Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.6K subscribers
40.3K photos
4.92K videos
31 files
17.6K links
Download Telegram
Ҳәким ҳәм питкериўши жаслар ушырасыўы болып өтти

Усы жылдың 22-май күни Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы Тахтакөпир районы қәнигелестирилген мектебинде район ҳәкими Ж.Адиловтың питкериўши оқыўшы жаслар менен ушырасыўы болып өтти.

Ашық сәўбет есабында өткерилген ушырасыўда, район ҳәкими питкериўши жаслар менен жақыннан сәўбетлесип, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң итибары ҳәм ғамқорлығы менен жасларға көплеген мүмкиншиликлер жаратып берилип атырғанлығы, бул имканиятлардан үнемли пайдаланып, келешекте белгили бир кәсиптиӊ маманы болып жетилисиўи керек екенлиги ҳақкында айтып өтти.

Буннан соң, питкериўши жаслардың алдына қойған мақсетлери, усыныс ҳәм пикирлери тыңланды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ҳалол меҳнат, шукурчилик ва келажакка дадил қадам

«Sevimli» телеканалининг «ZAMON» информацион-таҳлилий дастурида Тахтакўпирлик Серегүл Утемуратова ҳақида.

Мухбир: Мухтар Умбетов

https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов, 1-секторға қараслы «Атакөл» ҳәм «Жаңадәрья» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы өзине бириктирилген жәрдемге мүтәж жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасып, олардың машқалалары, пикир ҳәм усынысларын тыңлады.

Район ҳәкими ушырасыў даўамында жаслардың машқалаларын жеке қадағалаўына алып, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, социаллық көмекке мүтәж жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға сапалы билим бериў, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм де бос ўақытларын туўры шөлкемлестириў, жаслар арасында ҳукықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
23-26-may kúnleri Moynaq rayonında “RALLY MUYNAK 2024” ekstremal avtomobil jarısları bolıp ótedi

Ilaj dawamında ashılıw máresimi, jeńimpazlardı saltanatlı sıylıqlaw hámde gastronomiyalıq festival ótkeriledi.
-
23-26-may kunlari Mo‘ynoq tumanida "RALLY MUYNAK 2024" ekstremal avtomobil poygalari bo‘lib o‘tadi


Tadbir davomida ochilish marosimi, g'oliblarni tantanali taqdirlash va gastronomik festival tashkillashtiriladi.


Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
Telegram | Instagram | Facebook | X
#Вакансия

2024-жыл 23-24-май ҳалатына Мойнақ, Қоңырат, Тақыятас, Тахатакөпир, Хожели, Шымбай, Шоманай ҳәм Нөкис районларында дизимге алынған бос жумыс орынлары менен танысың!

Мойнақ районы

Қоңырат районы

Тақыятас районы

Тахтакөпир районы

Хожели районы

Шымбай районы

Шоманай районы

Нөкис районы

Каналға ағза болыў: @QQR_bantlik
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Қыйтақ жер - ырысқы-несийбе, мол дәрамат дереги

«Мийнет түби рәҳәт» - дейди дана халқымыз. Ҳақыйқатында да, өзлериниң қыйтақ жерлеринде аянбай мийнет етип, мийнетиниң рәҳәтин көриў, инсанға өзгеше бир заўық бағышлайды.

Ҳәр жылы қыйтақ жеринде мийнет етип, мийнетиниң нәтийжесинде мол өним ҳәм дәрамат алып атырған заманласларымыз арамызда көпшиликти қурайды.

Бүгинги қаҳарманымыз «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Гүлхан Ерлепесова. Ол ҳәким жәрдемшисиниң усынысы менен Грант тийкарында қурып берилген ыссыханада помидор, қыяр, болгар бурышы ҳәм басқада егинлердиң нәллерин жетилистирип, үй алды қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып келмекте.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
«Қазақ тили ҳәм әдебияти кафедрасы» профессор-оқытыўшылары «Мәрипат таратып» жойбары бойынша Тахтакөпир районында болды

Өзбек филологиясы факултети, Қазақ тили ҳәм әдебияти кафедрасы оқытыўшылары Г.Адилова ҳәм А.Серикбаевалар «Мәрипат таратып» жойбары тийкарында Тахтакөпир районы «Тахтакөпир» посёлка пуқаралар жыйыны ҳәм райондағы 3-санлы мектепте руўхый-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестирип, ушырасыўлар өткерди.

Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/6447.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
каналға ағза болыў:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press