Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.46K subscribers
40.5K photos
4.98K videos
32 files
17.8K links
Download Telegram
#Ҳәким_қабыллаўы

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў, усыныс ҳәм пикирлерин тыӊлаў мәқсетинде гезектеги жеке қабыллаўы болып өтти.

Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/4929.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Ҳүрметли пуқаралар!

Жаз айларында күнниң ысып кетиўине байланыслы төмендеги қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң!

🔸Көшелерде тез жаныўшы затлар ҳәм шығындыларды өртемең;

🔸газ баллонлар, тез жаныў қәсийетине ийе лак-бояў ҳәм басқада қурылыс материалларын қуяш нуры астында қалдырмаң;

🔸автотранспорт қуралларын қуяш нуры астында көп ўакыт қалдырмаң;

🔸жанар май қуйыў ыдысын ҳәм газ баллонларын газ бенен көп муғдарда толтырмаң;

🔸имәрат ҳәм турақ жайларда электр ток тармақларын ҳәдден тыс көп күшлениў астында пайдаланбаң;

🔸балаларды уйде қараўсыз қалдырмаң;

🔸нефть өнимлери ҳәм де жаныўшы газларды тасыў ҳәм қуйыў жумысларын күнниң ыссы ўакытларында әмелге асырмаң.

Тахтакөпир районы Айрықша жағдайлар бөлими

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Forwarded from Joqarǵı Keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойнаққа суў жетип барыўы менен аймақтағы аўыл хожалығы тараўына жан енди

Соңғы жыллары елимизде бақланып атырған суў тамтарыслығы көпшилик аймақлар, соның ишинде Мойнақ районы халқының турмысына да кери тәсирин тийгизген еди. Аймақтағы шарўашылық буннан зыян көре баслады.

Бүгинги күнге келип бул машқалаға мәмлекет дәрежесинде итибар қаратылып, суўды дурыс бөлистириў бойынша комплекс илажлар ислеп шығылды. Нәтийжеде, Мойнақтағы суў бассейнлери, көллер ҳәм каналларға суў жетип барды. Бул өз гезегинде аймақта қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, шарўа бас санын арттырыў бағдарындағы жумысларға жан ендирди.

Ҳәзирги ўақытта суў жетип барған орынларда өрислер кеңейип, жайлаўлар от-шөпке малынып атыр. Шарўа маллары ушын от-жемниң көбейиўи олардың бас санын арттырыўға да унамлы тәсирин тийгизбекте.

Буннан тысқары, бир неше жыллар даўамында суў жетип барыўы қыйынласып қалған аўылларға да тиришилик дереги барып, бүгин көпшиликтиң қыйтақ жерлеринде палыз өнимлери егилген. Баслысы, пуқаралар өз қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып, үй алдынан дастурханына өним алып атыр.

Елимиздеги әмелге асырылып атырған бундай илажлардың негизинде «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идея өзиниң сәўлесин тапқан ҳәм усы тийкардағы жумыслар еле де даўам етери сөзсиз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Техникумларды нәтийжели жуўмақлаған питкериўшилер дыққатына!

Ҳүкимет қарарына тийкар техникумларды нәтийжели жуўмақлаған питкериўшилерди сәўбет тийкарында жоқары оқыў орынлары бакалавриатына 2-курстан оқыўға қабыл етиў тәртиби белгиленди.

Усы категориядағы абитуриентлер 2023-жыл 5-июльдан баслап Жоқары билимлендириў, илим хәм инновациялар министрлигиниң Бирден-бир тәлим хызметлери порталы my.edu.uz арқалы онлайн дизимнен өткерилмекте.

Дизимнен өтиўде абитуриент ҳаққындағы мағлыўматлар платформада автоматластырылған түрде қәлиплеседи.

Дизимнен өткериў процеси усы жылдың 25-июлине шекем даўам етеди.

Мағлыўмат ушын, усы Реже жоқары әскерий, жоқары әскерийлестирилген оқыў мәкемелерине, Ташкент мәмлекетлик юридика университетине, Өзбекстанда жумыс алып барып атырған сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары ҳәмде олардың филиалларына енгизилмейди.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Усы жылдыӊ 14-июль күни саат 10:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги 67-сессиясы болып өтеди.

Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор баслықлары, сиясий партия басшылары, район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары менен мәкеме, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм пуқаралар жыйынлары баслықлары қатнасыўы режелестирилген.

Сессия қатнасыўшыларын дизимге алыў 9:30 дан басланатуғынлығын хабарлаймыз. Сессияны Тахтакөпир районы ҳəкимлигиниң рəсмий социаллық тармақлары арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

👉https://www.facebook.com/TaxtakopirPress

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
⚡️NMPIde ekinshi qánigelik ushın qabıllaw kvotaları tastıyıqlandı

🏛Ájiniyaz atındaǵı Nókis mámleketlik pedagogikalıq institutında 2023-2024-oqıw jılı ushın ekinshi hám onnan keyingi joqarı bilimlendiriwge sırtqı hám keshki bilimlendiriw forması boyınsha qabıllaw parametrleri tastıyıqlandı.

Bunda ekinshi qánigeliktiń:

sırtqı bilimlendiriw formasına ulıwma 16 tálim baǵdarı boyınsha tólemli kontrakt tiykarında 445 orın;
keshki bilimlendiriw formasına ulıwma 4 tálim baǵdarı boyınsha tólemli kontrakt tiykarında 40 orın ajıratıldı.

Ózbekstandaǵı barlıq joqarı oqıw orınlarında ekinshi hám onnan keyingi joqarı bilimlendiriwge hújjet qabıllaw usı jıldıń 10-iyul kúninen Birden-bir bilimlendiriw xızmetleri portalı my.edu.uz platforması arqalı onlayn tárizde baslandı.

Hújjet qabıllaw procesi usı jıldıń 10-avgust kúnine shekem (sol kúni de) dawam etedi.

Tolıq maǵlıwmat 👇👇👇
https://ndpi.uz/qq/2023/07/11/23687/

👉Qaraqalpaqstan xabar agentligi - https://t.iss.one/kknews_uz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Qaraqalpaqstanlı jaslar ushın mámleketlik grant tiykarında oqıw ushın qosımsha 3 000 orın ajıratıladı

✍️Prezidenttiń tiyisli Pármanına kirgizilgen qosımshaǵa muwapıq, Qaraqalpaqstan Respublikasında turaqlı jasaytuǵın hámde ulıwma orta, orta arnawlı hám professional bilim beriw mekemelerin tamamlaǵan jaslar ushın 2023/2024-oqıw jılında mámleketlik grant tiykarında qosımsha 3 000 orın ajıratıladı.

Bul Prezidentimizdiń Qaraqalpaqstan jaslarına degen ayrıqsha mehir hám itibarı.

Barlıǵımız bul imkaniyattan paydalanǵan halda, mámleket rawajı ushın úles qosatuǵın jetik kadrlar bolıp jetilisiwimiz hám Prezident isenimin aqlawımız kerek!

Maǵlıwmat ornında aytıp ótiw orınlı, ótken 2022-jılda 213-sanlı Prezident Pármanı menen 7 000 kvota ajıratılǵan edi.

📲 Telegram | Instagram | You Tube | Facebook
Тахтакөпир районлық Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў (ПҲАЖ) бөлими тарепинен «Қараой» аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм «Өзбекстан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы ҳәм де районлық Медицина бирлеспесиндеги пуқараларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде бөлим хызметкерлери тәрепинен көшпели хызметлер көрсетилди.

Илажда ПҲАЖ бөлиминиң тийисли қәнийгелери тәрепинен, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарарлар, ПҲАЖ тараўындағы өзгерислер ҳәм некеден өтиў тәртиби ҳаққында түсиник жумысларын алып барып, пуқараларға бирқанша ҳуқуқый мәсләҳәтлер берилди.

Көшпели хызметлер даўамында аймақтағы жас шаңарақлардың некеден өтиўи ушын арзалары қабыл етилди ҳәм пуқараларға туўылғанлығы ҳаққындағы тәкирарий гуўалықлары рәсмийлестирилип берилди. Сондай-ақ районлық Медицина бирлеспесиниң туўыў бөлиминдеги пуқараларға перзентлериниң туўылғанлығы ҳаққындағы гуўалықлары сол орынның өзинде тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
🏆 Мини футбол бойынша мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогы.

💎 Қарақалпақстан Республикасы басқышы.

✍️ККФА мәлимлеме хызмети!

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Уй-жай қурыў ушын жер участкалары сатылыўы басланды!!!

Ендиликте
Сиз өзиниске мақул аймақтан уй-жай қурыў ушын жер участкаларын онлайн аукцион саўдаларында қатнасып сатып алыўыӊыз мумкин.
e-auksion.uz
🔷Нөкис қаласы 173 (көриў)
🔷Әмиўдәрья районы 2 (көриў)
🔷Беруний районы 111 (көриў)
🔷Бозатаў районы 38 (көриў)
🔷Қараөзек районы 6 (көриў)
🔷Кегейли районы 65 (көриў)
🔷Қоңырат районы 22 (көриў)
🔷Қаңлыкөл районы 7 (көриў)
🔷Мойнақ районы 68 (көриў)
🔷Нөкис районы 51 (көриў)
🔷Тақыятас районы 4 (көриў)
🔷Тахтакөпир районы 29 (көриў)
🔷Төрткүл районы 40 (көриў)
🔷Хожели районы 12 (көриў)
🔷Шымбай районы 121 (көриў)
🔷Шоманай районы 33 (көриў)
🔷Елликқала районы 127 (көриў)

👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
Qaraqalpaqstan rawajlanıwındaǵı áhmiyetli kórsetkishler

Shet el kapitalı qatnasıwındaǵı kishi isbilermenlik sub'ektleri sońǵı jıllarda qanshaǵa kóbeydi?

@qaraqalpaqstanqizi
⚡️⚡️⚡️Qaraqalpaqstan Respublikasında sońǵı jıllarda kárxana hám shólkemler sanı qanshaǵa kóbeygenligi haqqındaǵı salıstırmalı kórsetkishleri

@qaraqalpaqstanqizi
Ўзбекистон Республикаси Олий Мажлиси Қонунчилик палатаси ва Сенатининг Ўзбекистон Республикаси сайланган Президентининг лавозимига киришишига бағишланган қўшма мажлиси бошланди.

Тантанали маросимни "O`zbekiston 24" телеканалида ва қуйидаги ҳаволалар орқали жонли эфирда томоша қилинг:

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының Өзбекстан Республикасы сайланған Президентиниң лаўазымына кирисиўине бағышланған қоспа мәжилиси басланды.

Салтанатлы мәресимди "O`zbekiston 24" телеканалинда ҳәм төмендеги силтемелер арқалы тиккелей эфирде тамашалаң:

Youtube

Facebook

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ўзбекистон Республикаси Президенти лавозимга киришди

Шавкат Мирзиёев тантанали қасамёд қилди ва Ўзбекистон Республикаси Президенти лавозимига киришди.

Унга Президентлик Олий нишони ва байроғи топширилди.

Айни пайтда давлатимиз раҳбари нутқ сўзламоқда.

Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымға киристи

Шавкат Мирзиёев салтанатлы түрде ант етти ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына киристи.

Оған Президентлик Жоқары нышаны ҳәм байрағы тапсырылды.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз басшысы шығып сөйлемекте.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

✉️Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter