Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.12K subscribers
37.7K photos
4.57K videos
29 files
16.8K links
Download Telegram
Қарар ҳәм оның орынланыўы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2024-жылда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 2024-жыл 17-июль күнги арнаўлы қарарына тийкар Тахтакөпир районы аймағындағы мәҳәллелерде кең көлемли жумыслар əмелге асырылмақта.

Атап айтқанда:

«Өзбекстан», «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм «А.Адилов» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 71 дана ески электр бағаналарын жаңа темир бетон бағаналарына алмастырыў, 9,4 км аралыққа киши ҳәм үлкен кернеўдеги электр ҳаўа тармақларын тартылыў ҳәм 2 дана трансформатор орнатыў (1 млрд 151 млн.сўм);

«Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бессары» аўылына 7,4 км орайласқан ишимлик суў тармағын тартыў (1 млрд 628 млн.сўм);

«Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Нурлы жол» көшесиндеги 600 метр, «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағы «Бессары» аўылындағы 350 метр ески газ тармақларын жаңасына алмастырыў (72,8 млн.сўм) белгиленген.

Усы тийкардағы жумыслар район ҳәкимлиги ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлими тәрепинен қадағалаўға алынып, қурылыс жумыслары жедел пәтте даўам етпекте.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Онлайн

Тахтакөпир районында усы жылдың биринши ярымында «Ашық бюджет» порталы арқалы даўыс бериў жолы менен жеңимпаз деп табылған усыныслар бойынша қурылыс оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Усы тийкарда, «Taxiatosh Yo'llardan Muntazam Foydalanish» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағына алып барыўшы 4N19е Мақпалкөл ДФХ автомобил жолының 1,4 км аралығында асфальт жайыў жумыслары алып барлып, қурылыс оңлаў жумысларын әмелге асырыў ушын басламалы бюджет қоры қаржылары есабынан 1 млрд. 360 млн.сўм муғдарында қаржы ажыратылды.

Айтып өтиў орынлы, усы автомобиль жолындағы насазлықлар аўыл халқы ҳәм автомобиль басқарыўшылары ушын қыйыншылық туўдырып келгенлиги себепли пуқаралардан бир неше мәрте мүрәжатлар келип түскен еди.

Бүгинги күнге келип бул машқала өзиниң унамлы шешимин таўып, аўыл халқын қуўанышқа, миннетдаршылық сезимлерине бөлемекте.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Президент Шавкат Мирзиёев Нукус шаҳридаги “Оққуш” мажмуасида ташкил этилган ўтовлар кўргазмасини кўздан кечирди. Шу билан давлатимиз раҳбари Қорақалпоғистонга ташрифини якунлаб, Тошкентга қайтиб келди.

Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис қаласындағы «Ақ қус» комплексинде шөлкемлестирилген қара үйлер көргизбесин көзден өткерди. Усының менен мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстанға сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтып келди.

#Mirziyoyev #safar #Qoraqalpogiston #kurgazma

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Президентнинг Қорақалпоғистонга ташрифи: ҳамжиҳат бўлиб ва биргаликда ҳаракат қилиб, барча ҳудудларни обод қилиш, “инсон қадри учун” тамойили асосида аҳолига муносиб турмуш шароитларини яратиш ҳамда тадбиркорлик ривожига янада кучли суръат бағишлаш йўлида

Поездка Президента в Каракалпакстан: сплотившись и действуя сообща, развивать все регионы, создать достойные условия жизни на основе принципа "во имя чести и достоинства человека" и придать еще более мощный импульс развитию предпринимательства

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Хабарландырыў!

«Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты ескертеди!


Усы жылдың 21-август күни саат 9:00 ден саат 18:00 ге шекемги аралықта Тахтакөпир районындағы айланба жол бойлап жайласқан Д-273 мм жоқары басым жер асты газ тармақларында авариялық оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы «Ғәрезсизлик» МПЖ аймағындағы Ақ кесек массиви, «Айдын жол» МПЖ аймағындағы «Таң нуры», «Нөкис», «Лаўзан», «Ешимбет көл» массиви, «Дәўир» МПЖ аймағындағы «Хожахмет Яссаўий», «Турымбай шығанақ», «Ибн-Сино», «Ахымбет бақсы» көшелери, «А.Адилов», «Мулик» АПЖ ҳәм «Даўытсай» МПЖ аймақларына ўақтынша тәбийий газ жеткерип бериў тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

Ҳүрметли тутыныўшылар!

Тәбийий газ тәмийнаты қайта тикленгеннен соң кәўипсизлик кағыйдаларына қатаң әмел етиўиңизди соранамыз.

«Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты бөлими

каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Жеке_қабыллаў

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлерин қабыл етиў, усыныс ҳәм пикирлерин тыңлаў мақсетинде гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти.

Қабыллаў даўамында пуқаралар бәнтлик, турақ жайын оңлаў, денсаўлығын тиклеў ушын материаллық жәрдем ҳәм басқа да түрли турмыслық машқалалары бойынша мүрәжатларын жоллады.

Билдирилген мүрәжатлардың айырымлары сол орынның өзинде шешимин таўып, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press