Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.71K subscribers
39.8K photos
4.85K videos
31 files
17.4K links
Download Telegram
#Фоторепортаж

Байрам илажы даўамында районлық Мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм Мәденият орайы жанындағы дөгерек ҳәм де жәмәәтлер қатнасыўшыларының концерт бағдарламасы жыйналғанлар ңәзерине усынылады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Инфографика

Туризм ҳәм мәденият орынларының имканиятын толық иске қосыў, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарының гүзги мәўсимин шөлкемлестириў мәселелери бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Көшпели_қабыллаў

Бүгин, Тахтакөпир районы 3-секторға қараслы «Маржанкөл» МПЖ аймағында районлық Ишки ислер бөлими баслығы М.Баўетдинов, районлық Халық қабыллаўханасы баслығы Б.Сәрсенбаев пенен биргеликте пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша нәўбеттеги көшпели қабыллаўы өткерилди.

Қабыллаўда пуқаралар жеңиллетилген кредит, материаллық жәрдем, балаларына напақа алыў мәселеси, контракт төлеми ҳәм басқада түрли турмыслық машқалалары менен мүрәжат етти.

Қабыллаў даўамында айырым мәселелер сол орынның өзинде өз шешимин тапқан болса, шешилиўи ушын қосымша үйренилиў ҳәм ўақыт талап ететуғын мәселелер бойынша тараў қәнийгелерине анық тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Тахтакөпир районы жаслары менен ушырасыў

Усы жылдың 12-октябрь күни, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқарамасы баслығы П.Махсетбаевтың Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында район жаслары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда елимизде алып барылып атырған жаслар сиясаты, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелий жумыслар, "Жаслар дәптери" шеңбериндеги жаратылып берилген имканиятлар, қабыл етилген Қарар ҳәм Пәрманлар тийкарында берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Ушырасыўдың екинши бөлиминде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқарамасы баслығы П.Махсетбаев тәрепинен жаслардың мүрәжатларын қабыл етиў, олардың пикир ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде жеке қабыллаўы болып өтти.

Қабыллаўда жаслар тәрепинен жәми 42 мүрәжатлар келип түскен болса, басым көпшилиги төлемли шәртнама тийкарында оқып атырған жаслардың контракт төлеми, медициналық жәрдем, субсидия ҳәм жеңиллетилген кредитлер ажыратыў мәселеси ҳәм басқада машқалалары менен мүрәжат етти.

Айтып өтиў орынлы, билдирилген мүрәжатлардан 3 жастың машқаласына сол ўақыттың өзинде шешим табылған болса, 38 жастың мүрәжаты унамлы шешим табыўы ушын Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқарамасы баслығының жеке қадағалаўына алынды ҳәм тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press