Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.15K subscribers
36.2K photos
4.38K videos
29 files
16.2K links
Download Telegram
Тахтакөпир районы «Айдын жол» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 2-санлы мектепте район ҳәкиминиӊ орынбасары, Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназарова ҳәм район прокурорының аға жәрдемшиси Ерсултан Адиловлар тәрепинен ҳаял-қызлардың мүрәжатларын, пикир ҳәм усынысларын тыңлаў ҳәм де машқалаларына шешим табыў мақсетинде қабыллаў өткерилди.

Толық оқыў ушын
https://taxtakopir.uz/4816.html

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
⚡️Жас өспирим суўға мантығып набыт болды

⚡️Усы жылдың 10-июнь сәнесинде Нөкис қаласы «Жийдели байсун» МПЖ аймағында 2015-жыл туўылған жас өспирим Т.А.ның суўға ығып набыт болған денеси табылды.

⚡️Мағлыўматларға көре жас өспирим өзи менен қатар достысы менен, ата-анасының қадағалаўысыз каналға шомылыўға барып, суўға ығып кеткен.

⚡️2023-жылдың январь айынан баслап бундай бахытсыз ҳәдейселердың қурбанлары саны 6 пуқараға жеткен.

⚡️Ҳүрметли ата-аналар, перзентлериңизди қараўсыз қалдырмаң!

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
ФОТОРЕПОРТАЖ

Арал теӊизи ҳәм Үстирт тегислигиниӊ пейзажлары сырт елли фото ҳәўескерлерде барған сайын
қызығыўшылық оятпақта

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Жаслар_айлығы
#Жаңа_Өзбекстан_жаслар_мәмлекети

Жаслар айлығы шеңберинде «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында өткерилген руўхый-ағартыўшылық илажлар «Жаңалықлар» бағдарламасында.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Президент топшириғи амалда: “Белтау” овулининг замонавий қиёфаси

📍https://uza.uz/posts/491768

🔻Ўзбекистоннинг ягона расмий ахборот агентлиги

Тelegram | Facebook | Instagram | You Tubе
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
📣БИЗДЕ ГАЛА КОНЦЕРТ!

Концерт 11-июнь күни саат 19:00 де "Дәўқара" стадионында басланады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
​​Қарақалпақстан халқын медициналық көриктен өткериў ушын "Саламатлық поезди" жолға шықты

Денсаўлықты сақлаў министрлиги "Өзбекстан темир жоллары" АЖ ҳәм “Саламат әўлад ушын” халықаралық қайырқомлық фонды менен биргеликте және бир саламатлық акциясына старт берди.

Бүгин жоқарыдағы жуўапкер шөлкемлердиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасына "Саламатлық поезди" жолға шықты.

Бул акция арқалы Аралбойы регионының ҳаўа жоллары тармақлары жоқ болған ҳәм автомобиллер ҳәрекети ушын шәраятлары жеткиликли болмаған узақ аймақлардың турғынларын медициналық көриктен өткериў, оларға керекли болған дәри-дармақлар ҳәм медициналық керекли затларды жеткериў мақсет етилген.

"Саламатлық поезди"не 1,5 миллиард сум муғдарындағы 5 тоннадан аслам дәри-дармақлар ҳәм медициналық затлар жүкленген болып, олар арасында профилактика мақсетинде қабыл етилетуғын витаминлар, микроэлементлер ҳәм де кардиологиялық, эндокринологиялық дәри-дәрмақлар, соның менен бирге жеке гигиена қураллары бар.

Бул поездлерде аймақларға жол алған Республика қәнигелестирилген медицина орайларының жәми 200 ден аслам маман қәнигелери халықты тереңлестирилген медициналық көриктен өткереди.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
​​Қарақалпақстан халқын медициналық тексериўден өткериў ушын "Саламатлық поезди" шеңберинде пуқараларды қабыллаў күнлери

Республикамыз бойынша өткерилген көшпели қабыллаўларда билдирилген көпшилик мүрәжәтларға тийкар ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен ең шетки аймақлардағы пуқаралардыңда саламатлығын медициналық тексериўден өткериў мақсетинде "Саламатлық поезди" жолға шықты.

Акцияның биринши топарында Фтизиатр, Травматолог-ортопед, Врач Реабилитолог, Эндокринолог, Цитолог, Уролог, Нейрохирург, ЭХОКГ шыпакери, нефролог, Хирург сыяқлы врачлар Нөкис қаласы пуқаралары ушын 11-12-июнь күнлери, Нөкис районы пуқаралары ушын 13-14-июнь күнлери хызмет көрсетеди.

