Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.09K subscribers
36K photos
4.37K videos
29 files
16.1K links
Download Telegram
Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз

Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынындағы аймақ турғынлары ҳәм ўатан алдындағы хызметин өтеп атырған әскерлер ушын «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында мәдений илаж шөлкемлестирилди.

Мәдений илаж кешеси Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими қосыкшы ҳәм ойыншылары ҳәм де Тахтакөпир районы Мәденият бөлими тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламалары, ойын заўықлары менен даўам етти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#Көшпели_қабыллаў

«Дәўир» МПЖда көшпели қабыллаў болып өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адилов, секторға қараслы «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 4-санлы мектепте аймақ турғынлары менен ушырасып, олардың мүрәжатларын, пикир ҳәм усынысларын тыңлаў ҳәм машқалаларына шешим табыў мақсетинде гезектеги көшпели қабыллаўын өткерди.

Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен медициналық жәрдем, электр энергиясы, ишимлик суў, турақ жай менен тәмийинлеў мәселелери ҳәм басқа да түрли турмыслық машқалалары тыңланды.

Қабыллаў даўамында айырым мәселелер сол орынның өзинде өз шешимин тапқан болса, шешилиўи ушын қосымша үйренилиў ҳәм ўақыт талап ететуғын мәселелер бойынша тараў қәнийгелерине анық тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Дүньяға белгили Эрмитаж музейинде Шымбайлы өнерментлердиӊ фотосуўретлери көргизбеге қойылды

Толық оқыў
👉 https://karakalpakstan.travel/news-532/?lang=qr

👉 t.iss.one/turizm_kr

Karakalpakstan.travel|Telegram|Facebook|Instagram|YouTube|
❗️Қарақалпақстан Республикасында вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәрияланды

🔷 Аўыл хожалығы министрлиги:

▫️ Министрдиӊ азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм де аўыл хожалығында экономикалық реформалар мәселелери бойынша орынбасары;

▫️ Шоманай районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы;

▫️ Тахтакөпир районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы баслығы;

▫️ Беруний районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы баслығы;

▫️ Нөкис районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы жетекши қәнигеси;

▫️ Мойнақ районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы баслығы;

▫️ Мойнақ районы Аўыл хожалығы бөлими: Жер дүзиў ҳәм мониторинг секторы жетекши қәнигеси.

❗️Aрзалар 03.06.2023-жыл саат 23:59 ға шекем қабыл етиледи.


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Shımbay, Qaraózek hám de Taxtakópir rayonları turǵınları, mekeme, kárxana, shólkem basshıları dıqqatına!

Shımbay rayonı aymaǵında jaylasqan «Shımbay» avtomatlastirilg’an gaz bólistiriw stanciyasınnan shıǵıwshı diametri-426 mm jer astı magistral joqarı basım gaz tarmaǵında ońlaw jumısları isleniwine baylanıslı 2023-jildiń 31-may kuni saat 06:00 den saat 18:00 ge shekem Shımbay, Qaraózek hám Taxtakópir rayonları tutınıwshılarınıń tábiyǵıy gaz támiynatı waqtınsha toqtatılatuǵınlıǵın xabarlaymız.

Tutınıwshılardan tábiyǵıy gazdi óshirip hám qayta jalǵaǵan waqıtlarda texnika qaǵıydalarına ámel etiwińizdi soraymız.

«Hududgaz Qoraqalpoǵiston» gaz támiynatı filialı ma’limleme xızmeti

KANALǴA AǴZA BOLÍW:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
🏬 Үй-жай ушын субсидия берилген пуқаралардың ипотека кредитлери ҳәм олардың процентлери ушын бағдарланған ис ҳақы ҳәм басқа дәраматлары дәрамат салығына тартылмаўы белгиленген.

📌 Усы жеңилликли қарызды алыўшы ҳәм бирге қарыз алыўшылар дәраматының бир салық дәўиринде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 80 есесинен аспаған бөлегине енгизиледи.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
⚡️Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жоқары мағлыўматлы педагог хызметкерлериниң ис ҳақысы асырылады

❗️2023-жыл 1-июннан баслап
улыўма орта билим бериў мекемелериниң бюджеттен тысқары қорлары қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша белгиленген тәртип мектепке шекемгы билимлендириў шөлкемлери ҳәм қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери ушын да қолланылады;

❗️2024-жыл 1-январьдан баслап орайластырылған финанс-бухгалтерия хизмети хизметкерлериниң базалық тариф ставка муғдарлары 1,5 пайызға асырылады;

❗️2024-жыл 1-июннан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жоқары мағлыўматлы педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары улыўма орта билим бериў мәкемелериниң тийисли педагог хизметкерлери базалық тариф ставкаларының әмелдеги муғдарларына теңлестириледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter