Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.5K subscribers
36.3K photos
4.41K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
Өзбек тили – миллий өзлигимиз ҳәм ғәрезсиз мәмлекетшилигимиз тымсалы

Бүгин Тахтакөпир районы Мәденият орайында 21-октябрь «Өзбек тил ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлигине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен «Өзбек тили – миллий өзлигимиз ҳәм ғәрезсиз мәмлекетшилигимиз тымсалы» сүрени астында байрам салтанаты болып өтти.

Онда, район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов сөзге шығып, жыйналғанларды бүгинги байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады ҳәм ҳәзирги күнде мәмлекетлик тил турмысымыздың барлық тараўларында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, илим, тәлим-тәрбия, медицина, мәденият ҳәм көркем-өнер тараўларында кең қолланылыўы ҳәм оның дүнья жәмийетинде тутқан орны ҳаққында айтып өтти.

Буннан соң, байрам илажы районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Бес_баслама_олимпиадасы
#Онлине

Тахтакөпир районы «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 6-мектепте «Бес баслама олимпиадасы» ның 2-мәўсими шеңберинде ер ҳәм қыз балалар арасында спорттың волейбол түри бойынша район басқышы болып өтпекте.

Спорт жарысына 16-21, 22-26 жас категориясынан сектор басқышында жеңимпаз болған 16 команда қатнасып, өз-ара күш сынаспақта.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Президент қарары менен исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар жеңилликлер берилген

Усы жылдың 8-август күни Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиздиң және бир тарийхый ПП-129-санлы пәрманы қабыл етилген еди.

Пәрман менен Тиклениў ҳәм раўажланыў фонды тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарыўды кеңейтиў бойынша инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде 100 млн. АҚШ доллары ажыратылды. Усы қаржылар шеңберинде:

Коммерциялық банклер тәрепинен инвестиция жойбаларын қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процент, миллий валютада 12 процент болған жыллық ставкаларда 10 жыл мүддетке шекем 5 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары болмаған муғдарда кредитлер ажыратылды. Бунда коммерциялық банктиң маржасы сырт ел валютадағы кредитлер бойынша 1 процент, миллий валютадағы кредитлер бойынша 2 процент муғдарында белгиленди.

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен 2024-жыл жуўмағына шекем жаңа жойбарларды қаржыландырыў жумысларын шөлкемлестириў мақсетинде халықаралық қаржы институтларынан қосымша 200 миллион АҚШ доллар муғдарында кредит қаржылары тартылыўы белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасында бизнес орталығын еле де жақсылаў мақсетинде исбилерменлик субъектлериниң жойбарларына Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик фонды тәрепинен, инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәмде айланба қаржыларын қәлиплестириў мақсетлерине миллий ҳәм сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредит муғдарының 75 процентине шекем, бирақ, 5 млрд сумнан аспаған муғдарда кепиллик бериледи.

Киши ҳәмде жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестиция миннетлемелерин орынлаған исбилерменлерге жер участкаларын, имарат ҳәм объектлерди меншиклестирип бериў тәртиби белгиленеди.

Аймақта ғалабалық саўдаларда турған мәмлекетлик мүлк объектлери 3 ай мүддетте сатылмағанда оларды электрон таңлаў тийкарында ең жақсы усыныс билдирген талабанға инвестиция киргизиў миннетлемеси менен бериў тәртиби енгизиледи.

2023-2024-жылларда Нөкис қаласында 1 млн АҚШ доллары, қалған районларда 300 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына Министрлер Кеңеси қарары тийкарында жер участкаларын туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў системасы енгизиледи.

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы саўда, улыўмалық аўқатланыў бағдарындағы ҳәм автомобильлерге жанылғы қуйыў ҳәм электр қуўатландырыў шақапшалары жумысын шөлкемлестирген киши исбилерменлик субъектлерине қуяш панеллерин сатып алыў ҳәм орнатыў ушын ажыратылып атырған кредитлерге белгиленген муғдар ҳәм шәртлер шеңберинде компенсация усынылады.

Орайлық банк тәрепинен 2024-жылдан баслап ҳәр жылы коммерциялық банклерге Қарақалпақстан ушын шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кеминде 2 трлн. сум қаржылары ажыратылады.

- Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жаңадан шөлкемлестирилген, есап бетинде қаржы жетерли дәрежеде айланбаған исбилерменлик субъектлерине, қаржылық қоллап-қуўатлаў ушын гиреў тәмийнатынан келип шығып, базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги болған муғдарда;

- жасларды кәсип-өнерге үйретиў ҳәмде ислеп шығарыў процесиндеги кәнигелерди қайта таярлаў, билим ҳәм потенциалын арттырыў мақсетинде олардың сырт мәмлекетлерде билим алыўы ушын 4 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 жыл мүддетке Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан аспаған муғдарда кредит қаржылары ажыратылыўы системасы енгизиледи.

Хожели районындағы 100 гектар жер майданында «Жаслар социаллық-экономикалық орайы» шөлкемлестириледи.
Жаслар орайында белгиленген объектлерди қурыў ушын Өзбекстан Республикасы республика бюджети қаржылары есабынан 2023-2027-жыллар даўамында 10 жыл мүддетте қайтарыў шәрти менен 1 трлн сум муғдарында ссуда қаржылары ажыратылады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
«Давлат тили-миллий маънавиятимиз тимсоли» сүрени астында байрам кешеси болып өтти

Бүгин Тахтакөпир районы кәсип-өнер мектебинде 21-октябрь «Өзбек тил ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилгенлигине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен «Давлат тили-миллий маънавиятимиз тимсоли» сүрени астында байрам кешеси болып өтти.

Онда сөзге шыққанлар, усы нызамның қабыл етилиўи өзбек тилин буннан былай да раўажландырыў, оның қолланыў өрисин кеңейтиў, жасларымызды ўатанға, ата-бабаларымыз қалдырған миллий мийрас ҳәм қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаўдың айрықша бир көриниси екенлиги ҳаққында айтып өтти.

Буннан соң, мектеп оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Hurmatli yurtdoshlar!

Sanitariya va ekologiya sohasidagi qoidabuzarliklar, jumladan, chiqindilar taqiqlangan joyga tashlanganligi haqidagi murojaatlarni O‘zbekiston Respublikasi Sanitariya-epidemiologik osoyishtalik va jamoat salomatligi xizmati Call-markazining 1354 qisqa raqami orqali qoldirishingiz mumkin.

1354 raqamiga qo'ng'iroqlar uzluksiz qabul qilinadi!

Umumiy uyimiz bo’lgan Vatanimizda tozalik tarafdorimiz, biz bilan birga bo'ling!
———
Уважаемые соотечественники!

Сообщить
о нарушении в сфере санитарии и экологии, например, о выбросе мусора в неположенном месте, вы можете по короткому номеру Call-центра Службы санитарно-эпидемиологического благополучия и общественного здоровья Республики Узбекистан 1354.

Обращения на 1354 принимаются круглосуточно!

Мы - за чистоту в нашем общем доме, будьте с нами!

Website | Telegram | Facebook | Instagram | Youtube | Mover | TikTok | OAV
“Әҳмийетли сәўбет” көрсетиўинде туризм тараўында әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниӊ бас қәнигеси менен интервью шөлкемлестирилди

Толық көриў 👉 https://youtu.be/IR1oJieCj_s

t.iss.one/turizm_kr

Karakalpakstan.travel|Telegram|Facebook|Instagram|YouTube|
#Дыққат_вакансия

⚡️Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы менен биргеликте төмендеги вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәриялайды.


▫️ Шымбай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Елликқала районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Шоманай районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Хожели районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Тѳрткүл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Тақыятас районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Нѳкис районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қоңырат районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қараѳзек районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Қанлыкѳл районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Кегейли районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Беруний районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Әмиўдәрья районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы;

▫️ Нѳкис қаласы “Инсан” социаллық хызметлер орайы: Мәҳәлледе социаллық хызметти шѳлкемлестириў секторы баслығы.

❗️Aрзалар 25.10.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Брифинг

Тахтакөпир районы «Тахтакўпиртумангаз» газ тәмийнаты бөлими бас инженери Андигенов Алишердың қатнасыўында брифинг.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press