Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.45K subscribers
40.5K photos
4.98K videos
32 files
17.8K links
Download Telegram
Бүгинги тест сынақлары өз жуўмағына жетпекте. Топлаған баллар бойынша мағлыўматты abitur.dtm.uz сайтындағы абитуриенттиң жеке кабинети арқалы билиўине болады.

@QresMinistrlerKenesi

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Егер жаўынгершилик болыўы прогноз етилсе, тест сынаўлары күнниң басқа мезгилине, жаўынгершилик 2-смена ўақтына туўры келсе, имтихан басқа күнге көшириледи.

Егер абитуриентлер стадион яки майданша аймағына кирип болған пайытта жаўын жаўса, олар пана жерлерге өткериледи; тест сынаўлары басланғанда орынларына отырады.

Тест сынаўлары күни өзгерсе, ҳәр бир абитуриентке СМС-хабарнама жибериледи.

Бул ҳаққында ДТМ бас басқарма баслығы Барно Ражабов мәлим етти.

https://t.iss.one/hudud24official

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Ден_саўлық

Таңғы ҳаўа- дәртке даўа.

🏃🚴 Ерте таңнан турып жуўырыў, жасы үлкен қариялар бираз жол жүрип өтиў, дене шынығыўларын ислеўди әдетке айландырыў ушын устаздың кереги жок.

⛹️🚶Буны ҳәр күни үзликсиз күнделикли даўам еттириў- өзимиздиң қолымызда.

😷 Шынығып, денеңизди үйретип, саў саламат болың!
👍 Денсаўлық-терең байлық.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Ҳүрметли пуқаралар!

Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ Е С К Е Р Т Е Д И !!! 2020-жылдың 3-сентябрь куни Тахияташ ЫЭС да жанылғы ресурсларының жетиспеӯине байланыслы Қаракалпақстан Республикасының барлық қала ҳәм район аймақларында электр энергиясы менен тәмийинлеўде шеклеўлер киргизилетуғынын ескертемиз.

Тахтакөпир районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️“Soliq hamkor” – жәмийетшилик қадағалаўының жаңа дәстүри жолға қойылды

Сизге қадағалаў-касса машинасынан 🚫 сатып алған өнимиңиз ушын чек берилмедиме?

Терминал арқалы төлем 🚫 қабыл етилмедиме?

Бул салық ҳуқықбузарлығы есапланатуғынын билесизбе?

🔺 Салық хызмети Сизиң тутыныўшылық ҳуқықларыңызды қорғаўда ⚖️ жәрдем береди

Жаңа “Soliq hamkor” бағдарлама

📲 @soliq_hamkor_bot қосымшасы

🤖 @soliq_hamkor_bot телеграм-бот

💻 Салық органларының электрон мәмлекетлик хызметлери порталы – my.soliq.uz арқалы

салық ҳуқықбузарлықлары ҳаққында хабар берип, салық уйымлары менен аралықтан бирге ислесиў имканиятын усынады

“Soliq hamkor” бағдарламасы – инсаплы салық төлеўшилердиң жәрдемшиси

Дерек: @qrmsb

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
❗️Кеше коронавирусқа шатылған 219 наўқас саўалды. Даўаланыў көрсеткиши 93 пайызды қурамақта.

Сондай-ақ, кеше 304 адамда коронавирус есапқа алынды. Бес наўқас усы инфекция себепли қайтыс болды.

🦠 Медицина шөлкемлеринде даўаланып атырған 2 328 наўқастан 365 наўқас аўыр, 176 наўқас болса жүдә аўыр аўҳалда.

@koronavirusinfouz
#ниқобтақинг
#масофасақланг

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
2020-жыл 3-сентябрь күнги тест сынақларында 1-сменаға 3000 абитуриенттиң қатнасыўы белгиленген болса соннан 86 абитуриент тест сынақларына келмеген. Сондай-ақ, тест сынақларынан шетлетилгенлер болмады.

@QresMinistrlerKenesi

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!

Ҳүрметли абитуриентлер ҳәм ата-аналар!

Ертең Нөкис қаласында абитуриентлердиң тест тапсырыўы ушын Тахтакөпир районы ҳәкимияты тәрепинен гезектеги автобус қойылғанын хабарлаймыз.

Абитуриентлердиң белгиленген орынларға өз ўақтында жетип барыўын хәм олардың қәўипсизлигин тәмийнлеў мақсетинде шөлкемлестирилген автобус 4-сентябрь күни таңда саат 05:00 де ҳәм екинши смена ушын 13:30 минут өткенде Тахтакөпир районы автовокзалынан жүрип кетеди.

Абитуриентлердиң бас кийимде келиўи соралады.

Мағлыўматлар ушын:
93 489 54 90
97 562 19 73

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
❗️Бес жыллық стажға ийе хызметкерлер ушын жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыў мүддети узайттырылды

⚠️ Экономика тармақларында кеминде бес жыллық жумыс стажына ийе болған пуқараларды республика жоқары оқыў орынларының сыртқы ҳәм кешки тәлим формасына сәўбет нәтийжелерине муўапық класластырылған (топлаған балына қарап белгиленетуғын) төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыллаў бойынша онлайн дизимнен өтиў мүддети 2020-жылдың 15-сентябрь күнине шекем (15-сентябрь күни де) узайттырылды.

💡 Мағлыўмат ушын. Бес жыллық стажға ийе хызметкерлер өзлериниң жумыс ислеп атырған мәкемелер басшыларының усынысы менен сыртқы ҳәм кешки тәлим формасына оқыўға кириўи мүмкин.

📲 Буның ушын олар Мәмлекетлик тест орайы сайты арқалы онлайн дизимнен өтиўи керек.

🗞 2020/2021-оқыў жылында ҳәр бир мәкеме 100 адамға усыныс бериўи мүмкин.

💰 Усыныс берилген хызметкерлер сәўбет нәтийжелерине муўапық оқыўға қабыл етилген жағдайда олардың оқыўы (сыртқы тәлим ушын 5 жыл, кешки тәлим формасы ушын 4 жыл) ушын контракт пулы өзи жумыс ислейтуғын мәкеме тәрепинен қаплап бериледи.

📌 Өз хызметкерлерине оқыўға тапсырыў ушын усыныс бериў ҳуқықына ийе мәкемелердиң дизими мына жерде көрсетилген 👉 https://t.iss.one/otm_info/311

Дерек:@xaliq_ushin

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Рәсмий: диний шөлкемлерде жәмәәтлик ибадатлар басланады

Дин ислери бойынша комитеттиң мәлимлеме хызметиниң хабарлаўынша, Республикалық арнаўлы комиссиясының нәўбеттеги қарарына тийкарланып 4-сентябрь, жума күнинен баслап бәрше диний шөлкемлерде жәмәәтлик ибадатларды (жума ҳәм шемби-екшембилик диний хызметлер) әмелге асырыўға рухсат берилди.

❗️Бул жерде, “Барлық диний шөлкемлер” дегенде елимиздеги бәрше дин ўәкилларине тийисли ибадат орынлары нәзерде тутылғанын еслетип өтемиз. Буған мешитлер, шеркеўлер, синагогалар ҳәм басқалар киреди.

🕌Усы қарарға муўапық, елимиздеги мешитлерде жума намазы, ертең, 4-сентябрь күни орынланады.

⛪️🕍Сондай-ақ, шеркеў ҳәм синагогаларда орынланатуғын шемби ҳәм екшемби күниндеги ғалаба ибадат мәресимлери де даўам еттириледи.

‼️Ҳүрметли ўатанласлар, белгиленген карантин тәртип-қағыйдаларына әмел етейик. Өзимиздиң ҳәм жақынларымыздың саламатлығын асырап-абайлайлық!

@Rasmiy_xabarlar_Official

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
#Туўылған_жер

ОЛ - ТАХТАКӨПИР...

Дүньяда дәрья көп, көпирлер де көп,
Даңқы көкке жеткен гөззал жер де көп,
Бир өткел бар еди мениң ушын тек,
Ол өткел қәдирлим, ол- Тахтакөпир.

Анама усайды ҳәр бир анасы,
Әкеме усайды ҳәр бир атасы,
Әмиўден саға алған жаптың жағасы,
Онда бир көпир бар, ол- Тахтакөпир.

Таңда Бөршитаўдан қуяш шығады,
Қаратерең берекеттиң булағы,
Журтты бир көриўге асықтырады,
Ол ата мәканым, ол -Тахтакөпир.

Ол мениң қәлблерге тутасқан жолым,
Ол мени көклерге көтерген қолым,
Ол мениң шадлығым, ол мениң муңым,
Ол қәсийетли ел, ол-Тахтакөпир.

Әўел Хақ бабалар қоллап не деген,
Сондай бахытлы дәўран көрди көзгенем,
Бул ата мәканға тәжим етемен,
Ол теберик жерим, ол-Тахтакөпир !!!

Алтынгүл Өтениязова
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды

Бүгин, 3-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2020-2021-оқыў жылы ушын бакалавриаттың күндизги ҳәм сыртқы билимлендириў бағдарларына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды.

Толық оқыў: https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2249

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Мектеплерде сабақларды шөлкемлестириўдиң тәртиби жәрияланды

➡️ https://bit.ly/3hUBn4t

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati