Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.04K subscribers
37K photos
4.49K videos
29 files
16.5K links
Download Telegram
⚡️ Rasman: 2 mingta grant uchun xotin-qizlarga tavsiyanoma berish boshlandi

Ehtiyojmand oilalardagi xotin-qizlarga qo‘shimcha qabul ko‘rsatkichlari doirasida ajratiladigan o‘rinlar uchun tavsiyanoma olish maqsadida talabgorlardan arizalar 30-maydan 8-iyunga qadar https://xotin-qizlar.uz/ platformasi orqali elektron shaklda qabul qilinadi.

Telegram kanalimiz:👉🏻 🕊Telegram

Ijtimoiy tarmoqlarni kuzatib boring:
📱
Instagram 📱Facebook 📺YouTube 🌐Sayt
⚡️Ҳүрметли Тахтакөпир районы турғынлары, жаслары ҳәм футбол ықласбентлери!

🔸Усы жылдың 22-апрель күни спорттың футбол ҳәм киши футбол түрлери бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик кубогы»ның Тахтакөпир районлық басқышына старт берилген еди.

🔸Бүгин, 31-май күни саат 18:00 де район аймағындағы «Дәўқара» стадионында «Мәмлекетлик қәўипсизлик кубогы» Тахтакөпир районлық басқышында жеңимпаз болған командаларды сыйлықлаў салтанаты болып өтеди.

🔸Сонлықтан бәршеңизди сыйлықлаў салтанатына мирәт етемиз!

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Eskertemiz! "Nomerlenbegen" qaǵazǵa toltırılǵan "AKT" haqıyqıy emes dep esaplanadı❗️

Dalalatnama (AKT)- shólkem yamasa ayrım shaxslar xızmetine baylanıslı baqlanıp atırǵan hádiyse yamasa nızam buzıwshılıq jaǵdayların huquqıy tárepten dálillew hám tastıyqlaw maqsetinde rásmiylestiriledi.

Búgingi kúnde «Qaraqalpaq suw támiynatı» AJnıń ayrım juwaplı xızmetkerleri tárepinen tutınıwshılarǵa dalalatnama dúziwde nızamǵa qayshı háreketler orın almaqta. Atap aytqanda shólkem basshılıǵında tastıyıqlanbaǵan hújjetlerge “dalalatnama dúzip atırmız” degen aldaw sózler arqalı tutınıwshılar tárepinen tólengen qarjılardı óz mápleri ushın paydalanıw halatları júz bermekte.

Tutınıwshılardan bunday jaǵdaylardıń gúwası bolǵanıńızda sol waqıttıń ózinde «Qaraqalpaq suw támiynatı» AJnıń 61 226-51-50 isenim telefon nomerlerine qońıraw etiwińizdi soranıp qalamız.

«Qaraqalpaq suw támiynatı» AJ málimleme xızmeti.

Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X
Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы 48-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминдеги балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады

«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленбекте.

Бүгин Нөкис қаласындағы 48-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти. 

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, жетик инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Ең шетки аймақларда да заманагөй балалар бақшалары, мектеплер, мәденият ҳәм спорт объектлери пайдаланыўға тапсырылып атыр.

Өз нәўбетинде жаратылып атырған бундай шараятлар перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме билимли, озық ойлы болып камалға келиўинде беккем тийкар болып хызмет етпекте. 

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды.

Байрам илажы балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ўзб


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
1-июнь – «Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти

Бүгин Тахтакөпир районы «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 4-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 1-июнь – «Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Байрам илажы даўамында тәрбияланыўшы балалар тәрепинен қосықлар, ҳәр қыйлы миллий ойынлар, театрластырылған ертек тамашалары атқарылып, илажға өзгеше заўық бағышлады.

Буннан соң, «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны жаслар жетекшиси Даўран Асанов тәрепинен тәрбияланыўшы балаларға музқаймақлар таркатылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press