Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5.67K subscribers
37.1K photos
4.5K videos
29 files
16.5K links
Download Telegram
Фамотидин коронавирусты емлеўге көмеклеседи екен

➡️ https://bit.ly/30etdhB

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️ Ферғана ўәлаяты Тошлоқ районы ҳәкими өзгереди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың қатнасыўында Ферғана қаласында ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери, тараў ҳәм тармақлар басшылары, жәмәәтшилик ўәкиллери менен жыйналыс болып өткени ҳаққында хабар берген едик.

Жыйналыста жумысында кемшиликлерге жол қойган Тошлоқ районы ҳәкими ҳәм салық басқармасы баслығын ўазыйпасынан азат етиў бойынша көрсетпе берилди.

@Rasmiy_xabarlar_Official
🏠#Yйде_қалың

Ташкент, Харезм ҳәм Наманганда халық арасында коронавирус анықланды

⚡️ (+42) ~ 2020-жыл 6-июнь саат 17:00 ўақтына Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 4064ти (бүгин +57) қурамақта.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#каратинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Бийғәрез эксперт: Саҳра шегирткелери келтирген зыян 500 миллион доллардан асып кетти

➡️ https://bit.ly/3eWFIlO

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Мәмлекетимиз басшысы Ферғанада өткерилген жыйналыста халық пенен ашық сөйлесип, машқалаларды биргеликте шешиў, адамлардың аўырын жеңил етиў мақсетинде келгенин атап өтти. Сўх районында болған ўақыяларға да тоқтап, мүнәсибет билдирди.
- Сўхдағы ўақыялар қырғыз халқы менен дослығымызға, барды-келдимизге, режелеримизге тәсир етпеўи керек. Аўыр, сабыр-тақатлы, меҳир-ақыбетли болыўымыз керек. Қоңсышылық - мың жыллық, - деди Шавкат Мирзиёев.

#Mirziyoyev #safar #Fargona #yigilish
Ҳүрметли каналымыз ағзалары!

Сизге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлери, министрликлер ҳәм басқармалардың рәсмий телеграм каналлары мәнзиллери дизимин усынамыз.
Усы каналларға ағза болың ҳәм Республикамыздағы ең соңғы жаңалықлар менен оператив түрде танысып барың!

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси - https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi

Ҳəкимликлер
Әмиўдәрья районы ҳәкимлиги – t.iss.one/amudarya
Беруний районы ҳәкимлиги – t.iss.one/beruniy_news
Бозатаў районы ҳәкимлиги – t.iss.one/bozataw_uz
Қанлыкөл районы ҳәкимлиги – t.iss.one/kanlikulnews
Қараөзек районы ҳәкимлиги – @QaraozekHakimligi
Кегейли районы ҳәкимлиги – @kegeylirkuzofficial
Қоңырат районы ҳәкимлиги – t.iss.one/qongiratrkuz
Нөкис қаласы ҳәкимлиги – t.iss.one/paytaxt_city
Нөкис районы ҳәкимлиги – t.iss.one/Aqmangituz
Тақыятас районы ҳәкимлиги – t.iss.one/taqiyatasrk
Тахтакөпир районы ҳәкимлиги – t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Төрткүл районы ҳәкимлиги – t.iss.one/turtkulhokim_uz
Хожели районы ҳәкимлиги – t.iss.one/xodjeyli_rk
Шымбай районы ҳәкимлиги – t.iss.one/shimbayrk
Шоманай районы ҳәкимлиги – t.iss.one/shomanay_rayon
Елликқала районы ҳәкимлиги – t.iss.one/ellikqala1977
Мойнақ районы ҳəкимлиги – t.iss.one/MuynakPress

