Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.6K subscribers
40.3K photos
4.92K videos
31 files
17.6K links
Download Telegram
#Жаслар_айлығы
#Жаңа_Өзбекстан_жаслары_бирлесейик
#Гала_концерт

Тахтакөпир районы Орайлық Мәденият сарайы алдында жаслар айлығы шеңберинде «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик» сүрени астында галаконцерт болып өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Дене тәрбия университетинде жаңа тәртип енгизилди

🔰2022-жыл 3-ноябрьдеги ПҚ-414-санлы Қарарға тийкар Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети ҳәмде оның филиалларында жаңа тәртип енгизилди.

🏀Оған бола, 2023-2024-оқыў жылынан "Спорт искерлиги (искерлик түрлери бойынша)" бакалавриат тәлим жөнелисине кеминде екинши спорт разриядына ийе болған абитуриентлер қабыл етиледи.

📌Усы тәртип басқа ЖООларына яки Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң басқа жөнелислерине енгизилмейди.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Жеңилликли қосымша квоталар қайсы жөнелиске қолланылады? 

Жуўап: тек биринши жөнелиске.

Хабарыңыз бар, айырым категория абитуриентлер ушын улыўмалық квотадан тысқары айрықша квотаға таңлаў болады. Мәселен, әскерий усыныснама алғанлар, әскерий хызметкерлердиң перзентлери, усыныснама алған мүтәжлиги бар ҳаял-қызлар, майыплығы бар ямаса Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары ҳәм т.б.

Бул квоталар қайсы жөнелиске өтеди?
Таңлаған бес жөнелиске де қолланыла ма ямаса тек бириншигеме?

Оқыўға кириў ушын қосымша қабыллаў параметрлери ажыратылатуғын жеңилликке ийе болған абитуриентлер жеңиллик шеңберинде тек өзлери таңлаған биринши бакалавриат тәлим бағдары бойынша таңлаўда қатнасыўы мүмкин.

2️⃣ Бунда майыплығы болған шахслар ҳәм ата-ана қарамағысыз қалған балалар ушын берилетуғын жеңиллик буған кирмейди. Яғный бул жеңилликлер бес тәлим бағдары ушын да орынлы.

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қайсы халық аралық олимпиада жеңимпазлары Жоқары оқыў орынларына имтихансыз қабыл етиледи?


2019-жыл 3-майдағы ПҚ-4306-санлы Президент қарары менен, төмендеги 5 халық аралық олимпиада жеңимпазларына мәмлекетлик Жоқары оқыў орынларына тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтихансыз қабыл етиў жеңиллиги бериледи:

1️⃣ Халық аралық математика олимпиадасы – International Mathematical Olympiad (IMO)
2️⃣ Халық аралық физика олимпиадасы - International Physics Olympiad (IPhO)
3️⃣ Халық аралық хиймия олимпиадасы - International Chemistry Olympiad (IChO)
4️⃣ Халық аралық Биология олимпиадасы - International Biology Olympiad (IBO)
5️⃣ Халық аралық информатика олимпиадасы - International Olympiad in Informatics (IOI)

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#жума_марузасынан

 ТЫНЫШ ЖУРТҚА ЖАҢАЛАНЫЎЛАР ЖАРАСАДЫ

Устаз Шамсуддин Баҳауддинов

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

👉 Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

👉 Интернет сайтымыз: paziylet.uz‌‌
#Қурбан_ҳайыт

Тахтакөпир районы Қоңыраткөл аўыл пуқаралар жыйыны баслығы, усы аймаққа бириктирилген ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм профилактика инспекторы менен биргеликте, Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен мәҳәлледеги жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқатлық өнимлерин тапсырды ҳәм шаңарақ ағзаларын байрам менен қутлықлады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Қәдирли жаслар!

Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды-Жаслар күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.

