Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
6.43K subscribers
36.7K photos
4.45K videos
29 files
16.4K links
Download Telegram
#Көшпели_қабыллаў

«Дәўир» МПЖда көшпели қабыллаў болып өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкими, 1-сектор баслығы Ж.Адилов тәрепинен секторға қараслы «Дәўир» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 4-санлы мектепте районлық Халық қабыллаўханасы баслығы Б.Сәрсенбаев пенен биргеликте аймақ турғынлары менен ушырасып, гезектеги көшпели қабыллаўын өткерди.

Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен медициналық жәрдем, түрақ жайын оңлаў, ишимлик суў, тәбийий газ мәселелери ҳәм түрли турмыслық машқалалары тыңланды.

Қабыллаў даўамында айырым мәселелер сол орынның өзинде өз шешимин тапқан болса, шешилиўи ушын қосымша үйренилиў ҳәм ўақыт талап ететуғын мәселелер бойынша тараў қәнийгелерине анық тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
e-auksion.uz платформасы арқалы 3909 дан артық көшпели саўда жерлерин ижараға алыӊ!

🟢
Нөкис қаласы 932 (қараңыз)
🟢 Әмиўдәрья районы 189 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 123 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 134 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 216 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 189 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 219 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 177 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 194 (қараңыз)
🟢 Нөкис районы 193 (қараңыз)
🟢 Тақыятас районы 226 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 193 (қараңыз)
🟢 Төрткүл районы 184 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 257 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 243 (қараңыз)
🟢 Шоманай районы 167 (қараңыз)
🟢 Елликқала районы 73 (қараңыз)

e-auksion.uz

Дерек:
https://t.iss.one/onlineauksionuz

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Шаңарақлық исбилерменлик ушын берилетуғын жеңилликли кредитлердиң муғдары асырылады:

2023-жылда:

- исбилерменлер искерлигин кеңейтиў ушын кредит муғдары 225 млн сумнан 300 млн сумға шекем асырылады;

- дийқан хожалықларына берилетуғын гиреўсиз кредит муғдары 50 млн сумға шекем асырылады (алдын 33 млн сум еди);

- алдын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде кредит алып, жақсы нәтийже көрсеткен исбилерменлер бул бағдарламалар шеңберинде және жеңилликли кредит алыўы мүмкин болады (алдын тек бир рет алыў мүмкин еди);

- кредитлердиң бир бөлегин пластик картаға алыўға рухсат бериледи.

2023-жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасына 12 триллион сум бериледи (2022-жылда дерлик 10 триллион сум.) Президент тәрепинен жақында қол қойылған қарарға муўапық, шаңарақлық исбилерменликке қосымша 300 миллион доллар ажыратылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Бүгин бизлер Қарақалпақстанлы ҳаялларға тәжим етемиз. Шырайлы, күшли - бул мәканды сақлайтуғын ҳәм қорғайтуғын ҳаяллар.

"Salty Lives" қысқа метражлы фильмди жаратыў ушын Aral Dream ең жақсы дөретиўшилик күшлерди жыйнады. Бизлердиң мақсетимиз бир - Қарақалпақстанды дүньяға танытыў. Бул әжайып жер ҳәм оның әжайып адамлары ҳаққында бәлент даўыста ҳәм барлық жерде айтыўы ушын.

Бунда көркем өнер бизге жәрдем береди. Бул бизлердиң кейинги жумысымыз - “Ertangi Kun” клипин ҳәм "Shorxok" қысқа метражлы фильмин сизлер әлле қашан тамаша еттиңиз деп ойлайман. Сизлер де бизлер сыяқлы Қарақалпақстанға болған муҳаббат сезимин сезинесиз, деп үмит етемен .

Жойбарды әмелге асырыўда қоллап-қуўатлағаны ушын Қарақалпақстан Республикасының Жоқарғы Кеңесине Aral Dream өз миннетдаршылығын билдиреди.

@krmakarenko
📃 Мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлериниң оқыў курсларында жаслардың информация технологиялары тараўында оқыўы ушын тәлим кредитин ажыратыў системасы жолға қойылған.

Бунда тәлим кредитлери:

🔹 Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында;

🔹 БЕМның 65 есесине шекем 1 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 4 жыл мүддетке ажыратылады;

🔹 Кредит алыўшының турақлы дәрамат дерегине ийе болған шаңарақ ағзалары ҳәм басқа үшинши шахслар биргеликте қарыз алыўшы сыпатында қатнасыўына рухсат етиледи;

🔹 “Социаллық қорғаўдың бирден бир реестри”не кирген шаңарақлар перзентлери ушын тәлим кредити алыўда гиреў ҳәм кепиллик талап етилмейди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
🏗 2023-жылдың январь-март айларында Қарақалпақстан Республикасында жәми 984,8 млрд. сумлық қурылыс жумыслары орынланды.

