Бүгин райондағы «Тахтакөпир» посёлка пуқаралар жыйыны аймағында районлык Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң басламасы менен мәҳәллелерде ҳаял-қызлар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм спорт мәдениятын арттырыў мақсетинде «Саламат турмыс тәризи ушын - 5000 қәдем» ғалабалық жүриў марафоны, азанғы дене шынығыўлары ҳәмде спорт ойынлары шөлкемлестирилди.
Илаж даўамында сол аймақтағы 1-санлы мектепте Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен «Бир болсақ-бир халықпыз, бирлессек-Ўатанбыз!» сүрени астында байрам илажы болып өтти.
Байрам илажына район ҳәкиминиң орынбасары Г.Сейтназарова, жасы үлкен нураный аналар, белсенди ҳаял-қызлар қатнасып, ҳаял-қызлардың билим ҳәм ɵнер үйренеўи, шаңарақтағы перзент тәрбиясында ата-аналардың орны, ҳаял-қызлардың саламатлығын жақсылаўда спорттан пайдаланыў ҳәм басқа да жөнелислер бойынша үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press

#Қабыллаў
Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, районлық Халық қабыллаўханасы баслығы А.Джуманиязов пенен биргеликте пуқаралардың мүрәжатлерин қабыл етиў, усыныс ҳәм пикирлерин тыңлаў мақсетинде гезектеги қабыллаўын өткерди.
Қабыллаў даўамында пуқаралар турақ жайын оңлаў, ишимлик суў, ишки жол мәселеси ҳәм басқа да түрли турмыслық машқалалары бойынша мүрәжатларын жоллады.
Билдирилген мүрәжатлардың айырымлары сол орынның өзинде шешимин таўып, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге тапсырмалар берилди.

Ҳүрметли Тахтакөпир районы турғынлары ҳәм район мийманлары!
Бәршеңизди усы жылдың 29-август күни саат 10:00 де Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен «Бир болсақ - бир халықпыз, бирлессек - Ўатанбыз!» сүрени астында болып өтетуғын байрам салтанатына мирәт етемиз!
Байрам илажы бағдарламасынан район Мәденият бөлими ҳәм халық талантлыларының йошлы шығыўлары, районымызға ҳәм республикамызға белгили эстрада жулдызлары, әдебий оқыўлар, балалар, спортшылар басқа да көргизбели шығыўлар байрам бағдарламасынан орын алған.
Мәнзил: Тахтакөпир районы «Дәўқара» стадионы
Ўақты: 2024-жыл 29-август күни саат 10:00 де

Тахтакөпир районында Ғәрезсизлик байрамы көтериңки руўхта өткерилди
Бүгин Тахтакөпир районы аймағындағы «Дәўқара» стадионында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен «Бир болсақ - бир халықпыз, бирлессек - Ўатанбыз!» сүрени астында сектор басшылары, мәкеме, шөлкем баслықлары ҳәм район халқы қатнасыўында байрам илажы болып өтти.
Илажда район ҳәкими Ж.Адилов сөзге шығып, район халқын Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм ғәрезсизлик жылларында ҳәр бир тараўлардағы жетискенликлерди атап өтти.
Байрам илажы Республикамызға белгили мәденият хызметкерлери ҳәм районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланган йошлы концерт бағдарламалары менен көтериңки руўхта даўам етти.