Мине усындай қуўанышлы күнде ең дәслеп соңғы жыллары елимизде жаслар менен ислесиўде жаңа система жаратылғаны, ул-қызларымыздың жәмийетлик белсендилиги, Ўатан ҳәм халық тәғдирине болған сезиминиң күшейип баратырғаны, жаңа Өзбекстанды қурыўда наўқыран әўладымыздың мүнәсип қатнасып атырғаны айрықша атап өтиўге ылайық.

Келешегимиз ийелери болған жасларымыздың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, олардың арзыў-умтылыслары, қәбилетин жүзеге шығарыў алып барылып атырған мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли ҳәм баслы жөнелиси болып, бул жолда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Әзиз жаслар!

Оқыў-үйрениў, турақлы излениў, илимге, раўажланыў шыңларын ийелеўге умтылып жасаў барқулла жолдасыңыз болсын.

Сизлерди бүгинги байрам менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге жаңа шеклер, бахыт ҳәм әўмет тилеп қаламыз.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Бүгинги күнде Тахтакөпир районында пенсия ҳәм напақа алыўшылардың улыўма саны 5 286 пуқараны қурайды.

Соннан ПЕНСИЯ алыўшылар саны:
- 4 579;

НАПАҚА алыўшылар саны:
- 707 ни қурамақта.

➡️ Сондай-ақ, 2023-жылдың 1-июнь жағдайына көре:

📌 - жасқа тийисли пенсия алыўшылар -
3 465 пуқара;

📌 - майыплық пенсиясын алыўшылар - 746 пуқара;

📌 - бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын алыўшылар - 368 пуқараны қурайды.

➡️ Тайынланған напақалар бойынша:

📌 - пенсия жасына жеткен ер адамлар ҳәм ҳаяллар - 58 пуқара;

📌 - балалықтан майыплығы болған перзентли аналар - 19 пуқара;

📌 - жумыс стажы жоқ I-II-топар майыплығы бар пуқаралар- 86;

📌 - бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар - 78;

📌 - 18 жастан үлкен I-II-группа балалықтан майыплығы бар пуқаралар - 218;

📌 - 18 жасқа шекем майыплығы бар балалар - 185;

📌 - 18 жасқа шекем майыплығы бар перзентти бағып атырған әке (ана ) - 63 пуқара.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Жаслар күни мүнәсибети менен елимиздеги бир қанша белсенди жаслар Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен "Келaжак бунёдкори" медалы менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Мамбетярова Улбосын Мусатдин қызы - Қоңырат районы "Мыңжарған" Мәкан пуқаралар жыйыны Жаслар жетекшиси

Ниязимбетов Шерзод Кадиримбетович - Нөкис районындағы "Biogumus" фермер хожалығы баслығы.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ўзбекистон ёшларига байрам табриги

Праздничное поздравление молодежи Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар еле де даўам еттириледи

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районының белсенди ҳаяллары менен ушырасты.

Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген болып, усы тийкарда оларға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлер берилген. Билимлендириў, мәденият, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардағы, сондай-ақ, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды материаллық, руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша да нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.

Айтып өтиў орынлы, ҳаял-қызлардың жәмийет турмысында әҳмийетли өзгерислер ҳәм жүз берип атырған жаңаланыўларда үлеси салмақлы болмақта.

Олардың машқалаларына шешим табыў бағдарында ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша жаңа система жаратылды ҳәмде ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлар белсендилери өз жумысларын баслады. Мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилериниң усыныслары тийкарында бүгинги күнде 41 түрдеги жәрдемлер көрсетилиў әмелиятқа енгизилген.

Булардың барлығы шаңарағымыздың уйытқысы, үйимиздиң пайызы, жәмийетимиздиң гүлтажы есапланған ҳаял-қызлардың бүгинги турмысынан разылығы жолында әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, жәмийетимиздеги турақлылықты тәмийинлеў бойынша халқымызға тән кеңпейиллилик пенен миллетлер аралық татыўлықты тәмийинлеў, дослық ҳәм татыўлықты еле де беккемлеў мәселелери сөз етилди.

Өз орнында район белсенди ҳаяллары елимизде алып барылып атырған әдил сиясаттан миннетдар екенликлерин билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter