.
Балалардың онлайн таңлаўларға қатнасыўы арқалы олардың таланты баҳаланады. Тахтакөпир районындағы 2-санлы орта мектептиң 6-класс оқыўшылары Байрам Бердимуратов Өзбекстан көлеминде өткерилген "Оҳангларим етип борсин дилларингизга" онлайн таңлаўында екинши орынды ийелесе, Сардар Уразбаев "Китапхана шаңарақ" таңлаўының "Ең шебер еликлеў" номинациясы жеңимпазы болды. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы билимлендириў министрлиги, районлық халық билимлендириў бөлими ҳәм мектеп жәмәәти тәрепинен жеңимпазлар ҳәм олардың устазлары хошаметленди. Мәресимге Қарақалпақстан Республикасы Жаслық ҳәм дене тәрбиясы спорт жәмийети ўәкили қатнасты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Балалардың онлайн таңлаўларға қатнасыўы арқалы олардың таланты баҳаланады. Тахтакөпир районындағы 2-санлы орта мектептиң 6-класс оқыўшылары Байрам Бердимуратов Өзбекстан көлеминде өткерилген "Оҳангларим етип борсин дилларингизга" онлайн таңлаўында екинши орынды ийелесе, Сардар Уразбаев "Китапхана шаңарақ" таңлаўының "Ең шебер еликлеў" номинациясы жеңимпазы болды. Бүгин Қарақалпақстан Республикасы билимлендириў министрлиги, районлық халық билимлендириў бөлими ҳәм мектеп жәмәәти тәрепинен жеңимпазлар ҳәм олардың устазлары хошаметленди. Мәресимге Қарақалпақстан Республикасы Жаслық ҳәм дене тәрбиясы спорт жәмийети ўәкили қатнасты.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Жәмийетте ҳаяллар ҳәм жаслардың ролин асырыў және бәнтлигин тәмийинлеў ис-илажларын додалаў бойынша видеоселектор жыйналысы өткерилди.
Ҳәр бир аймақта “жаслар дәптери” ҳәм “ ҳаяллар дәптери” дүзилип, оларға қоллап-қуўатлаўға мүтәж жумыссызлар киргизилиўи ҳәм мәнзилли ис жолға қойылыўы айтылды.
“Социаллық шәртнама” тәжирийбесин кең қолланыў кереклиги, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў лазымлығы атап өтилди.
#Mirziyoyev #videoselektor #yoshlar #xotinqizlar
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

#НОБЕЛЬ_СЫЙЛЫҒЫ
2020-жылғы Нобель сыйлығының әдебият тараўы бойынша ийеси -- америкалы шайыр Луиза ГЛЮК болды.
Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
2020-жылғы Нобель сыйлығының әдебият тараўы бойынша ийеси -- америкалы шайыр Луиза ГЛЮК болды.
Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Forwarded from Расмий хабарлар I Официальные новости
⚡️⚡️Олий маълумот талаб қиладиган мутахассисликлар ва лавозимларни қисқартириш вазифаси қўйилди
Бугун Президент раислигида ўтказилган видеоселектор йиғилишида Касб ва лавозимлар классификатори бугунги замон ва меҳнат бозори талабларига мос келмаслиги қайд этилди.
👨🏻💻 Мисол учун, унда 2 минг 484 та, яъни 70 фоиз хизматчи лавозими бўйича олий маълумот талаб этилади. Хусусан, маълумотлар базаси билан ишлайдиган мутахассис, веб дизайнер каби ихтисосликларга олий малака талаби қўйилган. Ушбу касбларни IT-марказларда ярим йилда яхши ўрганиш мумкин.
❗️Кутубхоначи, таржимон, банк агенти, реклама мутахассиси каби кўплаб вазифаларга ҳам олий маълумот талаби қўйилган. Меҳнат бозорида бундай касблар бўйича 4 мингга яқин вакансия мавжуд.
🔹Бандлик ва меҳнат муносабатлари вазирлигига Касб ва лавозимлар классификаторида олий маълумот талаб қиладиган мутахассисликлар ва лавозимларни қисқартириш вазифаси қўйилди.
@Rasmiy_xabarlar_Official

Ҳүрметли пуқаралар!
Тахтакөпир районындағы "Дәўир" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында бүгин 9-октябрь күни саат 09:20 минут өткеннен 17:40қа шекем 29-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул насазлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.
Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы
Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Тахтакөпир районындағы "Дәўир" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында бүгин 9-октябрь күни саат 09:20 минут өткеннен 17:40қа шекем 29-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул насазлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.
Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы
Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Күни кеше мәҳәллениң 15-16 жасар жас өспиримлери арасында "Чарм туп" дәстүрий футбол жарысының Қарақалпақстан Республикалық баскышы болып өтти.Финал басқышында Нөкис қаласы биринши, Тахтакөпир районы жас өспиримлери екинши, Караөзек районы үшинши орынларды жеңип алды.
Бул келешегинен үмит күттиретуғын балаларымыздың алдағы сынақларында әўметлер тилеймиз.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Бул келешегинен үмит күттиретуғын балаларымыздың алдағы сынақларында әўметлер тилеймиз.
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
ОЛИЙ МАЖЛИС СЕНАТЫ АҒЗАЛАРЫ САЙЛАНБАҚТА
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери депутатларының қоспа мәжилиси болып өтпекте.
Қоспа мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.
Оннан соң Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары М.Истамов Сайлаў кодексине муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзаларын сайлаў бойынша сайлаўды өткериў тәртип-қағыйдаларына тоқтап өтти.
Мәжилиске басшылық етиўге 31-"Орта қала" сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Давлетовти усыныс етти. Бул усыныс депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети