Тахтакөпир районы ҳәкимлиги
5.86K subscribers
37K photos
4.49K videos
29 files
16.5K links
Download Telegram
«Ашық шынығыў» илажы өткерилди

Тахтакөпир районлық МШББне қараслы 4-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген 2023-жыл «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»на бағышлап «Ашық шынығыў» илажы шөлкемлестирилди.

📑Толық мағлыўмат

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/taxtakopir_hakimligi
Исбилерменлер мүрәжаты тыңланды

Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (БИЗНЕС ОМБУДСМАН) аппараты хызметкерлери ҳәм район ҳәкими Ж.Адилов пенен биргеликте район көлеминде өз шешимин таппаған машқаласы бар исбилерменлик субъектлери менен ушырасты.

Қабыллаў даўамында жәми 23 исбилерменлик субъектлери ҳәм фермер хожалықларында кредит, кадастр ҳәмде келисим шәртнамаларында жүзеге келип атырған машқалалары тыңланып, орынлаў ушын қадағалаўға алынды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/taxtakopir_hakimligi
Жоқарғы Кенес Баслығы экология мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев экология мәселелерине арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Өткерилген мәжилисте экология ҳәм тәбиятты қорғаў, аймақларды көклемзарластырыў тараўында әмелге асырылыўы тийис баслы ўазыйпалар қарап шығылды.

Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тараўда жол қойылып атырған кемшиликлерди ҳәм артта қалыўшылық жағдайларын сынға алды.

Өткерилген мәжилис даўамында жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў ҳәм бул бағдарда алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезектеги қырық биринши сессиясыныӊ ашылыўы ҳаққында

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги қырық биринши сессиясы 2023-жыл 21-февраль күни саат 11:00 де
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.

Сессия Жоқарғы Кеңестиң facebook каналы ҳәм «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирге бериледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
#Медиа_тур

Тахтакөпир районы Мәденият бөлими ҳәм де Қарақалпақстан республикасы телерадиокомпаниясы хызметкерлери менен биргеликте  "Мийрас" көрсетиўиниң нәўбеттеги репортажын таярлаў мақсетинде "Қараой" ҳәм "Белтаў" аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында болды.

Сейил даўамында "Қараой" АПЖ турғыны Өтениязова Улбийке апаның шаңарағында болып миллий тағамларымыз ҳәм миллий үрп-әдет дәстүрлеримиз ҳаққында сәўбетлести.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
https://t.iss.one/taxtakopir_hakimligi
Дыққат, хабарландырыў!

ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 7-февралдағы «ϴзбекстан Республикасы пуқараларының мүддетли әскерий хызметке нәўбеттеги шақырыўы ҳәмде белгиленген хызмет мүддетин ɵтеп болған мүддетли әскерий хызметшилерди Қураллы Күшлер резервинен босатыў ҳақкында»ғы ПҚ-47-санлы қарарына тийкар 2023-жыл март, апрель айларында пуқараларды мүддетли әскерий хызметке шақырыў ҳәм шақырыў резервине алыў илажлары басланады.

Усы мүнәсибет пенен 18 жастан 27 жасқа шекемги болған бәрше шақырылыўшы пуқаралар «Улыўма әскерий мәжбүрият ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы ϴзбекстан Республикасы Нызамына тийкар ɵзлери есапта турған Тахтакөпир районы Қорғаныў ислери бɵлимине келиўи талап етиледи.

Тахтакөпир районы Қорғаныў ислери бɵлими

https://t.iss.one/taxtakopir_hakimligi
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасына жумысқа киргизип бериў ушын пул талап еткен пуқара қолға алынды


Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме Хызмети

Каналға ағза болыў