Сондай-ақ, екинши топарда Врач фтизиатр, Травматолог-ортопед, Радиология, Уролог, сосудистый хирург, кардиолог, нефролог, ириңли хирург, уролог врачлары Кегейли районы пуқаралары ушын 11-12-июнь күнлери, Бозатаў районы пуқаралары ушын 13-14-июнь күнлери хызмет көрсетеди.

Үшинши топарда Фтизиатр, офталмолог, Хирург, эндоваскулярный хирург, балалар ортопеди сыяқлы жөнелислерде Төрткүл районы пуқаралары ушын 11-12-июнь күнлери, Елликқала районы пуқаралары ушын 13-14-июнь күнлери хызмет көрсетеди.

Төртинши топарда Пульмонолог, гематолог,  офталмолог, Невропотолог, Онколог, Балалар хирурги, абдоминальный хирург, Акушер-гинеколог, Ангиохирург, Инфекционист, нейрохирург, балалар ортопеди сыяқлы врачлары тексериўинен Беруний районы пуқаралары 11-12-июнь күнлери, Әмиўдәря районы пуқаралары 13-14-июнь күнлери өтсе болады.

Бесинши топарда Врач гематолог, Врач  офталмолог, Невропотолог, Онколог, Болалар хирурги, Дерматолог, Акушер-гинеколог, Ангиохирург, Инфекционист , хирург, балалар ортопеди сыяқлы врачлар Мойнақ районы пуқаралары 11-12-июнь күнлери, Қоңырат районы пуқаралары 13-14-июнь күнлери медициналық тексериўден өткериледи.

Алтыншы топарда Врач нарколог, Врач гематолог, Педиатр, Гематолог, Дерматолог, Акушер-гинеколог, Эпидемиолог, уролог, Педиатрия врачлары Қанлыкөл районы пуқараларын 11-12-июнь күнлери, Шоманай районы пуқараларын 13-14-июнь күнлери медициналық тексериўден өткереди.

Жетинши топарда Врач Кардиолог, Балалар эндокринологи, Торокал онколог, Нейрохирург, Дерматолог, Аллерголог, Педиатрия врачлары Хожели районы пуқараларын 11-12-июнь күнлери, Тақыятас районы пуқараларын 13-14-июнь күнлери медициналық тексериўден өткереди.

Сегизинши топарда Травматолог-ортопед, Врач Ревматолог, Эндокринолог, Уролог, Нейрохирург, интервенцион кардиолог, Ревматолог, нейрохирург, Педиатрия врачлары Қараөзек районы пуқараларын 11-12-июнь күнлери, Шымбай, Тахтакөпир районы пуқараларын 13-14-июнь күнлери медициналық тексериўден өткереди.

Арнаўлы қәниге врачлар тийислилигинше Нөкис қаласындағы республикалық барлық медицина бирлеспелери филиалларында ҳәм орайларында, районларда районлық көп тармақлы медицина бирлеспелеринде белгиленген күн даўамында тексериўден өтиўди қәлеўшилердиң ең ақырғысын медициналық тексериўден өткергенге шекем пуқараларды қабыллайды.

Буннан тысқары, үй шараятында емленип атырған наўқасларды орнына барып тексериўден өткереди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болы
ў: @joqargikenes
⚡️“Bes baslama olimpiadası”nıń Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshı juwmaqlandı. Qaysı aymaq neshinshi orında

🔹Birneshe kúnnen beri dawam etip atırǵan Olimpiadanıń Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshı óz juwmaǵına jetti. Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshında barlıq aymaqlardan eń kúshli dep tabılǵan 2074 jaslar qatnastı.

🔹Olimpiada sheńberinde ótkerilgen sport jarısları, tańlawlar (“Kásipler tańlawı”) juwmaǵı menen reyting nátiyjeleri járiyalanbaqta.

📊Nókis qalası, Ámiwdárya
hám Qońırat rayonı kúshli úshlikke kirgen bolsa, Moynaq rayonı kúshli onlıqtı juwmaqlap berdi.

Barlıq jeńimpazlardı jetiskenlikleri menen qutlıqlaymız hám Respublika basqıshında áwmet yar bolıwın tileymiz!💐💐💐

📲Telegram | Instagram | You Tube | Facebook
#Гала_концерт
#Эстрада_жулдызлары

Усы жылдың 11-июнь күни Тахтакөпир районындағы  «Дәўқара» стадионында  «Ózbekkoncert» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен эстрада жулдызларының қатнасыўындағы «Гала концерт» бағдарламасы қосық сүйер халқымыздың нәзерине усынылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press