Министрликлер
Ишки ислер министрлиги – t.iss.one/qriim
Турақ жай – коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги – t.iss.one/mjkork
Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги – t.iss.one/qrmtv_uz
Мәденият министрлиги – t.iss.one/QQRMadeniyatMinistrligi
Транспорт министрлиги – https://t.iss.one/krmintrans
Дене тəрбия ҳәм спорт министрлиги – t.iss.one/qoraqalpoqsport
Әдиллик министрлиги - https://t.iss.one/KRAdillikMinistrligi
Халық билимлендириў министрлиги – t.iss.one/kkeduuz
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги – t.iss.one/miftrk
Қурылыс министрлиги – https://t.iss.one/qurilisministrligi
Аўыл хожалығы министрлиги – https://t.iss.one/QRagroministy
Бəнтлик ҳəм мийнет қатнасықлары министрлиги - https://t.iss.one/qr_mintrud
Денсаўлықты сақлаў министрлиги – @qrdssm

Комитет, басқарма ҳəм басқа да мəкемелер
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы – @KrXaliqqabillawxana
Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети – t.iss.one/Ecokomuz
Монополияға қарсы гүресиў комитети – @Qrmonopoliya
Мəмлекетлик салық басқармасы – https://t.iss.one/qrmsb
Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы – https://t.iss.one/tourism_rk
Бажыхана басқармасы – t.iss.one/krbajixana
Ғазнашылық басқармасы – https://t.iss.one/treasuryofrk
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы - https://t.iss.one/davaktivkr
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы – t.iss.one/qrmxa
Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси – t.iss.one/QR_jaslar_awqami


Жоқары оқыў орынлары
Қарақалпақ мәмлекетлик университети – https://t.iss.one/www_karsu_uz
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты – https://t.iss.one/nmpi1934
ТашМАУ Нөкис филиали – t.iss.one/ToshDAU_Nukus_filiali
ТАТУ Нөкис филиалы – @titunf
СамВМИ Нөкис филиалы – t.iss.one/SamVMINukusfilial

Партиялар
“Адолат” СДП ҚР Кеңеси – t.iss.one/adolat_qoraqalpoq
ƟзЛиДеП ҚР Кеңеси – https://t.iss.one/uzlidepqr


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети
https://t.iss.one/QResMinistrlerKenesi
Хабарлардың шын яки жалғанлығын ажыратыў зәрүрлиги

Бүгин социаллық тармақларда Ферғана ўәлаяты ҳәкими Шуҳрат Ғаниевтиң лаўазымынан алынғаны, ҳәттеки оның орнына жаңа тайынлаў да әмелге асырылғаны ҳаққында түрли хабарлар тарқалды. Бул хабарлар тийкарсыз болып, ҳақыйқатқа туўры келмейди

➡️ https://bit.ly/3dRe4qx

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
Президент Шавкат Мирзиёев Ферғана ўәлаятына әмелий сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтып келди.

Президент Шавкат Мирзиёев завершил рабочую поездку в Ферганскую область и вернулся в Ташкент.

#Mirziyoyev #safar #Fargona

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
18+

📹 Коронавирусқа шалынған наўқаслардың аўҳалына бир қараң... Өзиңизди абайламасаңыз, Сиз де усы аўҳалға түсиўиңиз мүмкин

Жуўмақ шығарың!

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники
🏠#Yйде_қалың

⚡️ (+30) ~ 2020-жыл 6-июнь саат 23:00 ўақтына Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 4094ти (бүгин +87) қурамақта.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#каратинбезпаники

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati
⚡️⚡️ (+87) ~ 2020-жыл 7-июнь саат 10:00 ўақтына Өзбекстанда коронавирус инфекциясы есапқа алынғанлар саны 4181ди (бүгин +87) қурамақта.


🦠 Жаңа кеселлениў жағдайларының бәршеси Ташкент қаласында коронавирусқа шалынғанлар менен байланыста болған пуқаралар арасында есапқа алынған.

🔎 Саўалғанлар — 3268.

💉 Даўаланбақта — 896.

▪️Аўҳалы аўыр — 11 наўқас. Жүдә аўыр — 3 наўқас.

@koronavirusinfouz
#vahimasizkarantin
#карантинбезпаники

ДАҒАЗА!

🏢Тахтакөпир кәсип-өнер мектеби 2020-2021 оқыў жылында 9-класс питкериўшилерин оқыўға қабыллайтуғынын мәлим етеди!

Кәсип-өнер мектеби 2019-жыл 6-сентябрьдеги Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Билимлендириў системасын және де жетилистириўге қаратылған қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПФ-5812 санлы Пәрманына муўапық Тахтакөпир қурылыс ҳәм транспорт кәсип-өнер колледжи тийкарында дүзилди.

Кәсип-өнер мектебинде оқыўшылар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында айлық стипендия ҳәм үш мезгил аўқат пенен тәмийинленеди.
Бирақ елимиздеги пандемияға байланыслы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 16-апрельдеги №232 санлы «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетиниң турақлылығын тәмийинлеў ҳәм қәрежетлерин оптимизациялаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық стипендия ҳәм үш мезгил аўқат төлеми 2021-2022 оқыў жылынан баслап әмелге асырылады.

Оқыў мүддети: 2 жыл
🏢 Тахтакөпир кәсип-өнер мектебиниң 2020-2021-оқыў жылында кәсиплер бағдары
бойынша қабыллаў
квотасы:

🚖 🛠1. Автомобильлерди оңлаў слесары.
Квалификациясы:
-автомобильлерди оңлаў слесары;
-«В» яки «ВС» категориялы автомобиль айдаўшысы.

🚘 2. Автомобиль айдаўшысы.
Квалификациясы:
-сынақ драйверы,
-айдаўшы-экспедитор,
-«В» яки «ВС» категориялы автомобиль айдаўшысы.

🧵3.Тигиўшилик.
Квалификациясы:
-Ҳаяллар кийими тигиўшиси,
-Ерлер кийими тигиўшиси,
-Балалар кийими тигиўшиси,
-Yстки кийимлер тигиўшиси.

🐄 4.Шарўашылық.
Квалификациясы: - механизацияластырылған ферма ҳәм шарўашылық орайлары операторы;
- саўыў машиналары операторы;
- механизацияластырылған ферма ҳәм қусшылық фабрикалары операторы

🧑‍🍳👩‍🍳 5.Аспаз, кондитер өнимлери.
Квалификациясы:
- аспаз;
- нанбай;
- мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми аспазы;
- мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми орайы аспаздың жәрдемшиси;
- кондитер өнимлери маманы.

👨‍🏭🚜 6.Аўыл хожалығы машиналарын оңлаў слесары
квалификациясы:
- аўыл хожалығы машиналарын оңлаў слесары;
- Электргазкепсерлеўши.

🛠 7. Кепсерлеўши (электр газ кепсерлеў ислери).
Квалификациясы:
-газ кепсерлеўши;
-электргазкепсерлеўши;
-автомат ҳәм ярым автомат машиналары электр кепсерлеўшиси;
-қолда кепсерлеў;
-электр кепсерлеўшиси;
-газде кесиўши.

👉 Кәсип-өнер мектебине улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класс питкериўшилери қабылланады.

Питкериўшилерге мәмлекетлик үлгидеги диплом бериледи.
Оқыў дәргайымызға: 9-класс питкериўшилерин шақырып қаламыз.

Байланыс ушын телефонлар:
97 474 86 89
93 206 72 27

Тахтакөпир кәсип-өнер мектеби

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети
«Дослық – Қойлық» метро линиясы қурып питкерилди

➡️ https://bit.ly/3dFaAat
Автомобильде медициналық нықапсыз отырыўға бола ма?

Социаллық тармақларда Ташкент қалалық ИИББ баслығына дәрек көрсетилип, автомобильде медициналық нықапсыз отырыў мүмкинлиги ҳаққындағы хабарлар тарқалмақта.

Шыны менен де, жеке автомобиль басқарыўшысы машинада медициналық нықапсыз отырыўы мүмкин.

Бирақ, бул такси басқарыўшыларына тийисли емес.

Автомобильде медициналық нықапсыз отырыў ушын төмендеги шәртлерге әмел етиў керек:

- транспорт басқарыўшысы автомобиль салонында бир өзи болыўы керек;

- транспорт басқарыўшысы тек ғана автомобиль ҳәрекетленип атырған ўақытта нықапсыз отырыўы мүмкин.
Егер автомобиль жол шетинде тоқтаса басқарыўшы медициналық нықапты тағыўы шәрт.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.

бизиң каналымыз👇
https//t.iss.one/taxtakopir_xakimiyati