Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
7.66K subscribers
39.8K photos
4.85K videos
31 files
17.5K links
Download Telegram
#online
#Жаслар_айлығы
#Жаңа_Өзбекстан_жаслар_мәмлекети

Республикадан бириктирилген үгит-нәсият топары ағзаларыныӊ кейинги мәнзили районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеби болды.

Мектепте «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында өткерилип атырған «Заковат» интеллектуал ойынына, үгит-нәсият топары ағзалары «Мәрифат» командасы атынан қатнасып, өзлериниӊ билим дәрежелерин жаслар менен бөлисти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниӊ мәлимле хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Жаслар_айлығы
#Жаңа_Өзбекстан_жаслар_мәмлекети

Сектор баслықлары ҳәм жаслар ушырасыўы болып өтти

Бүгин, 5-июнь күни Тахтакөпир районы Мәденият бөлиминде район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм сектор баслықлары қатнасыўында «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында «Сектор баслықлары ҳәм жаслар ушырасыўы» болып өтти.

Болып өткен ушырасыўға спорт, мәденият, көркем-өнер, исбилерменлик ҳәм басқа да тараўларында жетискенликлерге ерисип атырған ҳәм де жәмлеспеген жаслар қатнасты.

Ушырасыў даўамында сектор баслықлары тәрепинен мәмлекетимизде жасларға қаратылып атырған үлкен итибар, жаратылып берилип атырған шараятлар ҳәм ҳәр бир жас булардан үнемли пайдаланыўлары керек екенлиги айтып өтилди. Өз гезегинде жаслар да өзлериниң машқала ҳәм усыныслары менен бөлисип, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниӊ мәлимле хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жаслар_айлығы
#Жаңа_Өзбекстан_жаслар_мәмлекети

Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Тахтакөпир районлық бөлими жанынан дүзилген "Жас дөретиўшилер" клубының бас координаторы Наргиза Рамбергенова.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниӊ мәлимле хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
​​❗️Кем тәмийинленген шаңарақлардың балалары ушын напақа ҳәм материаллық жәрдем қалай тайынланады?

🔰 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 21-октябрьдеги 654-санлы қарарының 1-қосымшасы менен тастыйықланған реже талапларына тийкар, кем тәмийнленген шаңарақларды анықлаў ҳәмде балалар напақасы менен материаллық жәрдемди тайынлаў ҳәм төлеў ҳаққындағы қарарлар «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы қәлиплестириледи ҳәм қабыл етиледи.

📍Балалар напақасы шаңарақтағы балалар санынан келип шығып тайынланады.

📌 Шаңарақты кем тәмийинленген деп тән алыў ҳәм оларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемди тайынлаў шәртлери

Шаңарақтың:

2021-жылдың 1 сентябрь сәнесинен —ҳәр бир ағзасына жәми бир айлық орташа дәрәмат 440 мың сумнан аспағанда;

2022-жылдан баслап — ҳәр бир ағзасына жәми бир айлық орташа дәрәмат минимал тутыныў қәрежетлери муғдарынан аспағанда кем тәмийинленген деп тән алынады.

Балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем шаңарақ ағзаларының усынған арзаларына тийкар «Бирден-бир реестр» арқалы кем тәмийинленген шаңарақ деп тән алынғаннан кейин тайынланады.

«Бирден-бир реестр» арқалы кем тәмийинленген деп тән алынған шаңарақлар (шахслар) қосымша ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды усынбастан, нызамшылық ҳүжжетлеринде усы категориядағы шаңарақлар (шахслар)ға белгиленген тәртипте бийпул ямаса жеңилликли шәртлерде көрсетилетуғын социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлерден пайдаланыўға ҳақылы болып табылады.

Бунда нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген хызметлерден пайдаланыў ҳәм жеңилликлерди алыў ушын «Бирден-бир реестр» арқалы кем тәмийинленген деп тән алынған шаңарақ (шахс)қа Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы арқалы 3 минут ишинде бул мағлыўматнама усынылады.

Усы мағлыўматнама «Бирден-бир реестр» арқалы кем тәмийинленген деп тән алынған айдан баслап он еки ай даўамында әмел етеди.

Мағлыўматнама берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы өндирилмейди.

Балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем арза бериўши мүрәжат еткен айдан кейинги айдан баслап төленеди.

Әдиллик министрлиги қәнигесиниң жуўабы


Каналға ағза болы
ў: @joqargikenes
Кириў имтиханлары күнниң қайсы бөлегинде өткерилиўи мәлим етилди

◼️1-сменада саат 08:00 ден, 2-сменада болса 15:00 ден басланыўы режелестирилген. Имтихан жабық имаратта өтип атырғаны себепли имтиханларды өткен жылғыдай күнниң кешки бөлегинде 19:00 де баслаўға мүтәжлик жоқ.

❗️3 жыллық тәнепистен кейин тест сынаўлары және жабық имаратта өткерилип атыр.

Имтихан ушын 92 үлкен сыйымлықтағы жабық имарат таңлап алынған. Бир сменада 44 мың абитуриент тестте қатнасады.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!

2023-2024-жыл гүз-қыс мәўсиминде тутыныўшыларды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде Нөкис қаласындағы Тақыятас ыссылық электр станциясынан шығыўшы жоқары кернеўли 110 кВлы «Нөкис-2» ҳаўа электр узатыў тармағында ири оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы Республикамыздың Нөкис қаласы, Нөкис, Кегейли, Шымбай, Қараөзек ҳǝм Тахтакөпир районларының айырым аймақларында График тийкарында 2023-жыл 31-майдан 9-июнь сǝнелери аралығында электр энергиясы тәмийнатында үзилислер жүз беретуғынлығын мәлимлеймиз.

«Ҳудудий электр тармоқлари» АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Хабарландырыў!

Усы жылдың 6-июнь күни саат 16:00де «Атакөл» АПЖ аймағындағы 8-санлы мектепте Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адилов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў бойынша нәўбеттеги көшпели қабыллаўы өткерилетуғынлығын хабарлаймыз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети

КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press