Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.41K subscribers
37.1K photos
4.51K videos
29 files
16.6K links
Download Telegram
❗️ Diqqat, O‘zbekistonda istiqomat qiluvchi barcha aholi uchun ajoyib taklif!
Talab yuqori bo‘lgan kasblardan birini bepul o’zlashtirmoqchimisiz? Bu siz uchun imkoniyat!


School 21 – bu 18 yoshdan oshgan barcha uchun yangi avlod raqamli texnologiyalar maktabidir. O‘quv mashg‘ulotlari ustozlar va zerikarli ma’ruzalarsiz, lekin sizni talabgir IT mutaxassisi darajasiga olib chiqadigan haqiqiy loyihalar asosida bo‘ladi.
✔️Bularning barchasi esa mutlaqo bepul!


📈Nima uchun IT?
Bugungi kunda IT sohasida maoshlar oyiga 500 $ dan 4500 $ gacha farq qiladi, mutaxassislarga talab esa kundan-kunga ortib bormoqda!

👉School 21 da sizni nimalar kutmoqda?
Portfoliongiz uchun amaliy loyihalar.
Yirik kompaniyalarda haq to‘lanadigan amaliyot.
Davlat namunasidagi diplom.
Hamfikrlar jamoasi va 24/7 vaqtda uzluksiz yordam.
Toshkent va Samarqandda zamonaviy kampuslar.

🏠Siz boshqa shahardanmisiz? Xavotir olmang – Samarqandda qulay yashash va ta’lim olish imkonini beradigan yotoqxona mavjud. Bularning barchasi esa atigi 100 ming so‘m evaziga.

🗓Navbatdagi «hovuz»lar 27-yanvardan boshlanadi, hujjatlar 22-yanvargacha qabul qilinadi. O‘rinlar soni chegaralangan.

👉Hoziroq 21-school.uz saytida ariza qoldiring.
School 21 – IT dunyosiga yo‘lboshchingizdir!

🔹Telegram 🔹Instagram 🔹Facebook
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.

🔷 Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы:

▫️ Қанлыкөл районлық бөлими: “Қанлыкөл” ППЖда жаслар жетекшиси;

▫️ Тахтакөпир районлық бөлими: “Даўытсай” МПЖда жаслар жетекшиси;

🔷 Тоғай хожалығы комитети:

▫️ Қараөзек мәмлекетлик тоғай хожалығы экономист.

❗️Aрзалар 15.01.2025-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.


Ҳүжжетлерди электрон жибериў тәртиби бойынша видеоқолланба.

@ARGOS_QR
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Тахтакөпир районы «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Ш.Алланиязова өз турақ жайына қуяш панеллерин орнатыў арқалы шаңарағының энергия ресурсларына болған талабын қанаатландырыў менен бирге, қосымша дәраматқа ийе болмақта.
————
Тахтакўпир тумани «Қараой» овул фуқаролар йиғини ҳудудида яшовчи Ш.Алланиязова ўз уйида қуёш панелларини ўрнатиш орқали оиласининг энергия ресурсларига бўлган эҳтиёжини қаноатлантириш билан бирга, қўшимча даромадга ега болмоқда.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қусшылық – жети ғәзийнениң бири

Бүгинги күнде ҳәр бир шаңарақта киши бизнести раўажландырыў арқалы қосымша дәраматқа ийе болыў ушын кең имканиятлар жаратылған.

Бул қолайлықлардан ақылға муўапық пайдаланып, әмелде өз нәтийжесин көрсетип кыятырған заманласларымыз арамызда көпшиликти қурайды.

Тахтакөпир районы «Өзбекстан» мәҳәллесиниң ҳәким жәрдемшиси Жаңабай Исмамутовтың усынысы менен усы аймақта жасаўшы Мавлюда Жоллыбаева өмирлик жолдасы менен биргеликте жеңиллетилген кредит алып, үй шараятында қусшылықты жақсы раўажландырыў арқалы шаңарағына қосымша дәрамат киргизип келмекте.

Мавлюда Жоллыбаева жақын күнлерде таўықлар санын көбейтип қусшылықты еле де раўажландырыў нийетинде.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
«Әскер аналарын қәдирлеймиз!» атамасында видеобайланыс илажы өткерилди

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь - Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Тахтакөпир районында азаматлық ўазыйпасын өтеп атырған мүддетли әскерий хызметкерлер ушын жақынлары арасында видеобайланыс илажы шөлкемлестирилди.

Илажда сөзге шыққанлар әскерий хызмет ҳәр бир ел азаматы ушын тек ғана уллы ўазыйпа емес, ал садықлық ҳәм мәртлик мектебине айланғанлығын атап өтип, бәршени байрам менен қутлықлады.

Видеобайланыс арқалы әскерлер өзлериниң хызмет орынлары, әскерий бөлимдеги турмысы ҳәм жаратылған шараятлар ҳаққында жақынларына айтып берди. Сондай-ақ, олар өз мәҳәллелериндеги соңғы жаңалықлар, шаңарақ жағдайлары ҳәм досларының жағдайы менен қызықты.

Илаж даўамында қатарласларына өрнек болып киятырған әскерлердиң ата-аналарына арнаўлы миннетдаршылық хаты салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Ўзб

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
⚡️Favqulodda vaziyat yoki yong‘in sodir bo‘lganda 101 yoki 1050 raqamlariga qo‘ng‘iroq qiling:

🔹xabarda voqea sodir bo‘lgan aniq manzil
🔹familiya va ism
🔹nima sodir bo‘lganligini aytish kerak.

Boshqa yangiliklar
Fvv.uz | Facebook | Telegram | Youtube | instagram | X
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Тахтакөпир районында гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, халықты үзликсиз электр энергия, тәбийий газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайлардағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде Тахтакөпир районы ҳәкимлигинде ШТАБ шөлкемлестирилген.

Ҳүрметли пуқаралар!

Егер сизде усыған байланыслы сораўлар ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, үзликсиз түрде ислеп туратуғын
☎️+99861 435-24-59
☎️+99861 435-13-14

телефон номерлерине қоңыраў етсеңиз болады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районы электр энергиясы тутыныўшылары дыққатына!

🔷Район аймағында гүз-қыс мәўсимин шығынсыз өткериў, халықты үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў, трансформатор пунктлери ҳәм ҳаўа тармақларындағы авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде Тахтакөпир районлық Электр тәмийинлеўшы кәрханасының оператив диспетчерлик телефон номерлери 24 саат даўамында байланыста болады.

Ҳүрметли пуқаралар!

🔷Егер сизиң электр энергиясы бойынша мүрәжатларыңыз болса, төмендеги исеним телефон номерине қоңыраў етсеңиз болады.

Оператив диспетчерлик хызмети:
☎️+99861 435-12-82

Тахтакөпир РЭТ баслығы:
Елиўбай Махсетов +998 93 488-35-35


Бас инженери:
Сарсенебай Омаров +998 99 736-24-40


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районы «Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты тутыныўшылары!

Гүз-қыс мәўсиминде халықты үзликсиз тәбийий газ бенен тәмийинлеў, авариялық жағдайларды оператив түрде сапластырыў ҳәм социаллық объектлерде халық ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде «Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты бөлиминде оператив диспетчерлик телефон номерлери 24 саат даўамында байланыста болады.

Ҳүрметли тутыныўшылар!


Егер сизиң тәбийий газ бойынша мүрәжатларыңыз болса, төмендеги исеним телефонларына қоңыраў етсеңиз болады.

Оператив диспетчерлик хызмети:

☎️+99861 435-14-54
☎️104

«Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты филиалы баслығы:

Алишер Андигенов +99899 385-02-90

Бас инженери:
Адилбек Қдырбаев +99877 089-86-86

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Ҳүрметли Тахтакөпир районы халқы!

Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгенлигиниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь - Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен, Тахтакөпир районындағы Мәденият орайында «Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекет таянышы, халқымыз мақтанышы!» сүрени астында байрам илажы өткериледи.

Байрам илажы районда жайласқан күш дүзилмелери тәрепинен әскерий парад, әскерий шығыўлар ҳәм районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етеди.

Өткерилетуғын орны:
Районлық Мәденият бөлиминиң тамашагөйлер залы

Ўақты:
2025-жыл 13-январь саат 10:00 де басланады

Бәрше район халқын байрам илажына мирәт етемиз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
e-auksion.uz платформасы арқалы 441 ға жақын халық-аралық жоллар бойындағы хызмет корсетиў жерлерин сатып алыӊ!

🟢
Әмиўдәрья районы 21 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 31 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 84 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 32 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 9 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 82 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 30 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 7 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 2 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 43 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 100 (қараңыз)
e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube