Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.08K subscribers
35.9K photos
4.37K videos
29 files
16.1K links
Download Telegram
Басламалы бюджет жойбары шеңберинде

Тахтакөпир районында «Басламалы бюджет» жойбары шеңберинде 2024-жылдың 1-мәўсиминде «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 11-санлы мектепке активлер залын жаңадан қурыў бойынша жойбары ең көп даўыс топлап жеңимпаз болған еди.

Ҳәзирги күнде бул орында 1 млрд. 360 млн.сумлық қурылыс жумыслары «Ratufer Service» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен алып барылмақта.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Қуяш панели арқалы ислеп шығарылған электр 1000 сумнан сатып алынады

Қуяш панелин орнатқан пуқаралар тәрепинен өз мүтәжлигинен артықша ислеп шығарылған электрдиң ҳәр киловатты ушын 1 000 сумнан субсидия бериледи, яғный, мәмлекет электрди пуқаралардан 1 000 сумнан сатып алады.

Усы субсидияны алыў ушын “Soliq” (Салық) мобил қосымшасы арқалы дизимнен өтиў керек.

Исбилерменлер тәрепинен қуяш, самал ҳәм биогаз электр станцияларында ислеп шығарылған ҳәр бир киловатт электр 720 сумнан сатып алынады. Буның ушын тийисли шәртнаманы дүзиў ушын «Аймақлық электр тармақлары» АЖниң районлық (қала) филиалларына мүрәжат етиў керек.

Қуёш панели орқали ишлаб чиқарилган электр 1000 сўмдан сотиб олинади

Қуёш панели ўрнатган аҳоли томонидан ўз эҳтиёжидан ортиқча ишлаб чиқарилган электрнинг ҳар бир киловатти учун 1 000 сўмдан субсидия берилади, яъни давлат электрни аҳолидан 1000 сўмдан сотиб олади.

Мазкур субсидияни олиш учун “Soliq” мобил иловаси орқали рўйхатдан ўтиш лозим.

Тадбиркорлар томонидан қуёш, шамол ва биогаз электр станцияларида ишлаб чиқарилган ҳар бир киловатт электр 720 сўмдан сотиб олинади. Бунга оид шартномани тузиш учун “Ҳудудий электр тармоқлари” АЖнинг туман (шаҳар) филиалларига мурожаат қилиш лозим.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

🌐Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 🌐YouTube
#Бес_баслама_олимпиадасы
#Онлайн

Тахтакөпир районы «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 2-санлы мектепте «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде ер балалар ҳәм қызлар арасында спорттың волейбол түри бойынша район басқышы болып өтпекте.

Спорт жарысына 16-21, 22-30 жас категориясынан сектор басқышында жеңимпаз болған 16 команда қатнасып, өз-ара күш сынаспақта.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Сектор баслықлары ҳәм жаслар ушырасыўы

Бүгин райондағы «Өзбекстан» МПЖ аймағында жайласқан 9-санлы мектепте «Сектор баслықлары ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти. Оған райондағы сектор баслықлары, тийисли тараў басшылар ҳәм аймақтағы жаслар қатнасты.

Ушырасыў даўамында елимизде жаслар ушын жаратылып атырған шараятлар, олардың оқыўы, жумыс ислеўи ямаса өзин-өзи бәнт етип дәрамат табыўы ушын жаратылған мүмкиншиликлер ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди ҳәм усындай имканиятлардан утымлы пайдаланыў керек екенлиги түсиндирилип, олардың пикир-усыныслары тыңлады.

Сондай-ақ, жасларымыздың билдирген пикир-усыныслары, мүрәжатлары сектор басшылары тәрепинен қадағалаўға алынып, оларға өз мақсетлерине ерисиўде бир қатар жол-жобалар ҳәм көрсетпелер берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press