Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.25K subscribers
36.9K photos
4.47K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
Тахтакөпир районында соңғы жылларда кәрхана ҳәм шөлкемлер саны қаншаға көбейди?

2023-жыл 1-июль жағдайына Тахтакөпир районында жәми дизимнен өткен кәрхана ҳәм шөлкемлер саны 487 ди (фермер ҳәм дийқан хожалықларысыз ) қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 97 ке асқан.

Дизимнен өткен кәрхана ҳәм шөлкемлер саны жыллар кесиминде төмендеги көринисте:

2019-жыл - 199
2020-жыл - 304
2021-жыл - 338
2022-жыл - 390
2023-жыл - 487

https://taxtakopir.uz/4970.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Қосық шайдалары ушын концерт!

Усы жылдың 16-июль күни саат 20:00 де Тахтакөпир районы Мәденият орайының тамашагөйлер залында эстрадамыздың танықлы жулдызы КАЗБЕК МЫРЗА өзиниң шоу концерт бағдарламасына мирәт етеди.

☎️Мағлыўмат ушын тел:
+998 99 746 15 70.
+998 99 279-00-01.
+998 95 958-00-01.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
101-Хабарлайды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2023-жыл 5-июль күнги 418-F-санлы бийлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы баслығының 2023-жыл 6-июль күнги 418-санлы буйрығына тийкарланып Республика аймағында 2023-жыл 10-июльдан 10-августь күнлери аралығында «Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша Әҳмийетли 30 күн» илажи өткерилмекте.

Ҳүрметли Тахтакөпир районы турғынлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары район аймағында «Өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша Әҳмийетли 30 күн» илажларына белсене қатнасыўға шақырып қаламыз.

Тахтакөпир районы Айрықша жағдайлар бөлими

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
⚡️ Рәсмий түрде: бүгиннен «перевод» ушын арзалар қабыллаўы басланды


Оқыўды көшириў ушын арзалар қабыллаўы transfer.edu.uz — мәмлекетлик ЖООның биринен басқасына, my.uzbmb.uz — сырт ел мәмлекетлеринде яки республикада жумыс алып барып атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес ЖООларынан мәмлекетлик ЖООларына 15-июльдан 5-августқа шекем даўам етеди.

Кимлер оқыўды көшириўи мүмкин?

Мәмлекетлик ЖООларынан басқасына көшириў ушын:
турмыс қурып, өмирлик жолдасының турақлы жасаў аймағына оқыўды көширип атырған студент;
ата-анасы яки өмирлик жолдасының жумыс орны өзгерип, оқыўын көшириўге тийисли министрликтен усыныснама алған студентке рухсат бериледи.
Олар имтихансыз оқыўын көшире алады.

Кимлер имтихан менен оқыўын көшире алады?
✔️Сырт елде оқып атырған студент;
✔️Мәмлекетлик емес оқыў орнында оқып атырған студент.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Президентимиздиң арнаўлы қарары менен Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң хәр бирине 500 млн сумнан қаржы ажыратылды

Усы жылдың 30-март күни Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстанға болған сапарында мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў, пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллелерди социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған бағдарламалар орынланыўы ҳәмде бар болған машқалалардың нәтийжели ҳәм тез шешилиўин қаржылық жақтан тәмийинлеў мақсетинде республикамыздағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан қаржы ажыратылатуғынлығы ҳаққында атап өткен еди. Бүгинги күнге келип, Президентимиздиң тапсырмасы орынланды ҳәм және бир әҳмийетли қарар қабылланды. 

Усы жылдың 13-июль күни «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 228-санлы Өзбекстан Республикасы Президенти қарары қабыл етилди.

Қарарға тийкар, 2023-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәлле пуқаралар жыйынларының ҳәр бирине 500 млн сумнан қаржы бағдарлаў белгиленген.

Мәҳәллелер ушын ажыратылып атырған қаржылар тийкарындағы жойбарлар мәҳәлле баслықлары тәрепинен ҳәким жәрдемшилери менен биргеликте мәҳәлледе жасаўшы халықтың аймақтағы машқалаларды сапластырыў бойынша усынысларын улыўмаластырылған түрде қәлиплестириледи.