Қурылыс жумыслары көлеми ири қурылыс кәрханалары, киши кәрхана ҳәм микрофирмалар ҳәмде рәсмий болмаған секторларда әмелге асырылған жумыслар қурамы бойынша қәлиплеседи:

Киши кәрхана ҳәм микрофирмалар – 730,5 млрд. сум (74,2%)
Рәсмий болмаған сектор – 204,2 млрд. сум (20,7%)
Ири қурылыс кәрханалары – 50,1 млрд. сум (5,1%)

Республикада экономикалық хызмет түрлери бойынша қурылыс жумыслары үлеси:

Жай ҳәм имәратларды қурыў – 59,2%
Пуқаралық объектлерин қурыў – 28,2%
Қәнигелестирилген қурылыс жумыслары – 12,6%


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Өзбекстан Президенти Россияның жетекши ислеп шығарыўшылары менен санаат кооперациясын еле де тереңлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти

Ўзбекистон Президенти Россиянинг етакчи ишлаб чиқарувчилари билан саноат кооперациясини янада чуқурлаштириш муҳимлигини таъкидлади

Президент Узбекистана отметил важность дальнейшего углубления промышленной кооперации с ведущими российскими производителями


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Түркменстан менен суў хожалығы бойынша бир қатар мәселелер додаланды

Өзбек-түркмен ҳүкиметлераралық қоспа комиссиясының мәжилисинде Түркменстан аймағында жайласқан Өзбекстан суў хожалығы объектлерине хызмет көрсететуғын жумысшылар ушын «Вахта» режимин бийкарлаў ҳәм «Таллимаржан-Таллымерджен» ҳәм «Дружба-Газоджак» шегара постларының жумысын қайта тиклеў, Әмиўдәрья суў ресурсларын биргеликте басқарыў системасын ҳәм мағлыўматлар алмасыўын автоматластырыў сыяқлы мәселелер додаланды.

Буннан тысқары, Әмиўдәрья жағаларын беккемлеў ҳәм каналларын беккемлеў арқалы суўдың ысырап болыўын кемейтиў ҳәм суўдың иркинишсиз өтиў илажларын көриў, «Түйемойын гидроузелиниң Султансанжар бөгетинде суў фильтрациясына қарсы дийўал қурыў» ҳәм «Қаршы насос станцияларының каскадын капитал қайта тиклеў» (Фаза-3) жойбарлары шеңберинде тартылатуғын сырт елли қәнигелерге Түркменстан аймағына кириў визаларын бериў көрип шығылды. Көрилген мәселелер бойынша протоколға қол қойылды.

Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның гезектеги мәжилиси 2024-жылы Түркменстанның Түркменабад қаласында өткериледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
🔰 Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ушын қосымша кредитлер ажыратылады

📌 Министрлер Кабинетиниң 19.04.2023-жылдағы «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кредитлер ажыратыўды жетилистириў ҳәмде халықтың турақлы дәрамат дереклерин көбейтиўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 161-санлы қарары қабыл етилди.

📍 Президенттиң «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде халықтың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаўды жаңа басқышқа алып шығыўға тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында» 2023-жыл 31-январьдағы ПҚ-39-санлы қарарына муўапық 2023-жылда:

🔹бағдарламалар шеңберинде 2,8 трлн сум кредит қаржылары «Микрокредитбанк» АКБ, АК “Халқ банки” ҳәм “Агробанк” АКБниң өз ресурслары есабынан ажыратылады;

🔹кредитлерди жыллық 14 процент ставкада ажыратыў тәртиби сақлап қалынады.

❗️ Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерин қоллап-қуўатлаў фонды қаржылары есабынан халықтың қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўы ушын микрокредитлер муғдары 3 млн сумға шекем арттырылады. Усы микрокредитлер Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламаларының бирден-бир электрон платформасы арқалы ажыратылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Ҳәким_қабыллаўы

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабыл етиў, усыныс ҳәм пикирлерин тыӊлаў мәқсетинде гезектеги жеке қабыллаўын өткерди.

Қабыллаў даўамында пуқаралар бәнтлик, балаларына напақа алыў, үй-жай кадастры, медициналық жәрдем ҳәм басқа да түрли турмыслық машқалалары бойынша мүрәжат етти.

Айырым мүрәжатлар сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге анық тапсырмалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
#ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Усы жылдыӊ 27-апрель күни саат 10:00 де район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң гезектеги алпыс төртинши сессиясы болып өтеди. Сессия жумысына районлық Кеңес депутатлары, сектор баслықлары, сиясий партия басшылары, район ҳәкиминиң тийисли орынбасарлары менен мәкеме, кәрхана, шөлкем басшыларының қатнасыўы режелестирилген.

Сессия қатнасыўшыларын дизимге алыў 9:00 де басланатуғынлығын хабарлаймыз. Сессияны Тахтакөпир районы ҳəкимлигиниң рəсмий социаллық тармақлары арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.

https://www.facebook.com/TaxtakopirPress

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press
Белтаўда азық-аўқат өнимлери ярмаркасы

Бүгин Тахтакөпир районы орайынан алыс аймақта жайласқан «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйынында пуқараларға ҳәр тәреплеме қолайлықлар жаратыў мақсетинде район ҳәкимлиги, прокуратура, районлық Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм де «Тахтакөпир дийхан базары» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң шөлкемлестириўинде арзанластырылған баҳада көшпели азық-аўқат өнимлери ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
https://t.iss.one/Taxtakopir_press