Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.36K subscribers
36.7K photos
4.45K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
#Жаслар_айлығы
#Жаңа_Өзбекстан_жаслар_мәмлекети

Сектор баслықлары ҳәм жаслар ушырасыўы болып өтти

Бүгин, 5-июнь күни Тахтакөпир районы Мәденият бөлиминде район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм сектор баслықлары қатнасыўында «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында «Сектор баслықлары ҳәм жаслар ушырасыўы» болып өтти.

Болып өткен ушырасыўға спорт, мәденият, көркем-өнер, исбилерменлик ҳәм басқа да тараўларында жетискенликлерге ерисип атырған ҳәм де жәмлеспеген жаслар қатнасты.

Ушырасыў даўамында сектор баслықлары тәрепинен мәмлекетимизде жасларға қаратылып атырған үлкен итибар, жаратылып берилип атырған шараятлар ҳәм ҳәр бир жас булардан үнемли пайдаланыўлары керек екенлиги айтып өтилди. Өз гезегинде жаслар да өзлериниң машқала ҳәм усыныслары менен бөлисип, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниӊ мәлимле хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жаслар_айлығы
#Жаңа_Өзбекстан_жаслар_мәмлекети

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тахтакөпир районлық бөлими жанынан дүзилген "Жас дөретиўшилер" клубының бас координаторы Наргиза Рамбергенова.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниӊ мәлимле хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
​​❗️Кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары ушын напақа ҳәм материаллық жәрдем қалай тайынланады?

🔰 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 21-октябрьдеги 654-санлы қарарының 1-қосымшасы менен тастыйықланған реже талапларына тийкар, кем тәмийнленген шаңарақларды анықлаў ҳәмде балалар напақасы менен материаллық жәрдемди тайынлаў ҳәм төлеў ҳаққындағы қарарлар «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы қәлиплестириледи ҳәм қабыл етиледи.

📍Балалар напақасы шаңарақтағы балалар санынан келип шығып тайынланады.

📌 Шаңарақты кем тәмийинленген деп тән алыў ҳәм оларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемди тайынлаў шәртлери

Шаңарақтың:

2021-жылдың 1 сентябрь сәнесинен —ҳәр бир ағзасына жәми бир айлық орташа дәрәмат 440 мың сумнан аспағанда;

2022-жылдан баслап — ҳәр бир ағзасына жәми бир айлық орташа дәрәмат минимал тутыныў қәрежетлери муғдарынан аспағанда кем тәмийинленген деп тән алынады.

Балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем шаңарақ ағзаларының усынған арзаларына тийкар «Бирден-бир реестр» арқалы кем тәмийинленген шаңарақ деп тән алынғаннан кейин тайынланады.

«Бирден-бир реестр» арқалы кем тәмийинленген деп тән алынған шаңарақлар (шахслар) қосымша ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды усынбастан, нызамшылық ҳүжжетлеринде усы категориядағы шаңарақлар (шахслар)ға белгиленген тәртипте бийпул ямаса жеңилликли шәртлерде көрсетилетуғын социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлерден пайдаланыўға ҳақылы болып табылады.

Бунда нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген хызметлерден пайдаланыў ҳәм жеңилликлерди алыў ушын «Бирден-бир реестр» арқалы кем тәмийинленген деп тән алынған шаңарақ (шахс)қа Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы 3 минут ишинде бул мағлыўматнама усынылады.

Усы мағлыўматнама «Бирден-бир реестр» арқалы кем тәмийинленген деп тән алынған айдан баслап он еки ай даўамында әмел етеди.

Мағлыўматнама берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы өндирилмейди.

Балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем арза бериўши мүрәжат еткен айдан кейинги айдан баслап төленеди.

Әдиллик министрлиги қәнигесиниң жуўабы


Каналға ағза болы
ў: @joqargikenes
Кириў имтиханлары күнниң қайсы бөлегинде өткерилиўи мәлим етилди

◼️1-сменада саат 08:00 ден, 2-сменада болса 15:00 ден басланыўы режелестирилген. Имтихан жабық имаратта өтип атырғаны себепли имтиханларды өткен жылғыдай күнниң кешки бөлегинде 19:00 де баслаўға мүтәжлик жоқ.

❗️3 жыллық тәнепистен кейин тест сынаўлары және жабық имаратта өткерилип атыр.

Имтихан ушын 92 үлкен сыйымлықтағы жабық имарат таңлап алынған. Бир сменада 44 мың абитуриент тестте қатнасады.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!

2023-2024-жыл гүз-қыс мәўсиминде тутыныўшыларды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде Нөкис қаласындағы Тақыятас ыссылық электр станциясынан шығыўшы жоқары кернеўли 110 кВлы «Нөкис-2» ҳаўа электр узатыў тармағында ири оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы Республикамыздың Нөкис қаласы, Нөкис, Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳǝм Тахтакөпир районларының айырым аймақларында График тийкарында 2023-жыл 31-майдан 9-июнь сǝнелери аралығында электр энергиясы тәмийнатында үзилислер жүз беретуғынлығын мәлимлеймиз.

«Ҳудудий электр тармоқлари» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Хабарландырыў!

Усы жылдың 6-июнь күни саат 16:00де «Атакөл» АПЖ аймағындағы 8-санлы мектепте Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адилов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша нәўбеттеги көшпели қабыллаўы өткерилетуғынлығын хабарлаймыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Хабар_бағдарламасы

Президентимиздиң тапсырмасы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги «Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социал-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновацион технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинленгенлик дәрежесин және де жақсылаў арқалы халықтың пәраўанлығын арттырыўдың қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы 500-санлы қарары тийкарында Тахтакөпир районы аймағындағы топырақ жолларды қум-щебен араласпалы жолларға өткериў илажлары «Хабар» бағдарламасында.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Ашық сәўбет өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-апрель күнги ПҚ-117 санлы қарары менен тастыйықланған «Басламалы бюджет процессин еле де раўажландырыў бойынша ис-илажлар режеси»не муўапық тийисли тараў басшыларының қатнасыўында ашық сәўбет өткерилди.

Онда усы жылдың 15-майынан 15-июньға шекем аймақларда пуқаралар ҳәм де жәмийетлик шөлкемлерден ашық бюджет системасын раўажланырыў бойынша усынысларды жыйнаў көрсетилип өтилген еди.

Сол себепли Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында қатнасыўшылардан ашық бюджет системасын раўажландырыў бойынша усынысларды жыйнаў ҳәм де оларды додалап барыў бойынша усыныс пикирлери тыңланды.

Ашық сәўбет қатнасыўшылардың сораў жуўаплары менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Жазирамадан қандай ҳимояланишни биласизми?

— Энг аввало, кўчага чиқаётганда очиқ рангли табиий матолардан тикилган енгил либос кийиш, иссиқдан сақлайдиган бош кийим, кўзойнак ва соябонлардан фойдаланиш мақсадга мувофиқ.

— Шунингдек, имкон қадар ёғли, дудланган таомларни истеъмол қилмаслик, тез бузиладиган овқатлардан эҳтиёт бўлиш керак.

— Танада сув балансини ушлаб туриш учун кунига ўртача 2-3 литр суюқлик (совитилган кўк чой, газсиз минерал сув, мевали, кам ёғли сутли ичимликлар, қуритилган меваларнинг қайнатмалари) ичиш тавсия этилади.
Газланган, энергетик ва алкоголь ичимликлар, қаҳва истеъмол қилиш мумкин эмас.

— Кун давомида илиқ душ қабул қилиш, вақти-вақти билан баданни совуқ сувда намланган дастрўмол билан артиб туриш ҳам танани ҳаддан зиёд қизиб кетишдан сақлайди.

— Қолаверса, жазирама пайти имкон қадар тўғридан-тўғри қуёш нури тушадиган жойда жисмоний меҳнат билан шуғулланмаслик тавсия этилади.

Тахтакўпир тумани ҳокимлигининг матбуот хизмати
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Жаслар_айлығы
#Жаңа_Өзбекстан_ жаслары_бирлесейик

Жаслар айлығы шеңберинде «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик» ураны астында районымыздағы 1-санлы мектепте мәҳәллелердеги 18-30 жас аралығындағы жаслар арасында спорттың волейбол түринен жарыс өткерилди.

Жарыс нәтийжесине көре:

🥇1- орынды «Тахтакөпир» ППЖ жаслары;
🥈2-орынды «Дәўқара» АПЖ жаслары;
🥉3-орынды «Айдын жол» МПЖ жаслары жеңип алыўға мияссар болды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Көшпели_қабыллаў

«Атакөл» АПЖда көшпели қабыллаў болып өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адилов, секторға қараслы «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 8-санлы мектепте аймақ турғынлары менен ушырасып, олардың мүрәжатларын, пикир ҳәм усынысларын тыңлаў ҳәм де машқалаларына шешим табыў мақсетинде гезектеги көшпели қабыллаўын өткерди.

Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен, электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суў мәселелери ҳәм басқа да түрли турмыслық машқалалары тыңланды.

Қабыллаў даўамында айырым мәселелер сол орынның өзинде өз шешимин тапқан болса, шешилиўи ушын қосымша үйренилиў ҳәм ўақыт талап ететуғын мәселелер бойынша тараў қәнийгелерине анық тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press