Мәҳәлле баслықлары тәрепинен қәлиплестирилген ҳәм басқарылатуғын жойбарларды қаржыландырыў ушын ҳәр бир мәҳәлле пуқаралар жыйынлары ушын өз алдына есап-бетлери ашылады.

Әлбетте, қабыл етилген бул қарар Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибарының және бир көриниси болып, пуқараларымыздың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиўде ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўде оғада әҳмийетли ҳүжжет есапланады.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
⚡️Оқыўды көшириў бойынша өтиў баллары тастыйықланды

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли буйрығы менен 2023/2024-оқыў жылында сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары, республикамызда жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел (филиаллар) жоқары оқыў орынларынан мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўды көшириў ушын өтиў баллары тастыйықланды.

Усы өтиў баллары усы жылда да системасында жоқары оқыў орынлары болған министрлик ҳәм мәкемелердиң усыныслары тийкарында қәлиплестирилди.

Тәлим жөнелислери кесиминде өтиў баллары қосымшада (сүўрет)


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#500_санлы_қарар
#Хабар_бағдарламасы

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 500-санлы қарары тийкарында Тахтакөпир районы аймақларындағы ишки хожалық жолларда қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар_бағдарламасы

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев район халқының абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде районының көше бийлери менен өткерилген ушырасыўы.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
⚡️ Тәлим кредитин алыў тәртиби

🔰Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-августтағы 527-санлы қарарына муўапық, тәлим кредити мәмлекетлик, меншик оқыў орынларына ҳәм сырт ел оқыў орынларының филиалларына күндизги, сыртқы ҳәм кешки формасына бакалавриат ҳәм магистратураға төлемли-контракт тийкарында оқыўға кирген ямаса оқыўын көширген Өзбекстан пуқараларына ажыратылады.

🚫 Кредит төмендеги жағдайларда ажыратылмайды:
🔻«супер контракт»ты төлеўге;
🔻сырт ел пуқараларына;
🔻пуқаралығы болмаған шахсларға.

💰Кредит ставкасы (проценти) – Орайлық банктың тийкарғы ставкасы (ҳәзирги күнде 14%). Бунда тийкарғы ставка азайса, кредит проценти де азаяды. Ал ставка көтерилсе, кредит проценти өзгерместен қалады.

❗️Ҳаял-қызлар ушын кредит процентсиз ажыратылады.

📆 Төлеў мүддети: кредит алынған ўақыттан баслап кредиттиң проценти төлеп барылады, ал кредиттиң тийкарғы бөлеги студенттиң оқыўы рәсмий тамамланған күннен кейинги жетинши айдан баслап 7 жыл даўамында қайтарылады.

♻️ Кредит алыўда студенттиң дәраматы бар болған шаңарақ ағзалары да биргеликте кредит алыўшы ретинде қатнасыўы мүмкин.

🏦 Тәлим кредитин ажыратыў бойынша мәмлекет 12 банк (Микрокредит банк, Асака банк, Агро банк, Халық банки, Ипотека банк, Қишлоқ қурилиш банк, Туран банк, Ориент финанс банк, Миллий банк, Ўзсаноатқурилиш банк, Хамкор банк, Алоқа банк) пенен шәртнама дүзген.

📝 Тәлим кредитин алыў ушын усы банклерге төмендеги ҳүжжетлерди тапсырыў керек:

🔸арза;
🔸студент пенен оқыў орны арасында дүзилген шәртнама ҳәм оған қосымша есап бети (фактураси).
Шәртнамада оқыўдың жуўмақланатуғын ўақты ҳәм бир жыл ушын контракт пулының муғдары көрсетилиўи керек.
🔸гиреў шәртнамасы.
Кем тәмийинленген, «Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не кирген шаңарақ ағзаларынан гиреў ҳәм кепиллик соралмайды.
🔸“Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не киргенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
🔸биргеликте кредит алыўшы шахслардың ҳүжжетлери ҳәм мағлыўматлары;
🔸банктың ишки кредит сиясаты бойынша талап етилетуғын басқа ҳүжжетлер.

Банк арзаны 5 жумыс күнинде қарап шығып кредит ажыратыў ямаса ажыратпаў ҳаққында қарар қабыл етеди. Кредит шәртнамасы бир жылға дүзилип, кейинги жыллар ушын қосымша келисим дүзип барылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Hurmatli fuqarolar!

📣Mamnuniyat bilan Tashabbusli budjet jarayonining joriy yilgi 2-mavsumi 17-iyuldan (soat 10:00 dan) boshlab o‘tkazilishini ma'lum qilamiz.

Bunga ko‘ra,
1️⃣bosqich – fuqarolar tomonidan loyihalarni shakllantirish jarayonlari 17.07.2023 - 06.08.2023 davomida;
2️⃣bosqich – loyihalarni maxsus komissiya tomonidan saralab olish jarayonlari 06.08.2023 - 26.08.2023 davomida;
3️⃣bosqich – loyihalarga ovoz berish jarayonlari 26.08.2023 - 15.09.2023 davomida o‘tkaziladi.

🔆Dastlabki hisob-kitoblarga ko‘ra, ushbu mavsum uchun tuman (shahar) budjetlari hisobidan 1 trln so‘mdan ortiq mablag‘lar yo‘naltirilishi kutilmoqda (mazkur mablag‘lar mavsum yakuniga qadar ortib boradi).

🟣Jarayonda ishtirok etish shartlari bilan quyidagi video orqali tanishishingiz yoki o‘zingizni qiziqtirgan savollarga ushbu havola orqali javob olishingiz mumkin.

O‘z hududingizdagi mavjud muammolarni hal etish yuzasidan tashabbus ko‘rsating, faol bo‘ling!

РУС | ENG

#tashabbusli_budjet #ochiq_budjet #open_budjet #inson_qadri_uchun

Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#online
«Ҳаял-шаңарақ ҳәм перзент тағдирине жуўапкер» атамасында илаж шөлкемлестирилди

Тахтакөпир районы «Тахтакөпир» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағындағы көше бий ҳаяллары ҳәм ҳаял-қызлар белсендиси тәрепинен ҳаял-қызларымызды өмирдиң ашшы-душшысына, турмыстың машқалалы жағдайларында дурыс шешим қабыллаўға тәрбиялаў мақсетинде «Ҳаял-шаңарақ ҳәм перзент тағдирине жуўапкер» атамасында илаж шөлкемлестирилди.

Онда район ҳәкими орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова, усы мәҳәллениң ҳаял-қызлар белсендиси, көше бий ҳаяллары, өрнекли апалар ҳәм жас келин-қызлар қатнасты.

Илаж даўамында мәҳәллениң көше бий ҳаяллары, өрнекли апалары жыйналғанларға өзлериниң турмыслық тәжирийбелеринен ақыл-нәсиятларын айтып, турмысымызда ушырасып атырған қәйин ене ҳәм келин мүнәсибетлери, қызлар тәрбиясы бойынша сахналық көринислер қойылып берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
transfer.edu.uz платформасы арқалы оқыўды көшириў бағдарында арза бериў бойынша видеоқолланба

Усы платформа арқалы мәмлекетлик ЖООларының биринен басқасына көшириў ушын арза бериледи.

Бир ЖОО шеңберинде сәйкес ҳәм түрлес жөнелислери бойынша оқыўын көшириў ректордың буйрығы тийкарында әмелге асырылады.

Мағлыўмат ушын, сырт елдеги яки республикамыздағы мәмлекетлик емес ЖООларынан оқыўды көшириў my.uzbmb.uz сайты арқалы әмелге асырылады.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
❗️ШОШИЛИНГ! Расман.

Бир кун ичида қандай қилиб қиммат ноутбук, планшет ёки 5 млн. сўмлик смартфонни қўлга киритишингиз мумкин?

Бунинг учун ВИДЕОни тўлиқ томоша қилинг ва жавоб олинг.

Бу жуда ОСОН! 👇👇👇

https://www.youtube.com/live/e3aqTJCoiZ4?feature=share