Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.18K subscribers
36.2K photos
4.38K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
Алыс аўылларға тәбийий газдиң толық жетип барыў мүмкиншилиги жоқ. Сонлықтан да мәмлекетимиз тәрепинен оларды суйылтырылған газ бенен үзликсиз тәмийинлеп келмекте.
Тахтакөпир районы бойынша 2251 хожалыққа суйылтырылған газ жеткерип бериледи. Бул хожалықлардың ҳәр бири еки дана газ баллоны менен ҳәм 5 мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң ҳәр бири 4 данадан газ баллонлар менен тәмийинленген. 2020-жыл ушын реже (лимит) 343.86 тонна ажыратылған, усы күнге шекем 177.36 тонна суйылтырылған газ алынып, белгиленген график бойынша халыққа жеткерип берилип атыр.
-Бүгинги күнде Дәўқара аўыл пуқаралар жыйынына график бойынша автомашина менен газ баллонлары апарып тарқатылды ҳәм кейинги ўақытларда да график бойынша қалған аўыллық жерлерге автомашина менен жеткерип беремиз,-дейди районлық газ тәмийнаты филиалы баслығы Бахтияр Камалов.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2020-2021-оқыў жылы ушын бакалавриаттың сыртқы билимлендириў бағдарлары ашылды

https://kknews.uz/kk/60429.html

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалына 2020-2021-оқыў жылы ушын бакалавр (күндизги) бағдарлары бойынша қабыллаў көрсеткишлери

https://kknews.uz/kk/60430.html

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
AgroMart.Uz
#Ҳуқықый_сораў

🔵 Сайтқа түскен онлайн мәсләҳәтлерден мысал келтиремиз:

🗨Мен фермер хожалығын шөлкемлестирмекши едим. Бизде аўысық жерлер көп оларды қалай алсам болады? Бир қарамал ушын 0,45 гектар жер бериледи екен, оннан көбирек жер алыўға бола ма? Фермер хожалығын шөлкемлестириўде қандай жеңилликлер болады?

🌟Жуўапты Агромарт мәсләҳәтшиси ҳуқықтаныўшылық бойынша қәниге Муҳаммаджон Қосимов береди:

🗨 Ассалаўма әлейкум. Фермер хожалығын шөлкемлестириў ушын жер майданларын ижәраға алыў бойынша район ҳәкими атына арза менен мүрәжат етиледи.

Өзбекстан Республикасы “Фермер хожалығы ҳаққында”ғы нызамның 5-статьясына тийкар шарўашылық өнимин жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалығы кеминде 30 шәртли бас шарўа малы болған тағдирде шөлкемлестириледи.

Шарўашылық өнимин жетистириўге қәнигелестирилген фермер хожалығына берилетуғын жер участкаларының ең кем өлшеми бир шәртли бас шарўа малға есаплағанда Әндижан, Наманган, Самарқанд, Ташкент, Ферғана ҳәм Харезм ўәлаятларындағы суўғарылатуғын жерлерде кеминде 0,3 гектарды (нәсилдар шарўашылық фермер хожалықлары ушын 0,5 гектарды), басқа ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы суўғарылатуғын жерлерде, кеминде 0,45 гектарды (нәсилдар шарўашылық фермер хожалықлары ушын 0,6 гектарды), суўғарылмайтуғын жерлерде болса кеминде 2 гектарды шөлкемлестиреди.

Соннан келип шыққан ҳалда сизге ҳәр бир шәртли қарамал ушын берилетуғын жер майданы көлеми сиз жасап турған жерге ҳәм шөлкемлестирип атырған хожалығыңыздың айрықшалығына (нәсилшилик яки әпиўайы товар) байланыслы. Фермер хожалығын шөлкемлестириўдиң өзинде айрықша жеңиллик жоқ. Бирақ шөлкемлестирилген фермер хожалығында мәлим бир шараларды әмелге асырыўға көмеклесиў ушын жеңилликлер (субсидиялар) бар.

💎Қәнигеге сораў бериў: 👉 https://bit.ly/2B86nOr

бизиң каналымыз👇
https//
t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️20-өлим: Сурхандәрьяда қайтыс болған 59 жаслы ҳаялда коронавирус тастыйықланды, оның менен байланыста болғанлар карантинге алынды

Денов қаласында жасаған марҳум наўқас Б.Х. соңғы 5 жылдан бери еки тәреплеме өкпениң өткир бронхопневмониясы диагнозы менен даўаланып келган. Усы жылдың 19-июнь күни наўқастың мүрәжатына көре, алынған анализде коронавирус инфекциясы бар екенлигине гүман етилген ҳәм наўқас тез жәрдем машинасында районлық жуқпалы кеселликлер шыпаханасына жатқарылған.

🔎 Шыпаханада наўқасқа “ Еки тәреплеме өткир бронхопневмония, өткир жүрек ҳәм өкпе жетиспеўшилигиниң аўыр дәрежеси, коронавирус инфекциясына гүман” диагнозы қойылған. Сондай-ақ, наўқаста "Өкпениң созылмалы обструктив кеселлиги, созылмалы пиелонефрит, кемқанлықтың орта аўыр дәрежеси” сыяқлы кеселликлер диагнозы да қойылған.

Реанимациялық емлерге қарамастан ол жүрек-қан тамыр ҳәм өкпе жетиспеўшилигинен көз жумған.

🚧 Марҳумнан алынған анализде коронавирус инфекциясы тастыйықланған. Оның менен байланыста болған шаңарақ ағзалары, жақынлары ҳәм басқа пуқаралар қатаң карантинге алынған.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
Пенсияға шықпақшымысыз? Архив мағлыўматлары шәрт емес

https://bit.ly/31miZvQ

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🏠#Yйде_қалың

⚡️ (+97) ~ 2020-жыл 25-июнь саат 17:00 ўақтына Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 7087ни (бүгин +186) қурамақта.

@Rasmiy_xabarlar_Official

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Шуҳрат Ғаниев: пара алғанымда сонша мүддет ўәлаят ҳәкими болып ислемес едим

➡️ https://bit.ly/3eA38O9

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Жолаўшы тасыўшы водородлы самолёт биринши мәртебе ҳаўаға көтерилди

https://bit.ly/3dCcGqt

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🔰 Ташкент қаласында бүгин 25-июнь күни қалалық ИИББ хызметкерлери жол ҳәрекети қатнасыўшыларына медицина нықапларын тарқатпақта

Дерек: ИИМ ЖҲҚББ Мәлимлеме хызмети

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Өзин-өзи бәнт етиўшилерди дизимге алыў аңсатласады, көп қабатлы имарат қурыўшыларына бажыхана жеңилликлери бериледи, туўылыў ҳәм өлим ҳаққындағы мағлыўматлардың электрон алмасыўы мәжбүрий болады, баспахана ушын лицензия бийкар етиледи — 1-июльдан күшке киретуғын өзгерислер.

https://www.gazeta.uz/uz/2020/06/25/1-july/?utm_source=push&utm_medium=telegram

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
❗️Рекорд және жаңаланды — бүгин Өзбекстанда 276 адам коронавирус жуқтырды

Толық: 👉@ssvmatbuotkotibi

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
🏠#Yйде_қалың

Ҳүрметли пуқаралар!

"Тахтакөпир" поселкалық пуқаралар жыйыны аймағында Абат орай" бағдарламасы тийкарында бүгин 26-июнь күни саат 09:00 ден 18:00 ге шекем 1-санлы трансформатор пунктинен шығыўшы 0,4 кВ ҳаўа линиясында киши оңлаў жумыслары жүргизилиўине байланыслы электр энергиясы менен тәмийинлеў ўақытша тоқтатылады.
Бул насазлықлар ушын тутыныўшылардан кеширим сораймыз.

Районлық электр тәмийинлеў кәрханасы

Бизиң каналымыз!👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati